ӨзР ИА Биоорганикалық химия институты илимпазлары тәрепинен жаратылған  «Рутан таблеткалары, 100 мг» препараты COVID-19 коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқасларды емлеў протоколына киргизилди.

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги баспасөз хызметиниң басшысы Назокат Абдуқундузова мәлим етти.

Усыныс етилген мағлыўматларға бола, енди Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен Рутан препаратын коронавирусқа шатылған наўқасларда, өткир респиратор инфекцияға байланыслы болған ҳалсызлықтың биринши белгилери пайда болғанында, шыпакердиң усынысына бола қолланыў белгиленди. Рутан препараты Rhus coriaria (Тотум) өсимлигинен  ажыратып алынған дәри препараты болып, клиникалық  сынаўлар нәтийжесине бола, грипп вирусының түрли штаммларына, сондай-ақ,  SARS-Cov-2 вирусына қарсы нәтийжели  тәсир көрсетиўи  анықланды.

Бул изертлеўлер Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен усыныс етилген грант қаржылары жәрдеминде Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Вирусология илимий-изертлеў институты тәрепинен әмелге асырылды.

Клиникалық сынаўлар нәтийжесинде Рутан дәри препаратының  100 миллиграммлық оптимал дозасы 6 жастан үлкен наўқасларда қәўипсиз қолланылыўы мүмкин екенлиги ҳәм оны күнине 2 мәрте ишиў вирустың көбейиўине тосқынлық ететуғыны, аязлаў процесслериниң алдын алыў, атап айтқанда,  өткир ҳәм атипикалық пневмонияның  пайда болыўына тосқынлық ететуғынын көрсетти. Вирустың патологиялық тәсирге  ийе болған барлық функционаллық ҳәм структуралық белокларының  пайда болыўында қатнасыўшы еки тийкарғы консерватив ферментин – 3 СL протеазасын ҳәм РНКға байланыслы РНК полимеразасын тоқтатыў белгиси ҳәм ол өсимликлерден алынған дәри қуралы екени итибарға ылайық болып есапланады. Нәтийжеде, организмде структуралық ҳәм функционаллық  белоклар пайда болмайды ҳәм инфекциялаў қәбилетине ийе болмаған жетилмеген вируслар  пайда болады.

Рутан препаратының абзаллығы оның вирусларға қарсы қолланылып атырған басқа  препаратларға қарағанда токциклик дәрежеси оғада төмен екени, емлеў нәтийжеси жоқары екенлиги ҳәм унамсыз тәсирлери жоқ екенлигинде болып есапланады.

«Рутан таблеткалары, 100 мг» препаратын қолланыў COVID-19 кеселлигиндеги аязлаў процесслериниң тийкарғы медиаторы болған С-реактив белогиниң сезилерли азайыўына алып келди ҳәм сынаў нәтийжелерине бола, емлеў топарындағы наўқаслардың ҳеш биринде оксигинация өткериў талап етилетуғын  критикалық  жағдай  раўажланыўы бақланбады.

Өзбекстан Миллий университети жанындағы Биохимия ҳәм биофизика институты менен биргеликте алып барылған излениўлер нәтийжесинде Рутан препараты күшли антигипоксиялық, мембрананы турақластырыўшы, антирадикаллық, антиоксидант белгилерге ийе екенлиги ҳәм оның терапевтлик нәтийжелилиги  вирусқа қарсы жеделлиги менен үйлескенлиги мүнәсибети  менен COVID-19 бенен кеселленген наўқасларды емлеўде препараттың нәтийжелилиги жоқары болады. Изертлеўлер Рутан 100 мг. дәри  препаратын коронавирус инфекциясы орта аўырлықта өтип атырған наўқасларға кеңнен қолланыўды усыныс етиў мүмкин екенлигин көрсетти.

Муҳайё Тошқороева, ӨзА