Кегейли районыныӊ «Тарақлы» аўылында туўылып камалға келген Палзада Салиеваныӊ келешекте Өзбекстанныӊ белсенди ҳаялы атанып, Президент саўғасы есапланған заманагөй автомашина менен сыйлықланыўы күни кешеге шекем ҳеш бир қыялына келген емес. Бул сыйлық тек қарақалпақстанлы ҳаял-қызлардыӊ емес, ал, пүткил Өзбекстан ҳаял-қызларныӊ үлкен арзыўы десек асыра силтеген болмаймыз.

Көпшиликтиӊ хабары болса керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 5-марттағы 5020-санлы қарары менен Республика ҳаял-қызлар жәмийетлик кеӊеси шөлкемлестирилип, усы кеӊестиӊ қарары менен «Жыл ҳаялы» миллий таӊлаўын өткериў белгиленген еди.

Таӊлаўды өткериўден мақсет – жәмийетте ҳәм турмыста белсенди ҳаялларды анықлаў, олардыӊ жумысларын кеӊ жәмийетшиликке жақыннан таныстырыў, өмири ҳәм ис-тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм ҳаял-қызларға үлги етип көрсетиў, олардыӊ өз кәсибине болған пидайылығын, дөретиўшилик қәбилетин хошаметлеў, шаӊарақта ҳәм перзентлер тәрбиясында үлги болыўы менен бирге, жәмийетлик турмыста белсенди қатнасып киятырған түрли тараў ийелери болған ҳаял-қызларды қоллап-куўатлаў ҳәм оларды хошаметлеў болып есапланады.

Өткен ноябрь айында өткерилген таӊлаўдыӊ қала ҳәм районлық, Қарақалпақстан Республикасы басқышларында аўыл-аймақлардаға он мыӊлаған ҳаяллар ишинен таӊлап алынған 149 ҳаял өз-ара беллесип, онда биз сөз етпекши болған Кегейли районындағы “Арзыў” фермер хожалығыныӊ баслығы  Палзада Салиева жеӊимпаз атанған еди.

2014-жылдан берли фермер хожалығын басқарып киятырған Палзаданыӊ тийкарғы кәсиби есапшы. 1992-жылы Нөкис аўылхожалығы техникумыныӊ бухгалтерия бөлимин тамамлаған ол “Нөкис ҳақыйқаты” газетасында, соӊынан ҳәзир өзи басқарып киятырған фермер хожалығында жумыс иследи. Кегейли районына белгили фермерлердиӊ бири Караматдин Таманбетов пенен турмыс қурған ол, бүгинги күнге шекем бес перзентти тәрбиялап камалға келтирмекте. Олардыӊ туӊғышы мине бир неше жыллардан берли Россия Федерациясында исбилерменлик пенен шуғылланып киятырған болса, оннан кишкенеси Асқар өзи басқарған фермер хожалығында ис жүргизиўши, Айти болса, компьютер программисти, Меҳригүл ҳәм Меҳриддинлер өзлери жасайтуғын “Естек көпир” аўылындағы 35-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде тәлим-тәрбия алмақта.

Палзада Салиеваныӊ басқарған фермер хожалығы ҳәр жыл сайын мәмлекетке пахта ҳәм ғәлле тапсырыў режесин артығы менен орынлап киятыр.Сондай-ақ, фермер хожалығыныӊ 60 гектар егислик жерине 5 жылдан бери боян егилип, олар бүгинги күни толық өсип раўажланып, жыйнап алыў ушын таяр ҳалатқа келген. Соныӊ менен бирге, хожалық ағзалары дийқаншылық пенен бирге, шарўашылық ҳәм қусшылық пенен де шуғылланып келмекте.

Фермер хожалығы пахташылық ҳәм ғәллешиликтен ерискен табыслары есабынан ҳәр жыл сайын экономикалық көрсеткишлери жақсыланып, соӊғы үш жылда 1 млрд 333 млн сум дәрамат, соннан 430 млн сум сап пайда алыўға ерискен. Палзада басқарған “Арзыў” хожалығыныӊ бундай нәтийжелерди қолға киригизиўинде хожалық ағзалары менен бирге заманагөй аўыл хожалығы техникаларыныӊ атқаратуғын хызмети айрықша. Бүгинги күни хожалықта “Арион-630” дан баслап пахта териў машинасына шекемги аўыл хожалығы ушын зәрүрли техникалардыӊ барлық түрлери бар. Әйне күнлери хожалықта 31 адам жумыс ислеп, шаӊарағын бағып келмекте.

Сондай-ақ, Палзада Салиева өмирлик жолдасы Караматдин Таманбетов пенен бирге, аўыл-аймақты абаданластырыў, той-мерекелерин ықшам ҳәм тәртипли өткриў, кем тәмийинленген шаӊарақларға қайырқомлық жәрдем көрсетиў бойынша бир қатар унамлы жумысларды әмелге асырып келмекте.

-Сиз Ташкентте жеӊимпаз болатуғыныӊызды алдыннан билиппе едиӊиз,-деп сорадым оннан қолға киргизген жаӊа табысы менен қутлықлай турып.

-Яқ. Мен таӊлаўда жеӊимпаз боламан деп улыўма ойлаған емеспен. Егер, жеӊимпаз болатуғынлығымды алдыннан билгенимде, Ташкенттен қайтарсынға автобусқа билет сатып алмаған, үйимнен автомашинаны басқарыў ҳуқықын бериўши ҳүжжетлеримди алып шыққан болар едим. Таӊлаўдыӊ сыйлықлаў салтанатында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығы Танзила Нарбаеваныӊ қолынан автомашинаныӊ гилтин алып атырғанымда көзимнен ерксиз түрде қуўаныш көз жаслары парлап шығып кетти,-дейди бизге Палзада Салиева.-Усы жерде бизлердей  ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлап, аталарша ғамқорлық көрсетип  киятырған Президентимиз Шавкат Мирзиёев ҳәм республика ҳүкимети басшыларына, Кегейли районы ҳәкимлигине өзимниӊ шексиз миннетдаршылығымды билдиремен. Алдағы ўақытлары маған билдирген бул исенимди толық ақлап шығып, елимиздиӊ еле де гүллеп раўажланыўына өзимниӊ үлесимди қоса беремен.

Әлбетте, бүгин өзиниӊ ҳадал мийнети арқалы табыс таўып атырған ҳәр бир инсан қаҳарман болыўға ылайық. Буны турмысымыздыӊ өзи айқын дәлийллемекте.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы