Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-декабрь күни Қашқадәрья ўәлаятындағы «Uzbekistan GTL» заводына барды.

Бул жер бир неше жыл бурын қурғақ шөл еди. Қысқа ўақытта бул жерде гигант кәрхана, химия кластери бой тикледи. Оның қурылысы мәмлекетимиз басшысының турақлы итибарында болып келди. Президентимиз 2017 ҳәм 2018-жылларда бул жерге келип, процесс пенен жақыннан танысқан еди. Кейинги жыллардағы пандемия шараятында да жумыс тоқтаўсыз даўам еттирилип, завод бүгин қурып питкерилди.

Шавкат Мирзиёев комплекс бойлап жүрип, технологияларды көзден өткерди.

Завод ҳәм баҳасы, ҳәм көлемине бола үлкен. Оның баҳасы 3 миллиард 420 мың доллар, имарат майданы 135 гектар. Қурылыста бир ўақыттың өзинде 13 мыңнан аслам инженер ҳәм жумысшылар қатнасқаны бул жерде қаншелли кең көлемли жумыслар орынланғанын көрсетеди.

Бундай ири комплекс усы пайытқа шекем жәҳәнде тек 4 мәмлекетте ­ Қатар, Нигерия, Қубла Африка Республикасы ҳәм Малайзияда ғана қурылған.

Заводта Япония, Корея, Сингапур, АҚШ, Германия, Италия, Уллы Британия, Россия, Қытай сыяқлы 24 мәмлекеттеги 130 ға шамалас жетекши кәрханаларда таярланған 10 мыңнан зыят үскенелер орнатылған. Технологиялық шешимлер, үскене ҳәм процесслерди қоллынаў ушын 140 халықаралық лицензия ҳәм патентлер алынған. Олардың көпшилиги дүньяда бирден-бир ҳәм сийрек ушырасады.

Президент қәнигелерге геологиялық излеў жумысларын тереңлестирип, бул жердеги заводлар ушын шийки зат запасын кеңейтиў бойынша көрсетпелер берди.

­ Бул тармақта еле режелеримиз көп. Оларға кепилленген шийки зат керек. Бурын кәнди таптық ­ саттық. Ҳәзир өзимизде қайта ислеп, халқымызға мәп келтириўге ҳәрекет етип атырмыз. Келешекте бул жердеги өнимлерге талап артып барады. Дүнья «жасыл экономика»ға өтип атыр. Соның ушын жаңа геофизикалық үскенелерден пайдаланып, геологиялық изертлеўлерди тереңлестириў керек, ­ деди Шавкат Мирзиёев.

Бундай үлкен объекттиң ислеўи ушын, әлбетте, үлкен көлемде энергия зәрүр. Заводта бул бағдарда бийғәрез система жаратылған. Яғный, жумыс процесинде пайда болатуғын пардан жылына 650 миллион киловатт-саат электр энергиясы алынады. Бул арқалы завод өзин-өзи электр менен тәмийинлейди. Сондай-ақ, жақындағы Шўртан газ-химия комплекси ҳәм енди қурылатуғын кәрханаға да қуўат жеткерип береди. Усының есабынан үнемленген электр энергиясы хожалықлар ҳәм исбилерменлерге жибериледи.

Мәмлекетимиз басшысы заводтың басқарыў орайында болды. Ол жерде өндирис, мониторинг ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўши пүткил система басқарып барылады. Оны Американың Honeywell корпорациясы тренингинде тәжирийбе арттырған жасларымыз ислетпекте.

­ Заманагөй билимлерди ийелеп, шет тиллерин үйренип, сырт елде тәжирийбе арттырып, мине усындай кәрханада ислеп атырғаныңызды көрип, жүдә қуўанышлыман. Билимиңиз ­ ең үлкен байлығыңыз. Мине, ҳәзир қарақалпақстанлы оператор жигит пенен сөйлестим: айлығым 15 миллион сум, деди. Бундай жасларымыздың көбейиўин қәлер едим. Буның ушын басқа заманласларыңызды да илимге, өнерге шақырып, изиңизден ертиң. Ташкент, Наўайы, Ферғана, Бухара ўәлаятлары ҳәм Үстиртте және 5 химия технологиялық кластерин дүзиўди баслағанбыз. Оларда ким ислейди? Сизлерге уқсаған өзимиздиң қара көзлер, ­ деди Президент олар менен сәўбетте.

Заманагөй лаборатория, техникалық суў тәмийнаты объекти де көзден өткерилди.

Завод әтирапында өндиристи сателлит тийкарында раўажландырыў, жумысшылар ушын турақ жайлар, спорт ҳәм мәденият орынларын қурыў бойынша көрсетпелер берилди.

Усы күни Қашқадәрья ўәлаятының Ғузор районында «Uzbekistan GTL» заводының ашылыў мәресими болды. Илажда Президент Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

­ Бүгин, Жаңа жыл қарсаңында бул қутлы оазисте мәмлекетимиз санаатында және бир жарқын бет ашып атырған тарийхый ўақыяға гүўа болыў бәршемизге шексиз қуўаныш бағышлайды. Бундай үлкен комплекстиң қурылысы кейинги жылларда санааттың раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша әмелге асырып атырған сиясатымыздың нәтийжеси, десек, дурыс болады, ­ деди мәмлекетимиз басшысы.

Бул завод мәмлекетимизде ҳәм улыўма регионымызда нефть-газ-химия санааты тараўындағы ең ири кәрхана. Комплексте жылына 3,6 миллиард метр куб тәбийғый газ қайта исленип, баҳасы 1 миллиард доллардан зыят болған 1,5 миллион тонна таяр суйық өнимлер ислеп шығарылады. Атап айтқанда, 307 мың тонна авиакеросин, 724 мың тонна дизель жанар май, 437 мың тонна нафта, 53 мың тонна суйылтылған газ таярланады.

Усы өнимлердиң есабынан, жылына 500 миллион долларлық импорттың орны қапланады, 200 миллион долларлық экспорт ҳәм 2 триллион сумлық салық түсимлери тәмийинленеди.

Нәтийжелилиги жағынан айтқанда, бул жерде тәбийғый газ 3 есе жоқары қунлы таяр өнимлерге айландырылады. Атап айтқанда, авиакеросин оғада таза ҳәм сапалы болып, ең заманагөй самолётларға мөлшерленгени ушын оған ҳәмийше талап бар. Заводта ислеп шығарылатуғын дизель жанр майы да кеминде «Евро-6» стандартларына сай болады. Бул өнимлер мәмлекетимиздеги логистика орайларын раўажландырыў ҳәм авиация хабларын шөлкемлестириўге беккем тийкар жаратады.

Халықаралық энергетика агентлигиниң есап-санақларына бола, GTL өнимлерин ислеп шығарыў 2030-жылға барып, 2 есеге артады. Сонлықтан, және де жоқары қосымша қунлы басқа түрдеги өнимлер ислеп шығарыў да режелестирилген. Атап айтқанда, завод негизинде алкил-бензол, бутен ҳәм гексен, синтетикалық майлар, малеин ангидрид, эмульсиялық қосымшалар, катализаторлар сыяқлы өнимлер ислеп шығарыў бойынша баҳасы 620 миллион доллар болған 6 жойбар әмелге асырылыўы мөлшерленген. Бул ярым таяр өнимлер химия ҳәм турмыслық химия, текстиль, былғары ҳәм мебель, қурылыс материаллары ҳәм электротехника сыяқлы тараўларда кеңнен қолланылады.

Президентимиз бүгинги күнде пүткил дүнья «жасыл экономика»ға өтип атырғанын, саўда-сатықта бул бағдарда талаплар қойып атырғанын атап өтти. «Uzbekistan GTL» өнимлери болса жәҳәндеги ең жоқары экологиялық талаплар ҳәм стандартларға толық жуўап береди. Бул жерде таярланатуғын синтетикалық жанылғы дәстүрий жанылғыларға қарағанда 40 процент аз шығынды ҳәм зыянлы газ пайда етеди. Буның есабынан, жылына 13 мың 500 тонна зыянлы газлердиң ҳаўаға тарқалыўына жол қойылмайды.

­ Завод иске түскеннен кейин жәми 1 мың 300 қәниге жоқары дәраматлы, турақлы жумыс орнына ийе болады. Мени қуўандыратуғыны, завод қурылысында қатнасқан қәнигелердиң дерлик 80 проценти өзимиздиң жергиликли кадрлар, жаңаша ислеўге қуштар жаслар. Бул тәжирийбе келешекте мәмлекетимизде жаңа санаат объектлерин өз күшимиз бенен қурыўда, әлбетте, жүдә керек болады. Бул жаслар ­ Жаңа Өзбекстан жаслары. Олар миллий санаатымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып, бул жолда «алтын фонд»ымызға айланады, ­ деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Оқыў бағдарламаларын заманагөй талаплар тийкарында қайта көрип шығыў, студентлердиң әмелиятын усы заводта шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәресимде «Uzbekistan GTL» заводының техник директоры Марсель Юрген Краузе, «Hyundai Engineering» компаниясы президенти Ким Чанг Хаг, «Газпромбанк» басқармасы баслығының орынбасары Алексей Матвеев, «Air Products» компаниясы президенти Сейфи Гасемий сөзге шығып, жаңа заводтың тарийхый әҳмийетин атап өтти.

Мийнет нураныйлары, жумысшылардың ата-аналары мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў принципи усы жойбар мысалында көрсетилгенин атап өтип, мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

Мәресим шеңберинде және бир кәрхана ­ Шўртан газ-химия комплексиниң өндирислик қуўатлылығын 3 есеге кеңейтиў бойынша жойбар қурылысына да старт берилди.

Бул жойбардың баҳасы 1 миллиард 800 миллион доллар болып, «Uzbekistan GTL» заводы жанында қурылады. Онда 430 мың тонна нафтаны қайта ислеў есабынан жылына 280 мың тонна полиэтилен ҳәм 100 мың тонна полипропилен таярланады. Және мыңға шамалас жумыс орны ашылады.

Усы тәризде, Шўртанда елимиздеги биринши ири газ-химия кластерине тийкар салынады. Бул кластерде өним ислеп шығарыў көлеми ҳәзирги 290 миллион доллардан 2025-жылда 1,8 миллиард долларға жеткериледи. Яғный, 6 есеге артады.

Бул кластер системасындағы кәрханалар 1 долларлық шийки заттан 10 долларлық жоқары қосымша қунлы таяр өнимлер жаратады.

Еки жаңа комплекс тек өзиниң өнимлери арқалы ғана емес, ал, басқа санаат тараўларында 100 миллион долларлық комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклер ушын базар қәлиплестиреди.

­ Бул жойбарлар Өзбекстанда жаңа санаат дәўирин жаратыў жолындағы туңғыш ири қәдемлеримизден бири. Исенимим кәмил, сизлер менен бирге келешекте бул бағдарда экономикамыздың раўажланыўына үлкен үлес қосатуғын, оның бәсекиге шыдамлылығын беккемлейтуғын және көплеп ири жойбарларды табыслы әмелге асырамыз, ­ деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы жаңа кәрхана қурылысына тырнақ тасын қойды.

Усының менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қашқадәрья ўәлаятына сапары жуўмақланды.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзА хабаршысы