Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-декабрь күни Россия Президенти Владимир Путинниң басламасы менен Санкт-Петербург қаласында өткерилген Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер басшыларының рәсмий емес ушырасыўында қатнасты.

Саммитте Беларусь Президенти Александр Лукашенко, Әзербайжан Президенти Илҳом Алиев, Тәжикстан Президенти Имомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қазақстанның Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев, Армения Бас министри Никол Пашинян да қатнасты.

Ушырасыўда усы жылғы бирге ислесиўдиң жуўмақлары талланып, келеси 2022-жылға мөлшерленген тийкарғы ўазыйпалар додаланды. Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысылды.

Пандемия ақыбетлерин жеңип өтиў ҳәм эпидемиологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

ҒМДАны және де раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары ҳаққында сөз болып, мәмлекетимиз басшысы тийкарғы итибарды үш: сиясий, экономикалық ҳәм гуманитарлық тараўларда бирге ислесиўге қаратыўды усыныс етти.

ҒМДА  мәканында толық еркин саўда зонасын қәлиплестириў ҳәм транспорт байланыслылығын беккемлеў әҳмийетли екени атап өтилди.

Қатнасыўшылардың итибары глобал климат күн тәртибин есапқа алған ҳалда турақлы «жасыл» раўажланыўға қаратылған миллий бағдарлама ҳәм стратегияларды әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлерди бирлестириў зәрүрлигине итибар қаратылды.

Азық-аўқат қәўипсизлигин еллеримиз экономикаларының бәсекили үстинликлери ҳәм бир-бирин толтырып турыўынан пайдаланған ҳалда тәмийинлеў мәселелерин шешиўге байланыслы жаңа қатнаслар ислеп шығыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Кейинги жыллары Өзбекстан Дослық Аўқамы жумысындағы қатнасын жеделлестиргенин атап өтиў орынлы. Мәмлекетимиз 40 тан аслам көп тәреплеме келисимге қол қойылып, шөлкемниң 23 уйымына қосылды. Өткен жылда Өзбекстан биринши мәрте ҒМДАға басшылық етти.

2021-жылы Өзбекстанның Дослық Аўқамы мәмлекетлери менен товар алмасыўы отыз проценттен артты, дерлик мың қоспа кәрхана шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында Өзбекстан ҒМДА шеңберинде кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыўдың исенимли тәрепдары екенин және бир мәрте тастыйықлады ҳәм саммит қатнасыўшылары ҳәм олар арқалы дос халықларды жақынласып киятырған Жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.

Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Санкт-Петербург қаласына әмелий сапары жуўмақланды, мәмлекетимиз басшысы Ташкентке қайтып келди.

ӨзА