27-декабрь күни сырт мәмлекетлердиң Өзбекстанға тайынланған елшилери тәрепинен исеним жарлықларын салтанатлы тапсырыў мәресими болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Латвия Республикасының елшиси Рейнис Трокша, Венгрия елшиси Дьюла Ковач, Франция Республикасы елшиси Орелия Бушез ҳәм Саудия Арабстаны Патшалығының елшиси Юсуф ал-Утайбийден исеним жарлықларын қабыл етип алды.

Мәмлекетимиз басшысы жаңадан тайынланған елшилерди мәмлекетимизде дипломатиялық  миссияны баслағаны менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстан сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен конструктивлик қатнасықты раўажландырыў, өз-ара пайдалы шерикликти кеңейтиўге үлкен әҳмийет қаратып атырғаны атап өтилди.

Президентимиз мәмлекетимиз демократиялық жаңаланыўларды даўам еттириў, Жаңа  Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы тийкарында комплексли реформаларды әмелге асырыўда избе-изликти тәмийинлеў жолында исенимли екенин атап өтти.

Раўажланыў стратегиясында ҳәр бир пуқараның ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў, еркин ҳәм ашық жәмийет, халықшыл мәмлекет қурыў тийкарғы мақсет етип белгиленген.

Өзбекстанды  2030-жылға барып халық дәраматлары орташа көрсеткиштен жоқары мәмлекетке айландырыў тийкарғы ўазыйпасы болып есапланады. Сол мақсетте базар реформаларын тереңлестириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў, сырт ел инвестицияларын ҳәм технологияларын кеңнен тартыўға үлкен итибар қаратылмақта.

Прагматикалық ҳәм терең ойланған сыртқы сиясат ҳәм экономикалық дипломатия буннан былай даўам еттириледи.

Орайлық Азия мәмлекетлери менен жақсы коңсышылық қатнасықлары ҳәм шериклик байланысларын беккемлеп барыў тийкарғы бағдарларынан бири болып қалады.

Өзбекстан Россия, Қытай, АҚШ, сондай-ақ, Европа, Қубла Азия, Азия-Тыныш океаны ҳәм Жақын Шығыс мәмлекетлери менен көп қырлы бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шықпақта.

Президентимиздиң атап өткениндей, биз дүньяға, дүнья болса бизге ашық болыўы керек – бул бүгинги раўажланыўдың тийкарғы талабы. Өзбекстан  Республикасы Сыртқы сиясий жумысы концепциясы  жаңа редакцияда  қабыл етиледи.

Регионымыздың ажыралмас бөлеги сыпатында қаралып атырған Аўғанстандағы жағдайдың тәртипке салыныўын мәмлекетимиз басшысы қәўипсизликти тәмийинлеўдиң  ең әҳмийетли  факторы, деп атады. Өзбекстан жақын қоңсымыз болған  бул мәмлекетте экономикалық  ҳәм гуманитарлық кризиске жол қоймаў, тынышлық орнатылыўына жәрдем бериў ушын халықаралық  жәмийетшилик пенен кең көлемли бирге ислесиўге таяр, деди Президент.

Өзбекстан жетекшиси жаңадан тайынланған елшилер ўәкиллик етип атырған мәмлекетлер менен кең көлемли ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўдиң перспективаларына тоқтап өтти.

Латвия Өзбекстанның Европадағы исенимли ҳәм әҳмийетли шериги болып, узақ жыллардан берли мәмлекетимиздиң Балтик ҳәм Скандинавия базарларына шығыўда жәрдем берип келмекте.

Мәмлекетлеримиз арасында дәстүрий дослық ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықлар қәлиплескен. Латвия Республикасы халықаралық шөлкемлер ҳәм Европа Аўқамы шеңберинде  мәмлекетимизди турақлы қоллап-қуўатлап келмекте.

Соның менен бирге, бирге ислесиўди раўажландырыў ушын еле иске қосылмаған үлкен имканиятлар бар. Еки мәмлекет  арасындағы саўда  қатнасықларының имканиятынан  нәтийжели пайдаланыў, транспорт, аўыл хожалығы, фармацевтика, тоқымашылық санааты, туризм   тараўларында биргеликтеги жойбарлар менен бағдарламаларды жедел алға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Латвия жоқары дәрежедеги делегацияларының 2022 –жылға режелестирилген Өзбекстанға сапарлары бирге ислесиўди кеңейтиў ушын жаңа имканиятлар ашады.

Өзбекстан жетекшиси Венгрия менен көп әсирлик тарийхый жақынлық ҳәм халықларымыздың туўысқанлық қатнасықларына тийкарланған еки тәреплеме қатнасықлар кейинги жылларда избе-из раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Венгрия Бас министри Виктор Орбанның быйылғы жылы март айындағы Өзбекстанға сапары даўамында Өзбекстан-Венгрия бирге ислесиўи стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди.

Еки мәмлекеттиң жетекшилери арасындағы  конструктивлик  сөйлесиўдиң даўам еттирилиўи мәмлекетлер аралық қатнасықлардың және де раўажланыўына  хызмет етиўине исеним билдирилди.

Соңғы жылларда өз-ара товар алмасыў көлеми еки есеге артты. Венгрияның жетекши компаниялары менен  биргеликтеги жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.

Аймақлараралық бирге ислесиў  механизми жаратылды. Быйылғы жылдың июнь айында еки мәмлекет жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының  биринши форумы табыслы өткерилди. Сентябрь айынан баслап Венгрия жоқары билимлендириў орынларында «Хунгарикум» бағдарламасы  шеңберинде  өзбекстанлы студентлер билим алып баслады.

Аўыл хожалығы, шарўашылық, машина қурылысы, фармацевтика, логистика, туризм сыяқлы әҳмийетли тараўларда бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Үлкен халықаралық абырайға ҳәм салмақлы экономикалық потенциалға ийе Франция Өзбекстанның Европа Аўқамындағы әҳмийетли шериклеринен бири болып есапланады.

2018-жыл октябрьде Францияға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги рәсмий сапар және быйылғы жыл август айында Президент Эммануэль Макрон менен телефон арқалы сөйлесиўлер Өзбекстан-Франция қатнасықларын  ҳәр тәреплеме  беккемлеўге хызмет етти.

Өзбекстанда Франция  компаниялары менен биргеликте бир қатар өз-ара пайдалы жойбарлар әмелге асырылмақта. Жиззақ ўәлаятында «Renault» автомобильлерин ислеп шығарыў, «EDF» менен биргеликте энергетика объектлерин, «Veolia»ның қатнасыўында коммуналлық инфраструктураны модернизациялаў, «Total Eren» менен биргеликте қуяш  электр станциясын қурыў усылардың қатарына киреди.

Өзбекстан Президенти мәмлекетимиздеги социаллық-экономикалық жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыўға жәрдем берип атырған Франция раўажланыў агентлиги менен бирге ислесиўди жоқары баҳалады.

Елимиз инновация, аўыл хожалығы, авиа қурылысы, таў-кән санааты, медицина, билимлендириў ҳәм туризм тараўларында перспективалы жойбарларды биргеликте әмелге асырыў, мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиўден мәпдар екени атап өтилди. Атап өтилгениндей, 2022-жылы Лувр музейинде Өзбекстан мәдений мийрасына бағышланған  көргизбе  өткериледи.

Мәмлекетимиз басшысы Францияның 2022-жылдың биринши ярымында ЕА Кеңесине басшылығы дәўиринде Өзбекстанның Евроаўқамға ағза мәмлекетлер менен көп тәреплеме қатнасықлары және де беккемленетуғынына билдирди.

Саудия Арабстаны тек араб-мусылман дүньясында емес, ал пүткил дүньяда үлкен абырайға ҳәм финанслық-экономикалық потенциалға ийе болып, Өзбекстанның әҳмийетли шериги болып есапланады.

Еки муқаддес мешит хызметкери, Патша Салмон Ол Сауд ҳәм Шахзада Муҳаммад Ол Сауд пенен ушырасыўлар еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўына қосымша жеделлик бағышлады, деди Президентимиз.

Сыртқы ислер министри шахзада Файсал ҳәм Инвестиция министри Холид ал-Фалиҳтиң усы жылы  мәмлекетимизге әмелге асырған сапарлары Өзбекстан- Саудия бирге ислесиўин кеңейтиў ҳәм беккемлеўге әҳмийетли үлес қосты.

Президентимиз мәмлекетимиз аймақларында Саудияның «ACWA Power» компаниясы менен  биргеликте энергетика тараўында ири жойбарлар табыслы әмелге асырылып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Елимизде социаллық-экономикалық реформаларды әмелге асырыўға Саудия  раўажланыў қоры да салмақлы финанслық жәрдем көрсетип келмекте.

Еки тәреплеме саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, Саудия компаниялары менен жаңа жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Исеним жарлықларын тапсырыў мәресими жуўмағында Өзбекстан Президенти сырт мәмлекетлердиң дипломатиялық ўәкилханалары басшыларына олардың Өзбекстан Республикасы менен дослық қатнасықларын ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеў жолындағы жуўапкершиликли ҳәм ҳүрметли жумысына үлкен табыслар тиледи.

Дипломатлар қызғын қабыллағаны ҳәм нәтийжели жумысына жаратылған шараятлар ушын миннетдаршылық билдирип, өз-ара пайдалы қатнасықларды және де раўажландырыўға бар күш-ғайраты, билими ҳәм профессионаллық тәжирийбесин жумсайтуғынын атап өтти.

ӨзА