Президент Шавкат Мирзиёев 22-декабрь күни Ташкент ўәлаяты Алмалық қаласындағы ири санаат жойбарлары, социаллық тараў жумысы менен танысты, халық пенен пикирлести.

Кейинги жыллары қала ҳәм экономикалық, ҳәм социаллық жақтан раўажланып бармақта. Жаңа кәрханалар, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери иске қосылмақта. Бул өзгерислердиң «драйвери» – Алмалық кән-металлургия комбинаты.

Елимизде ислеп шығарылып атырған санаат өниминиң 7  проценти, экспорт көлеминиң 15 проценти усы комбинаттың үлесине туўра келеди. Кейинги жыллары илимге ҳәм технологияға үлкен қаржы қаратылғаны нәтийжесинде жаңа кәнлер табылып, өндирис көлеми артпақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-марттағы қарарына муўапық, комбинатта «Жаслық-1» кәнин өзлестириў бойынша 5 миллиард 122 миллион долларлық мегажойбар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы Алмалыққа сапары ўақтында, дәслеп усы кәндеги жумысларды көзден өткерди.

Кән аймағы 11 мың гектар. Резерви де соған жараса салмақлы – жылына 65 миллион тонна қазылма қазып алыў қуўатлылығына ийе. Бул кәнде алтын, мыс, гүмис, молибден, селен сыяқлы 13 түрдеги баҳалы ҳәм бийбаҳа металлар бар. Оларды қайта ислеў ушын Алмалық кән-металлургия комбинатында 3-мыс байытыў фабрикасы қурылмақта.

Президентимизге бул бағдардағы жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.

Бул жерде жумыс басланған 2017-жылы жылына 3 миллион куб метр кән жумыслары орынланатуғын еди. 415 миллион долларлық 570 тен аслам заманагөй техникалар алып келингеннен соң, нәтийжелилик он есеге артты. Енди жумыс көлеми жылына 40 миллион куб метрди қурамақта.

– Бул кән – катализатор. Оны нәтийжели өзлестириў менен бирге киши кәнлер бойынша да жаңа бағдар жаратыў керек. Бул да қосымша жумыс орынлары, үлкен экспорт, дегени,-дедеи Шавкат Мирзиёев.

Жойбар шеңберинде, сондай-ақ, ҳәк заводы, 650 мегаватлы  электр тармағы ҳәм басқа да инфраструктуралық объектлер қурылады. Жәми 6 мың адам жумыс пенен тәмийинленеди.

Мәмлекетимиз басшысы бул комбинат, улыўма, келешекте ҳәр бир санаат кәрханасы өзин-өзи алтернатив электр энергиясы менен тәмийинлеўи зәрүр екенлигин атап өтти. Илимий изертлеўлерди ҳәм мақсетли аспирантураны кеңейтиў, Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң Алмалық филиалының потенциалын арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы Алмалық кән-металлургия комбинатының 3-мыс байытыў фабрикасының қурылыс процеси менен танысты.

Бул имаратқа быйыл 29-июль күни тырнақ тасы қойылған еди. Ҳәзирги күнде 107 гектар майданда фабриканың тийкарғы бөлеги қурылмақта.

Бул жойбардың баҳасы 2 миллиард доллар болып, ҳәзирги күнде 861 миллион доллар өзлестирилген. Жойбарластырыў жумысларына Италияның «Wood» және жойбарды техникалық жақтан баҳалаў ҳәм қабыл етиўге Уллы Британияның «Technip Energies» компаниялары тартылған.

Дирекция имаратлары ҳәм қурылысшылар ушын киши қала пайдаланыўға тапсырылған болып, және бир киши қаланың қурылысы даўам етпекте.

Және бир әҳмийетли тәрепи, қәрежетлерди азайтыў мақсетинде фабрика жанында металл конструкциялар заводы қурылмақта.

Жаңа фабрикада руда қоймаханалары, майдалаў, унтаў ҳәм флотация имаратлары, гидрометаллургия цехы, оңлаў устаханалары, шығынды хожалығы ҳәм басқа да объектлер болады. Жумыс процеси заманагөй үскенелер жәрдеминде басқарылады. Бул, инсан факторын азайтып, өнимниң сапасын ҳәм жумыс қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Президентимиз бул жердеги қурылыс жумысларын жеделлестирип, 2023-жылдың ақырына шекем иске қосыў бойынша усыныслар берди.

Бул жердеги киши қалада Алмалық кән-металлургия комбинатын 2030-жылға шекем раўажландырыўға байланыслы режелер додаланды.

Комбинаттың JORC кодекси бойынша баҳаланған мыс ресурслары 45 миллион тоннаны, алтын ресурслары болса 5 мың тоннадан асламды қурайды. Оған тийкарланып, 2030-жылы мыс ислеп шығарыў көлемин 515 мың тоннаға, алтынды 52 тоннаға, гүмисти 343 тоннаға алып шығыў бойынша концепция таярланған. Соның есабынан комбинаттың жыллық өндирис көлемин 8 миллиард долларға жеткериў режелестирилген.

Бәринен бурын, комбинатты трансформациялаў шеңберинде басқарыў, өндирис ҳәм логистика процесслерин санластырыў, операциялық нәтийжелиликти арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

– Ең тийкарғысы, келеси еки жылда комбинатта заманагөй басқарыў системасын енгизип, оны мәмлекет жәрдемисиз ислей алатуғын, дүньяның жетекши металлургия компанияларынан бирине айландырыў тийкарғы ўазыйпа болыўы керек,-деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы 3-мыс байытыў фабрикасын қурыў менен параллел түрде 4-фабриканы да жойбарластырыў зәрүр екенлигин атап өтти. Буның нәтийжесинде руданы қайта ислеў көлеми 160 миллион тоннаға жетип, 3 мәртеге көбейиўи мүмкин.

Мәжилисте мыс кластерин шөлкемлестириў мәселелерине де итибар қаратылды.

Ҳәзирги күнде мысты қайта ислеў ҳәм жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў бойынша баҳасы 76 миллион долларлық 22 жойбар қәлиплестирилген.

Сондай-ақ, Президентимиздиң Корея Республикасына мәмлекетлик сапары ўақтында Ташкент ўәлаятында  Ярымөткизгишлер ҳәм электроника кластерин шөлкемлестириўге келисилген.

Президентимиз бул бағдардағы жумысларды жеделлестирип, электр техникасы, энергетика, автомобиль санааты ушын талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарыў бойынша көрсетпелер берди.

Бул жерде мәҳәлле баслықлары, ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилери менен де сөйлесиў өткерилди.

– Комбинатты, әлбетте, зор етемиз. Бирақ, бәринен бурын, адамлар разы болыўы керек. Үйи жақсы, суўы душшы, электри өшпейтуғын, жумысы дәраматлы болыўы зәрүр. Оның ушын мәҳәлледе қандай машқалалар бар екенлигин, оларды шешип, адамларға шараят жаратыў ушын не керек екенлигин сизлер айтыўыңыз зәрүр. Соның ушын ашық сөйлессек, пайдалы болады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Ҳәким жәрдемшилериниң өзлери жуўапкер болған мәҳәлледе жумыссызлықты азайтыў, исбилерменлик ҳәм қыйтақ жерди раўажландырыў, жасларды спортқа тартыў бойынша режелерин айтып берди. Мәмлекетимиз басшысы оларға исеним билдирип, усынысларын қоллап-қуўатлады.

Шавкат Мирзиёев социаллық мәкемелердеги шараятларды да көзден өткерди.

Мәмлекетимизде «инсан қәдири ушын» деген принцип тийкарында күшли жәмийетлик сиясат алып барылмақта. Сол тийкарда билимлендириў ҳәм медициналық хызмет сапасын арттырыў илажлары көрилмекте.

Алмалық қаласындағы 20-қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеби сондай дәргайлардан бири. Бул жерде математика, ана тили, инглис тили тереңлестирилип оқытылады.

Мәкеме үш қабатлы болып, 1 мың 500 ден аслам оқыўшыға мөлшерленген. Усы жылы мектеп имараты толық оңланған. 46 класс бөлмеси, 3 лаборатория ҳәм пән ханалары заманагөй үскенеленген.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги шараятларды көзден өткерди, мектеп оқыўшылары менен сәўбетлести.

– Ҳәр бир минут – байлық. Бул байлықтан пайдаланып, терең билим алыўыңыз керек. Мине, Алмалық комбинатының қуўатлылығын арттырып атырмыз, жаңа фабрикалар қурып атырмыз. Оларда ким ислейди! Сизлер! Барлық реформаларымыздың тийкары, исеними – билимли жаслар,-деди Шавкат Мирзиёев.

Президент Алмалық қаласындағы шаңарақлық поликлиниканы да барып көрди.

Бул поликлиника 1989-жылы қурылған болып, 2017-жылы капитал оңланған. Бул жерде Алмалық қалалық қыстаўлы медициналық жәрдем бөлими, орайлық емлеўхана, балалар емлеўханасы, көп тармақлы орайлық поликлиника да жайласқан. Бул медициналық хызметлерди сапалы ҳәм нәтийжели көрсетиўде әҳмийетли фактор болмақта.

Президент талап көп болып атырған бағдарларды районлараралық дәрежеге түсирип, хызметлерди халыққа жақынластырыў, жәрдемге мүтәж пуқаралардың денсаўлығын турақлы қадағалаўға алып, инсан қәдирин әмелде көрсетиў зәрүр екенлигин атап өтти. Усы мақсетте Ташкент ўәлаятында медицина бойынша үш жыллық бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Бул жерде Алмалық қаласында қурылатуғын «Жаңа Өзбекстан» массиви ҳаққында мағлыўмат берилди. Жақын жылларда қала халқы 130 мыңнан 200 мыңға жететуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы олар ушын мүнәсип шараятлар жаратыўды ҳәзирден ойлаў, турақ жай, социаллық инфраструктура қурыў керек екенлигин атап өтип, жуўапкерлерге бул бойынша көрсетпелер берди.

 

Авазбек ХУДОЙҚУЛОВ,
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
ӨзАның хабаршылары