Жаңа жыл байрамы алдынан Нөкис районы медицина орайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Оның ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасып, жыйналғанларды Жаңа жыл байрамы ҳәм медицина орайы имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен соңғы жыллары денсаўлықты сақлаў тараўының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараўға сырт еллердиң алдыңғы тәжирибелерин енгизиў, халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиўди жетилистириўге айрықша әҳмийет берилмекте.

Қысқа ўақыттың ишинде Нөкис районы медицина орайының жаңа имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы буның айқын мысалы болып табылады. Бул объект ушын 2 гектар жер майданы ажыратылған болып, 13 миллиард сум қаржы есабынан қурылыс жумыслары алып барылды. Имаратта патология, терапия, қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў, жуқпалы кеселликлер ҳәм балалар бөлимлери жумыс баслады.

Илаж қатнасыўшылары медицина орайының жаңа имаратында жаратылған шараятлар менен танысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.