Президент Шавкат Мирзиёев 20-декабрь күни азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, бул бағдардағы жумыслардың әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында балықшылық тараўын раўажландырыў ҳәм кооперация тийкарынла балық жетистириў нәтийжелилигин арттырыў илажлары бойынша  мәжилис өткерди.

Мәжилис  алдында мәмлекетимиз басшысы халықты азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў тараўында финанслық мәселелер шешилип, барлық имканиятлар жаратып берилгенине қарамастан, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде  кемшиликлер сақланып атырғанына итибар қаратты. Көрсетилген машқалаларды сапластырыў, өз аймағында зәрүр азық-аўқат өнимлериниң жетерли резервин қәлиплестириў ҳәм баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў барлық дәрежедеги ҳәкимлердиң дыққат орайында болыў керек екенлиги атап өтилди.

– Дүньяда азық-аўқат баҳаларының өсиўи, инфляция қәўип-қәтерлери келеси жылы азық-аўқат қәўипсизлиги ең әҳмийетли мәселе болып қалыўын айқын көрсетпекте. Сонлықтан, ўәлаят ҳәкимлери өз аймағында балық жетистириў жағдайын таллап, исбилерменлер ҳәм халықтың шаңарақларына барлық шараятларды  жаратып бериў бойынша системалы шуғылланыўы зәрүр, – деди Президент.

Өткен бес жылда мәмлекетимизде балықшылық тармағында улыўма баҳасы 2,2 триллион сумлық 1016 жойбар әмелге асырылыўы нәтийжесинде балық жетистириў көлеми 6 есеге артып, быйылғы жылы 400 мың тоннаға жеткерилди. Балықтан пайдаланыў көлеми 2016-жылға салыстырғанда 5,7 есеге артты.

Мәжилисте бул көрсеткишлер жетерли емес екенлиги, бар имканиятлар толық иске қосылмай атырғаны сынға алынды.

Наўайы, Наманган, Сырдәрья, Ферғана, Ташкент ўәлаятларында өнимдарлық елеге шекем гектарына 3-4 тоннаны қурап атырғаны, бул аймақларда интенсив балық жетистириў көлеми улыўма өндиристиң 10 процентинен артпай атырғаны атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен жасалма бассейнлерди интенсивлестириў, тармақта  кластерлер ҳәм кооперация системасын раўажландырыў мәселелери көрип шығылды. Келеси жылы балық жетистириў көлемин 600 мың тоннаға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Буған ерисиў ушын Шараф Рашидов районы тәжирийбеси тийкарында келеси жылы 10 мың шаңарақта интенсив балық жетистириў жолға қойылады. Шаңарақларда кооперация тийкарында жылына 80 тоннадан аслам балық жетистирген кластерлер үш жыл мүддетке салықлардан азат етиледи. Сырт елден қәниге тартқан кластерлерге болса қәрежетлердиң бир бөлегин қаплап бериў  тәртиби орнатылады.

Үйинде балық жетистириўшилер ушын «Ҳәр бир шаңарақ- исбилермен» бағдарламасы шеңберинде ажыратылатуғын кредитлердиң муғдары арттырылады, бул мақсетлерге келеси жылы 400  миллиард сум ҳәм 20 миллион доллар қаратылады.

Балық жетистириўши шаңарақ ийелери ушын жер ҳәм мүлк салықлары 50 процентке азайтылып, олар өзин-өзи бәнт еткен халық категориясына өткериледи.

Янгийўл ҳәм Төменги Шыршық районларында халықты балық жетистириўге үйретиў  бойынша тәжирийбе өткерилип, келеси жылы 1-июньнен Наўайы, Сырдәрья ҳәм Ферғанада да кеңнен енгизиўге көрсетпе берилди.

Сондай-ақ, ири балықшылық жойбарларына келеси жылы 20 миллион евро тартыў режелестирилген.

Өнимдарлығы төмен болған 21 мың гектар жасалма бассейнлерде өнимдарлықты 3 есеге арттырыў ҳәм қосымша 190 мың тонна балық жетистириў  зәрүр екенлиги атап өтилди. Буның ушын 2,2 мың хожалықты 50 мың суўды кислород пенен байытыў үскенеси – аэратор менен тәмийинлеў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Жуўапкерлерге бул имканиятлардан пайдаланып, жаңа жойбарларды ҳәм өним ислеп шығарыўды көбейтиў, усы тийкарда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм ишки базарды балық өнимлери менен толықтырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Тармақ ҳәм аймақлардың басшылары балықшылықта әмелге асырылған жумыслар ҳаққында есабат берип, 2022-жылғы режелери менен таныстырды.

 

ӨзА