Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мирәт етиўине  бола Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер басшыларының  рәсмий емес саммитинде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Санкт-Петербург қаласына жөнеп кетти.

Саммитте жетекшилер жылдың тийкарғы жуўмақларын шығарып, бирге ислесиўди раўажландырыўдың келешектеги әҳмийетли бағдарлары бойынша пикир алысады.

ӨзА