Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-декабрь күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер басшыларының рәсмий емес саммитинде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Санкт-Петербург қаласына барады.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң басламасы менен  өткерилетуғын илаж күн тәртибинен ҒМДА шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы мәселелер орын алған.

Дослық Аўқамы мәмлекетлериниң жетекшилери жылдың тийкарғы жуўмақларын шығарыўы ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары бойынша пикир алысыўы күтилмекте.

 

ӨзА