Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қашқадәрья ўәлаятының Ғузар районында «Uzbekistan GTL» заводының иске қосылыўына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзи

Ассалаўма әлейкум, әзиз ўатанласлар!

Қәдирли мийманлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлер менен уллы ойшыл ҳәм сәркардалар ели болған сақаўатлы Қашқадәрья жеринде көрисип турғанымнан оғада қуўанышлыман.

Бүгин, Жаңа жыл қарсаңында мәмлекетимиз санаатында және бир жарқын бет ашып атырған үлкен ўақыяның гүўасы болыў барлығымызға шексиз қуўаныш бағышлайды.

Өз қушағында бийбаҳа байлықларды сақлап киятырған Ғузар районында суйылтырылған синтетикалық өнимлер ислеп шығаратуғын «Uzbekistan GTL» заводы иске қосылмақта. Әлбетте, бундай үлкен комплекстиң қурылысы кейинги жыллары елимизде санааттың раўажланыўын сапа жағынан және де жоқары басқышқа алып шығыў бойынша әмелге асырып атырған  сиясатымыз нәтийжеси, десек, дурыс болады.

Сизлерге жақсы белгили, жуўмақланып атырған 2021-жылдың өзинде елимизде бир қатар ири жойбарлар әмелге асырылды. Соның ишинде, «Наўайыазот»та – аммиак, карбамид ҳәм азот кислотасын ислеп шығаратуғын комплекслер, Наўайы кән-металлургия комбинатында – бесинши ҳәм жетинши гидрометаллургия заводлары, Карманада-биринши қуяш электр станциясы иске қосылды.

Республикамыз бойынша электр энергиясы есабын жүргизиў ҳәм қадағалаў системасының жумыс баслағаны да мине усындай үлкен жумысларымыз қатарына киреди.

Бүгин иске қосылып атырған завод өзиниң бийбаҳа технологиялық үстинлдиклери ҳәм жоқары өндирислик қуўатлылығы менен мине усы жойбарлардан айрықша ажыралып турады, десек, ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Бундай ири комплекс усы ўақытқа шекем жер жүзинде тек ғана 4 мәмлекетте – Қатар (2), Нигерия, Қубла Африка Республикасы ҳәм Малайзияда қурылғаны да бул пикирди тастыйықлайды. Усы комплекс қурылысында бир ўақыттың өзинде 13 мыңнан аслам инженер ҳәм жумысшы қурылысшылардың қатнасқаны бул жерде қысқа мүддет ишинде қаншелли кең көлемли жумыслар әмелге асырылғанын көрсетеди.

Заводта Япония, Корея, Сингапур, АҚШ, Германия, Италия, Уллы Британия, Россия, Қытай сыяқлы 24 мәмлекеттеги 130 ға шамалас жетекши кәрханаларда ислеп шығарылған 10 мыңнан аслам үскенелер орнатылды.

Өндириске байланыслы технологиялық шешимлер, үскенелер ҳәм процесслерди қолланыў ушын 140 халықаралық лицензия ҳәм патентлер алынды. Олардың айырымлары дүньяда бирден-бир ҳәм бийбаҳа екенин айрықша атап өтиў зәрүр.

Бир сөз бенен айтқанда, бул завод мәмлекетимизде ҳәм улыўма, регионымызда нефть-газ-химия санааты тараўындағы ең ири кәрхана болып есапланады. Жаңа Өзбекстанның қүдиретли экономикалық потенциалы мине усындай комплекслерде айқын көзге тасланады.

Төмендеги санлар да соннан дәрек береди.

Комплексте жылына 3,6 миллиард метр куб тәбийғый газ қайта исленип, баҳасы 1 миллиард доллардан зыят болған 1,5 миллион тонна таяр суйық өнимлер ислеп шығарылады. Соның ишинде, 307 мың тонна авиакеросин,  724 мың тонна дизель жанылғысы, 437 мың тонна нафта, 53 мың тонна суйылтырылған газ таярланады. Усы өнимлердиң есабынан жылына 500 миллион долларлық импорттың орны қапланады, 200 миллион долларлық экспорт ҳәм бюджетке 2 триллион сумлық салық түсимлериниң түсиўи тәмийинленеди.

Биз 300 миллион долларлық газди қайта ислеп, оны баҳасы 3 есеге жоқары ҳәм дүнья базарында талап үлкен болған таяр өнимлерге айландыратуғынымызды айрықша атап өтиў керек. Оның ушын толық тийкарымыз бар. Себеби бул жерде ислеп шығарылған авиакеросин басқа заводлардың өнимине салыстырғанда оғада таза ҳәм сапалы болып, ең заманагөй самолётларға мөлшерленгени ушын оған бәрқулла талап жоқары болып есапланады.

Заводта ислеп шығарылатуғын дизель жанар майы да кеминде «Евро-6» стандартларына жуўап беретуғын болып, регионымызда бундай таза өним ислеп шығаратуғын кәрхана улыўма жоқ. Бул болса, өз гезегинде, усы өнимлер есабынан республикамызда авиация хабларын шөлкемлестириў және жүк тасыўда хызмет ететуғын ири логистика компанияларын раўажландырыўға беккем тийкар жаратады.

Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, заводты электр энергиясы менен тәмийинлеўде де инновациялық шешимлер қолланған. Яғный технологиялық процесслерде пайда болатуғын пардың есабынан жылына 650 миллион киловатт-саат электр энергиясы ислеп шығарылып, завод өзин-өзи энергия менен тәмийинлейди.

Бул жерде өндирис процеси толық автоматластырылған. Технологияларды басқарыў, мониторинг ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли процесслерге инсан факторының тәсири жүдә аз дәрежеде.

Усы жерде бүгин GTL технологиясына пүткил жер жүзинде талап күн сайын артып баратырғанын атап өтпекшимен. Соның ушын АҚШ, Канада, Норвегия ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлердиң жетекши компаниялары да мине усындай жойбарларды әмелге асырыўға кириспекте.

Халықаралық энергетика агентлигиниң есап-санақларына бола, GTL өнимлерин ислеп шығарыў 2030-жылға шекем 2 есеге өседи.

«Uzbekistan GTL» заводы өнимлеринен шийки зат сыпатында пайдаланған ҳалда, және де жоқары қосымша қунлы жаңа түрдеги өнимлер ислеп шығарыўды көбейтиў бойынша да режелеримиз бар. Соның ишинде, завод тийкарында алкил-бензол, бутен ҳәм гексен, синтетикалық майлар, малеин ангидрит, эмульсион қосымшалар, катализаторлар сыяқлы өнимлер ислеп шығарыў бойынша баҳасы 620 миллион доллар болған 6 жойбар әмелге асырылады. Өз гезегинде бул ярым таяр өнимлер химия ҳәм турмыслық химия, текстиль, былғары ҳәм мебель қурылыс материаллары ҳәм электротехника сыяқлы тараўларда кең түрде қолланылады.

Және бир әҳмийетли тәрепи – заводта ислеп шығарылатуғын өнимлер жер жүзиндеги ең жоқары экологиялық талаплар, норма ҳәм стандартларға толық жуўап береди. Мине усы заводты иске қосыў арқалы биз «Жасыл экономика»ға және бир исенимли қәдем қоймақтамыз.

«Uzbekistan GTL» заводында пайдаланылатуғын жанар май басқа дәстүрий жанар майларға қарағанда 40 процент аз шығынды ҳәм зыянлы газ пайда етеди. Соның есабынан жылына 13,5 мың тонна – соған итибар бериң – 13,5 мың тонна зыянлы газлердиң ҳаўаға тарқалыўына жол қойылмайды.

Биз ушын және бир оғада әҳмийетли тәрепи сонда, завод иске қосылғаннан кейин жәми 1 мың 300 қәниге жоқары дәраматлы турақлы жумыс орнына ийе болады.

Заводтың қурылысы жергиликли қурылысшы ҳәм инженерлердиң жаңа әўладын таярлаўға тийкар жаратып, оларға ең алдынғы технологияларды өзлестириў имканиятын бергени де үлкен әҳмийетке ийе. Мине усы тәжирийбе келешекте елимизде жаңа санаат объектлерин өз күшимиз бенен қурыўда, әлбетте, жүдә керек болады.

Мени қуўандыратуғын және бир тәрепи – заводтың қурылысында қатнасқан қәнигелердиң 80 проценти өзимиздиң жергиликли кадрлар, атап айтқанда, жаңаша ислеўге қуштар, күш-ғайратлы жасларымыз болып есапланады.

Бул жаслар – Жаңа Өзбекстан жаслары. Олар миллий санаатымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып, бул жолда «алтын фонд»ымызға айланады, деп исенемен.

Биз оның ушын барлық шараятларды жаратамыз. Бәринен бурын, Қашқадәрьяда жасларды кәсип-өнерге оқытыўды жаңаша көзқарас тийкарында шөлкемлестиремиз. Онда аймақтағы барлық кәсип-өнер орайларын «Шортангаз-химия» комплекси, мүбәрек газди қайта ислеў ҳәм жаңа «Uzbekistan GTL» заводларына бириктиремиз.Олар өз тараўлары ушын кадрлар таярлаўдың жаңа майданын пайда етеди.

Енди бул кәрханалардың басшылары ўәлаятта нефть-газ ҳәм химия санаатының перспективалы бағдарлары ушын кадрлар таярлаў режелерин белгилейди, кәсип-өнер орайларының оқыў бағдарламалары ҳәм оқытыў методикасын заманагөй өндирис талаплары тийкарында қайта көрип шығады, оқыў процесин өндирис пенен тығыз байланыстырып, ҳәр бир оқыўшының өз қәнигелиги бойынша тиккелей заводларда әмелият өтеўин шөлкемлестиреди. Онда, әсиресе, жасларды жаңадан орнатылған қурамалы үскенелерде ислеў, оларды автоматластырылған ҳалда басқарыў, технолог, аргон кепсерлеў сыяқлы заманагөй кәсип ҳәм маманлықларды үйретиўге айрықша итибар қаратылады. Билимлендириў процесине сырт ел қәнигелери тартылады, заманагөй программалық тәмийнат ҳәм симуляторлар алып келинеди.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Ҳәммемизге жақсы белгили, мәмлекетимиздеги биринши нефть-химия кәрханасы болған «Шортан газ-химия» комплекси 20 жылдан берли жумыс алып бармақта.

Пурсаттан пайдаланып, өзиниң пидәкерлик мийнети менен Ўатанымыздың экономикалық еркинлигине мүнәсип үлес қосып киятырған «Шортан газ-химия» комплексиниң 4 мың адамлық топарын усы қутлы сәне менен қызғын қутлықлап, олардың бәршесине ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Бул комплексте өткен 20 жыл даўамында 78 миллиард метр куб газ қайта исленип, 2,4 миллион тонна полиэтилен, 4 миллион тонна суйылтырылған газ ҳәм конденсат сыяқлы өнимлер ислеп шығылған. Буннан республикамыз санаат кәрханаларына 1,6 миллион тонна полиэтилен жеткерип берилип, дерлик 2 миллиард доллар муғдарында импорт қысқартылған. Соның менен бирге, 900 миллион доллар муғдарында 800 мың тонна полиэтилен экспорт етилген.

Бүгинги күнде «Шортан газ-химия» комплекси Қашқадәрья ўәлаяты аймақлық өниминиң 8 процентин, санааттың 17 процентин тәмийинлемекте.

Улыўма етип айтқанда, бул комплекс мәмлекетимиз газ-химия ҳәм полимер өнимлерин ислеп шығарыў тараўының раўажланыўына, мыңлаған киши санаат кәрханаларын қурыўға тийкар болды. Мәселен, таяр пластмасса өнимлери ислеп шығарылатуғын киши кәрханалардың саны дерлик 1 мың 700 ге жетти. Ҳәр бир кәрханада орташа 10 нан жумысшы орны жаратылып, кеминде 17 мың халық жумыс орны менен тәмийинленген.

Бүгин сизлер менен бирге «Шортан газ-химия» комплексиниң өндирис қуўатларын 3 есеге кеңейтиў имканиятын беретуғын және бир жаңа комплекстиң қурылысына старт беремиз. Жаңадан қурылатуғын бул кәрханада «Uzbekistan GTL» заводында ислеп шығарылатуғын 430 мың тонна нафтаны қайта ислеў есабынан жылына 380 мың тонна полиэтилен ҳәм полипропилен таярланады. Және мыңға шамалас жаңа жумыс орынлары жаратылады. Нәтийжеде қосымша 550 миллион доллар муғдарында өним ислеп шығарылады.

Өз гезегинде, мине усы өнимлерди және де терең қайта ислеў арқалы 2 есеге шекем көп тутыныў өнимлерин ислеп шығарыў мүмкин болады. Мысал ушын, 100 миллион доллар муғдарында полимерлерден электротехника, қурылыс материаллары, автомобиль санааты ҳәм басқа да тараўларда жылына қосымша 200 миллион доллар муғдарында өтимли өнимлер ислеп шығарылады. Сондай-ақ, пластмасса ҳәм ҳәр қыйлы түрдеги буйымлар, суў тәмийнаты ушын қубырлар ислеп шығарыў көбейеди. Яғный, бул өнимлерди ислеп шығаратуғын және кеминде 1 мың 200 жаңа жеке меншик кәрхана ҳәм 12 мың жумыс орны шөлкемлестирилиўи ушын тийкар жаратылады.

Бул жаңа жойбардың баҳасы 1,8 миллиард долларға тең болып, оны қаржыландырыў ушын Россияның «Газпромбанк»и, Европаның «Дойчебанк», «Ландесбанк» сыяқлы банклери, Қытайдың Мәмлекетлик раўажланыў банки ҳәм басқа да банклерден қаржылар тартылады.

Мине усы еки жаңа завод есабынан Шортан комплексинде республикамыздың биринши ири газ-химия кластерине тийкар салынады. Бул кластерде өним ислеп шығарыў көлеми ҳәзирги 290 миллион доллардан 2025-жылы 1,8 миллиард долларға жеткериледи, яғный, 6 есеге артады.

«Uzbekistan GTL» заводы ҳәм жаңадан қурылатуғын комплекс есабынан елимизде тәбийғый газди терең қайта ислеў дәрежеси дерлик 2 есеге көбейип, ҳәзирги 8 проценттен 14 процентке жетеди. Сондай-ақ, республикамызда полимер өнимлер ислеп шығарыў көлеми де 2 есеге көбейеди.

Бул кластер системасындағы кәрханалар 1 доллар муғдарында шийки заттан, 10 доллар муғдарында жоқары қосымша қунлы таяр өнимлер жаратады.

Жаңа комплекслер тек ғана өзиниң өними емес, ал санааттың басқа да тараўларда ислеп шығарылатуғын 100 миллион доллар муғдарында комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклер ушын да базар қәлиплестиреди. Соның менен бирге, бул кластерде мийнет ететуғын жаңа жумысшылар өз турмыс талаплары ушын аймақтағы хызметлер тараўының раўажланыўына үлес қосып, кеминде және 100 миллиард сумлық талапты жаратады.

Улыўма етип алғанда, жаңа кластердиң иске қосылыўы нәтийжесинде Өзбекстан санааты технологиялық жақтан бир неше қәдем илгерилейди, десек, дурыс болады.

Жаңа кластер кәрханалары тек ғана нефть-газ-химия тараўы емес, ал республикамыздың барлық санаат тармақлары ушын технологиялық ҳәм жойбарластырыў шешимлери ҳәм стандартлары, заманагөй басқарыў ҳәм технологиялары бағдарлары бойынша айқын үлги болады. Биз бул арқалы бул заманагөй комплекс әтирапында жаңа жоқары технологиялық хызметлер системасын шөлкемлестиремиз.

Әлбетте, жаңа кәрханалар илим ҳәм инновациялар ушын да нәтийжели майданға айланады.

«Шортан газ-химия» кластериндеги заманагөй лаборатория ҳәм енгизилген алдынғы технологиялар жас илимпазлар ушын илимий излениўлерди алып барыў ҳәм жаңа инновациялық өнимлер менен технологиялық процесслерди жаратыўға үлкен имканият береди.

Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!

Бул жаңа комплекслердиң иске қосылыўы, әлбетте, Қашқадәрья ўәлаяты экономикасының раўажланыўына да сезилерли тәсир көрсетеди. Ойпатта санааттың өндирис көлеми 1,4 есеге артады, жалпы аймақлық өним болса 7 есеге өседи. Бул болса Қашқадәрья ўәлаятының улыўма экспорт көрсеткишин 2 есеге көбейтиў имканиятын береди.

Ашығын айтыў керек, Қашқадәрья ўәлаяты оғада бай шийки зат ресурсларына ийе болыўына қарамастан, көп жыллар даўамында оның таяр санаат өниминиң өндиристеги үлеси төмен болып қалып атырған еди. Соның ушын кейинги жылларда ўәлаятта жергиликли санааттың тоқымашылық, қурылыс материаллары, былғары, электротехника, азық-аўқат сыяқлы тараўларында баҳасы дерлик 9 триллион сум муғдарында 1 мың 700 ге шамалас жойбарлар иске қосылды. Нәтийжеде кейинги үш жылда ўәлаятта таяр санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 1,3 есеге артты.

Келеси жылларда да Қашқадәрья ўалаятын барлық бағдарларда раўажландырыў бойынша кең көлемли режелерди ислеп шыққанбыз. Атап айтқанда, нефть-газ тараўында баҳасы 140 миллион доллар болған және 3 жойбар әмелге асырылады. Мысал ушын, Мүбәрек газди қайта ислеў заводында 135 миллион доллар есабынан күкирт алыў қурылмасының қуўатлылығы тикленеди.

Энергетика тараўында 1,3 миллиард доллар инвестициялар есабынан көлеми 1 мың 250 мегаваттқа тең электр энергиясын ислеп шығаратуғын жаңа қуўатлылықлар қурылады. Мысал ушын, Ғузор районында 2025-жылы қуўатлылығы 300 мегаватт болған қуяш электр станциясы пайдаланыўға тапсырылады. Талимаржон ыссылық электр станциясында ҳәр бири 900 мегаватт қуўатлылығына ийе болған гезектеги еки пуў-газ қурылмасы иске қосылады. Ақсу дәрьясында улыўма қуўатлылығы 24 мегаватт болған 3 киши гидро электр станциясы қурылады. Бул жаңа қуўатлылықлар жылына 8 миллиард киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм 1,6 миллиард метр куб тәбийғый газди үнемлеў имканиятын береди.

Соның менен бирге, ўәлаят ушын «драйвер» болған жергиликли санаат тармақларына 900 ге шамалас жойбар шеңберинде 2,7 миллиард доллар муғдарында инвестициялар жедел тартылады. Соның ишинде, Нишон, Касби, Миришкор ҳәм Яккабоғ районларында – тоқымашылық, Китоб, Қамаши, Дийқанабад ҳәм Чироқчи районларында – қурылыс материаллары, Миришкор, Китоб районлары ҳәм Қарши қаласында – былғары, электротехника санааты, Шахрисабз қаласы ҳәм Қарши районында – мебель, Чироқчи, Нишон ҳәм Косон районларында – азық-аўқат санааты бойынша жойбарлар әмелге асырылады.

Бүгинги илажымызда қатнасып атырған Өзбекстанның сырт мәмлекетлердеги барлық елшилери де Қашқадәрьяда жаңа жойбарларды әмелге асырыўға жедел үлес қосыўы ушын тартылды. Буның ушын олар алдыннан ўәлаятқа келип, қала ҳәм районлардың қәнигелесиўин, бар имканиятларын, қандай перспективалы жойбарлардың керек екенлигин үйренди. Енди олар бул жойбарларда қатнасыў ҳәм басқа да жаңа жойбарларды ислеп шығыў ушын өзлери елшилик ететуғын мәмлекетлерден сырт елли бирге ислесиўшилерди ҳәм заманагөй технологияларды тартады.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Исенимим кәмил, қурылып атырған жаңа гах-химия кластери мәмлекетимиз санаатының раўажланыўына түртки берип, оның раўажланыўына үлкен үлес қосады.

Улыўма етип айтқанда, мәмлекетимизде заманагөй санаатты қәлиплестириўде биз химия ҳәм нефть-газ химиясы арқалы тийкарғы «драйвер»лерден болыўы ушын әмелий режелерди белгилеп алғанбыз.

Кейинги бес жылда бул тараўларда 5 ири жойбар иске қосылған болып, жылына жәҳән базарында талап жоқары болған 450 миллион доллар муғдарында өнимлер ислеп шығарыў жолға қойылды.

Ең әҳмийетлиси, егер бул тармаққа алдын тек мәмлекет инвестиция киргизген болса, соңғы жылларда болса тараўға сектор тиккелей кирип келмекте. Мәселен, «Наўайыазот»да – Австрия, Германия, Қытай ҳәм Түркия, Ташкент ўәлаятында – Россия компаниялары жаңа жойбарларды баслады. Сондай-ақ, «шийки заттан – таяр өнимге шекем» шынжыры шеңберинде  баҳалы  товарларды ислеп шығарыў бойынша Ташкент, Наўайы, Ферғана, Бухара ўәлаятларында ҳәм Үстиртте және 5 химия технологиялық кластерди  шөлкемлестириўди басладық.

Усы кластерлерде келеси жылларда улыўма баҳасы 8 миллиард доллар болған 60 тан аслам жойбар әмелге асырылады. Бул жойбарлар есабынан жылына  180 түрдеги 5 миллиард долларлық баҳалы өнимлер ислеп шығарыў  жолға қойылады. Сондай-ақ, 1,2 миллиард долларлық өнимниң экспорты және 5,5 триллион сум муғдарында бюджет түсимлери тәмийинленеди. Ең әҳмийетлиси, қосымша 15 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары  жаратылады.

Әзиз дослар!

Туўрысы, биз «Uzbekistan GTL» заводының жойбарын баслағанымызда көпшилик буны ислей алыўымызға гүман менен қараған еди. Бирақ, биз қатаң умтылыс ҳәм машақатлы мийнетимиз бенен, ҳәммемиз биргеликте қыйын сынақлар менен қыйыншылықларды жеңип  өтип,  мине усындай жаңа ҳәм заманагөй, жоқары технологиялық комплексти қурыўға еристик. Соның менен ҳәр қанша мақтансақ та, арзыйды.

Әсиресе, коронавирус пандемиясы дәўиринде сырт елден қәниге ҳәм үскенелер келтириў, қурылыс майданында 10 мыңнан аслам жумысшының денсаўлығы ҳәм қәўипсизлигин  тәмийинлеў, әлбетте, аңсат болғаны жоқ. Бирақ жәмийетшилик пенен өз ўақтында әмелге асырған зәрүр илажларымыз нәтийжесинде бул әҳмийетли жойбар бойынша жумыс пандемия дәўиринде де бир  күн тоқтамады.

Мийнеткеш, күш-ғайратқа толы ҳәм пидайы қурылысшы ҳәм инженерлер, тәжирийбели қәнигелер, мыңлаған мәрт жумысшылар карантин талапларына қатаң  әмел етип, узақ ўақыт шаңарағы, жақынларынан алыста ислеп, ҳақыйқый қаҳарманлық үлгисин көрсетти, десек, ҳәр тәреплеме дурыс болады.

Пурсаттан пайдаланып, «Uzbekistan GTL» заводының қурылысында мүнәсип қатнасқан барлық қәнигелер, пидайы қурылысшы, инженер ҳәм программистлер, ҳүрметли сырт елли шериклеримизге терең миннетдаршылық билдиремен.

Усы үлкен жойбарға Қытай мәмлекетлик раўажланыў банки, Корея Эксимбанки, Корея экспорт кредитлерин қамсызландырыў корпорациясы, «Газпромбанк», «РосЭксимбанк» сыяқлы абырайлы сырт ел финанслық шөлкемлери мүнәсип үлес қосқанын қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен.

Жойбарды әмелге асырыўда белсене қатнасқан ҳәм бүгинги илажымызда қатнасып атырған мийманларымыз – «Air Products» компаниясы президенти Сейфи Гасими мырзаға, «Hyundai engineering» компаниясы президенти мырза Ким Чанг Хагга, «Газпромбанк» басқармасы баслығының орынбасарлары мырза Алексей Матвеев ҳәм мырза Тигран Хачатуровқа, «ЭКСАР» компаниясының бас директоры мырза Никита Гусаков, сондай-ақ, «Sasol Energy», «Chevron», «Haldor Topsoe» компаниялары ҳәм басқа да сырт елли шериклеримизге, қурылысшы ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши, жумысшы-хызметкерлерге «Uzbekistan GTL»  заводын қурыўда белсене қатнасқаны ҳәм жақыннан қоллап-қуўатлағанлары ушын терең миннетдаршылық билдиремен.

«Шортан газ-химия» комплекси қуўатлылығын кеңейтиўге қаратылған жойбарды әмелге асырыўда сизлерге үлкен жеңислер тилеймен.

Қәдирли дослар!

«Uzbekistan GTL»  заводы ҳәм «Шортан газ-химия» комплексин кеңейтиў  бойынша жойбарлар Жаңа Өзбекстанда жаңа санаат дәўирин жаратыў жолындағы биринши  ири қәдемлеримизден бири болып есапланады.

Сизлер менен бирге келешекте бул бағдарда экономикамыздың раўажланыўына үлкен үлес қосатуғын, оның бәсекиге шыдамлылығын  беккемлейтуғын және көплеген ири жойбарларды табыслы әмелге асыратуғынымызға исенимим кәмил.

Биз қанша аўыр болмасын,  мәмлекетимизди раўажланған мәмлекетлер қатарына алып шығыў ҳәм халқымыз ушын мүнәсип турмыс дәрежесин жаратыў  жолында шекти бәлент алып ислеў ҳәм жасаўға үйрендик.

Әне усындай уллы мақсетлерге қыйыншылықлардан қорықпастан,  жаңа билим ҳәм  технологияларды ийелеп, ҳәммемиз биргеликте ҳәрекет етип, әлбетте, ерисемиз.

Жаңа жыл босағамызда  есик қағып турған бул қуўанышлы ўақытларда, барлық жетискенликлеримиздиң дөретиўшиси болған мийнеткеш, мәрт ҳәм уллы халқымызға, санаат тараўының жанкүйер ҳәм пидайы жумысшы-хызметкерлерине терең ҳүрмет пенен бас ийемен.

Пурсаттан пайдаланып, сиз, әзизлерди, соның ишинде, ҳүрметли сырт елли мийманларымызды, жаңа заводты иске қосыўға мүнәсип үлес қосқан барлық қурылысшы ҳәм шериклеримизди кирип киятырған жаңа – 2022-жыл менен шын жүректен қутлықлайман.

Жаңа жылда, мине, усындай қуўанышлы күнлеримиз және де көп болсын!

Үлкен рахмет сизлерге.

Бәрқулла  аман-есен болың!