Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илажларда «Самарқанд-Беруний» жөнелисинде ҳәрекетленип атырған «Кобальт» маркалы автомашина Хорезм ўәлаятындағы «Сарымай» жол-патруль хызмети орнында тоқтатылып, көзден өткерилди.

Нәтийжеде, жолаўшы сыпатында кетип баратырған, Төрткүл районында жасаўшы, 1981 жылы туўылған, бурын еки мәрте судланған пуқара жанында 1 кг «героин» наркотик қуралының бар екенлиги анықланып, процессуаллық тәртипте рәсмийлестирип алынды.

Ҳәзирги ўақытта жағдай бойынша Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят ислери қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги