14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиндеги «Ҳаял-қызлар қанаты» ҳәм Нөкис қалалық Кеңеси менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Халықаралық аэропортларда қәўипсизликти тәмийинлеў әскерлери Нөкис батальонында илаж шөлкемлестирилди.

Илажда Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының оқытыўшысы З.Тәңирбергенова, «Гүлимед-фарм» ЖШЖ баслығы Г.Хожамуратова ҳәм басқалар, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 30 жыллығы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни менен әскерлерди қызғын қутлықлап, мәмлекетимизде миллий армиямызға болған итибар, елимизде әскерий тараўда әмелге асырылып атырған реформалар, сондай-ақ, Ўатан қорғаўшыларының пидәкерлиги нәтийжесинде Қураллы Күшлеримиздиң қүдирети артып атырғанлығын айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, илажда Президентимиздиң «Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға белгиленген раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрман жойбары да додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.

Илажда партия тәрепинен мәмлекетимиздиң тынышлығы, халықтың абаданлығын тәмийнлеўде ислеген хызметлери ушын әскерий бөлим хызметкери А.Чепкуловаға миннетдаршылық хаты тапсырылды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги