Усы жыл 30-декабрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма бесинши сессиясы болып өтти.

Видеобайланыс тәризинде өткен сессияға ҳүкимет ағзалары, тараўлардың ҳәм секторлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов басқарып  барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Сессияның күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасының 2022-жылғы Бюджети туўралы мәселе бойынша Қаржы министри М.Содиқов баянат жасады.

Атап өтилгениндей, 2022-жылда Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң дәраматлары 2 триллион 356 миллиард 196 миллион сум муғдарында режелестирилген болса, келеси жыл ушын Қарақалпақстан Республикасының жергиликли бюджети қәрежетлери 3 триллион 874 миллиард 217,6 миллион сум әтирапында прогноз етилмекте. Соннан социаллық тараў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў қәрежетлери 2 триллион 586,8 миллиард сумды қурайды.

Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджет параметрлериндеги және бир өзгерис, 2022-жылдан баслап пуқараларды жергиликли бюджет процесслерине буннан былай да қамтыў болып табылады. Сонлықтан 2022-жылдың 1-январынан баслап қала ҳәм районлардың жергиликли бюджетлериниң  тастыйықланған улыўма қәрежетлериниң 5 процент муғдары жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыўға бағдарланады. Нәтийжеде 2022-жыл «Ашық бюджет» мәлимлеме порталы арқалы жәмийетшиликтиң пикири тийкарында қәлиплескен илажларға бағдарлаў ушын қала ҳәм район ҳәкимликлери жанындағы пуқаралардың белсенди қорларына 98,7 миллиард сум қаржы өткериледи. Бул өз гезегинде республикамызда бир қатар әҳмийетли социаллық-экономикалық машқалалардың шешимин табыў ушын хызмет етеди.

Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының баслығы Х.Бекчанов, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбановлар шығып сөйледи ҳәм депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма бесинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги