Президент Шавкат Мирзиёев 24-декабрь күни мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўын раўажландырыўға байланыслы жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Мәлимлеме технологиялары барлық тараўларда нәтийжелилик ҳәм қолайлыққа хызмет етеди. Сол себепли бул бағдарда көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Орынларда 100 ден аслам IT-мектеплердиң жумысы жолға қойылды. «Бир миллион программист» жойбары шеңберинде 500 мыңнан аслам жас программаластырыўды үйренди.

IT-парклер шөлкемлестирилгенинен берли тараўда экспорт көлеми 50 есеге көбейип, 40 миллион долларға жетти. Резидентлердиң саны 147 тен 500 ге артты, 300 ден аслам жаңа компаниялардың жумысы жолға қойылды. IT-парклерде 8 мың 500 жоқары дәраматлы жумыс орынлары жаратылды.

Бундай жумысларды даўам еттирип, тараўдың раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў бойынша режелер ислеп шығылған. Атап айтқанда, ири экспортёрлар менен жумыс ислеп, IT-парклерде хызметлердиң экспорт көлемин 80 миллион долларға жеткериў мөлшерленген. Жалпы ишки өнимде санлы экономиканың үлесин арттырыў, электрон хызметлер ушын жеңилликлер жаратыў нәзерде тутылған.

Презентацияда бул бағдарда усыныс етилип атырған илажлар көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы келеси жылда IT хызметлер көлемин 35 процент арттырып, 21 триллион сумға жеткериў, программаластырыў хызметлерин көбейтиў ушын барлық имканият бар екенлигин атап өтти.

Жасалма интеллект орайын иске қосыўды жеделлестириў, сырт елден IT қәнигелер тартыў тәртибин әпиўайыластырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине келеси жылы IT тармақлар тезлигин 1,8 есеге арттырыў ҳәм 1 миллион қосымша кең полосалы тармақлар орнатыў ўазыйпасы қойылды. Бул арқалы елатлы пунктлердиң ҳәммеси мобиль байланыс ҳәм кең полосалы интернет пенен тәмийинленеди.

Президент жаңа технологиялар, бәринен бурын, адамларға хызмет етиўи, қолайлық жаратыўы зәрүрлигин атап өтти. Соңғы жылларда 300 ден аслам мәмлекетлик хызмет электрон тәризге өткерилип, усы жылдың өзинде олардан 16 миллион рет пайдаланылған.

Келеси жылы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы көрсетилетуғын хызметлердиң үлеси 60 процентке жеткерилиўи белгиленди.

Презентацияда бул бағдардағы және бир қолайлық: пуқаралық паспорттың санлы профили ҳаққында мағлыўмат берилди. Gov Pass мобиль қосымшасы смартфонға орнатылады ҳәм онда паспорт, диплом, мийнет дәптершеси, айдаўшылық гүўалығы сыяқлы көплеген ҳүжжетлер жәмленеди. Яғный, пуқараның барлық ҳүжжетлери бәрқулла жанында, телефонда болады. Бул ўақыт ҳәм пулды үнемлеп, қағазпазлықты азайтыўға хызмет етеди, әўерегершиликлерди сапластырады.

«Қәўипсиз қала» системасының орынланыўына байланыслы мәселелерге де айрықша итибар қаратылды. 2026-жылға шекем бул системаны толық енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы тараўды раўажландырыўдың финанслық дәреклерин беккемлеў бойынша да көрсетпелер берди.

 

ӨзА