Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетлик сапар менен Корея Республикасында болды.

Сапар етиўдиң тийкарғы илажлары 17-декабрь күни өткерилди.

Корея Республикасы Президентиниң Сеул қаласындағы «Чонг Ва Дэ» резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президентин рәсмий күтип алыў мәресими болды. Жоқары мәртебели мийман ҳәм оның зайыбының ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Еки елдиң мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Салтанатлы мәресимде таза ҳаўалы мәмлекеттиң әййемги тарийхы ҳәм жарқын заманагөйлиги өз сәўлелениўин тапты.

Кейин ала мәмлекет басшылары еки мәмлекеттиң рәсмий делегацияларының қатнасыўында сөйлесиў өткерди.

Корея Республикасының Президенти жоқары мәртебели мийманды қутлықлап, Сеул Ташкент пенен бирге ислесиўди барлық бағдарларда буннан былай да раўажландырыўға үлкен әҳмийет қаратып атырғанын атап өтти.

– Ҳүрметли Мырза Шавкат Мирзиёевти, мениң қәдирли достымды қутлықлайман. Сеулге хош келдиңиз. Усы жылы январь айындағы ушырасыўымызды жақсы еслеймен. Сол сөйлесиўимиз усы жылдағы биринши жоқары дәрежедеги ушырасыўым болды. Бүгин болса Сиз бенен жыл жуўмағында жүзбе-жүз көрисип турмыз. Мениң дипломатиялық илажларым әйне Сиз бенен басланып, жуўмағына жетип атырғанынан оғада қуўанышлыман. Корея ҳәм Өзбекстан айрықша стратегиялық шериклик қатнасықлары менен байланысқан бирге ислесиўшилер болып есапланады. Биргеликтеги ис-ҳәрекетлер менен аўыл хожалығы үскенелери ҳәм электр техникасын ислеп шығарыў, энерготехника тармағы ҳәм энергетика, санаат кәрханаларын қурыў сыяқлы тараўларда ҳәр қыйлы жойбарлар әмелге асырылмақта.  Сизиң сапар етиўиңиз шеңберинде бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылады. Биз Өзбекстан менен ийинлес турып, глобаллық климат өзгерислерине қарсы турыўға, «ақыллы» қалалар, смарт-фермалар, МКТ ҳәм электромобильлер ислеп шығарыў сыяқлы перспективалы жойбарларда бирге ислесиўди раўажландырыўға таярмыз. Кирип киятырған жылда бизлер дипломатиялық қатнасықлар орнатылыўының 30 жыллығын белгилеймиз. Жаңа жылда бизлер биргеликте абаданлықтың жаңа бетин ашамыз, – деп үмит етемен.

Президент Шавкат Мирзиёев мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдирип, ашық-айдынлық ҳәм өз-ара исеним еки мәмлекет арасындағы қатнасықлардың раўажланыўы ушын беккем тийкар болып киятырғанын атап өтти.

– Ушырасып турғанымыздан оғада қуўанышлыман. Мәмлекетлик сапар менен гөззал Кореяға келиўге мирәт еткениңиз ҳәм ҳәр қашанғыдай жақсы миймандослық ушын миннетдарман. Ҳәзир ҳаўа-райы суўық, бирақ кореялы досларымыздың кеўли ысық. Биз мәмлекетиңиз ҳәм корейс халқына айрықша бир қанаатланыўшылық пенен қараймыз. Менталитетимиз, дәстүр ҳәм руўхый қәдириятларымыз уқсас. Сизлердиң «Жаңа сиясат»ыңыз жоқары технологиялар, санластырыў, инновациялық ҳәм «жасыл» раўажланыў тараўларында елиңиз жетекшилигин беккемлеў, қәбилетли корейс халқының үлкен интеллектуаллық потенциалын әмелге асырыўға хызмет етти, – деди Өзбекстан Президенти.

Мине 15 жылдан берли, мәмлекетлеримиз стратегиялық шерик болып есапланады. Шавкат Мирзиёев ҳәм Мун Чжэ Инниң дослығы ҳәм сиясий ерк-ықрары болса Өзбекстан – Корея бирге ислесиўине жаңа пәт бағышлаўға күшли хошамет болды.

Мәмлекет басшылары төртинши мәрте ушыраспақта. 2017-жылы ноябрь айында Шавкат Мирзиёев Корея Республикасында мәмлекетлик сапар менен болды. 2019-жылы апрель айында Президент Мун Чжэ Инниң Өзбекстанға жуўап сапар етиўи болып өтти, оның шеңберинде Айрықша стратегиялық шериклик ҳаққында қоспа декларация қабыл етилди. 2021-жыл январь айындағы онлайн саммитте болса жетекшилер өз-ара байланысларды буннан былай да жеделлестириў бойынша бир қатар жаңа ҳәм әҳмийетли басламаларды алға қойды.

Кореяға бул ретки сапар етиў жедел сөйлесиўдиң логикалық даўамы болды.

Өзбекстан жетекшиси узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген әмелий шерикликтиң тийкарғы бағдарларын қайта көрип шығыўды дәўирдиң өзи талап етип атырғанын айрықша атап өтти. Еки мәмлекеттиң бирге ислесиўи глобаллық экономиканың бүгинги қәўип-қәтерлерине толық жуўап бериўи керек.

Корея Республикасы Өзбекстанның тийкарғы саўда-экономикалық бирге ислесиўшилеринен. Соңғы жылларда товар алмасыў ҳәм биргеликтеги кәрханалардың саны дерлик еки есеге артты. Пандемия ақыбетлерине қарамастан, көп қырлы қатнасықлар избе-из раўажланып бармақта.

Өзбекстан ҳәм Корея Еркин саўда ҳаққындағы келисимди дүзиў мәселесинде бираз илгериледи. Ушырасыўда усы ҳүжжеттиң келеси жылы қол қойылыўы себепли товар алмасыў көрсеткишлерин арттырыў ҳәм тең салмақлылыққа келтириў имканияты пайда болатуғынына исеним билдирилди.

Кореяның Өзбекстанға инвестициялар көлеми 7 миллиард доллардан артқан. Усы жылы 320 миллион доллар, яғный 2020-жылға салыстырғанда 20 процент көп өзлестирилди. Бул қаржылар есабынан химия, нефть-химия, тоқымашылық, қурылыс, аўыл хожалығында биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта.

Корея Эксимбанки ҳәм  Экономикалық раўажланыў ҳәм бирге ислесиў фонды (EDCF) менен көп жыллық нәтийжели бирге ислесиў айрықша  дыққатқа ылайық. Мәселен, усы қор шеңбериндеги қаржыландырыў көлеми 1 миллиард долларға жеткерилди. 2023-жылға шекем Өзбекстанда жаңа жойбарларды әмелге асырыўға салмақлы қаржы қаратылмақта.

Кореяның халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) менен нәтийжели шериклик те кеңеймекте.

Өзбекстан Президенти жақын дәўирге мөлшерленген бирге ислесиўде үш тийкарғы бағдар: «жасыл» раўажланыў, санластырыў ҳәм социаллық қорғаў системасын беккемлеў мәселелери күн тәртибинде турғанын атап өтти. Перспективадағы барлық қоспа жойбарлар, бағдарлама ҳәм ҳәрекетлер режелерин усы тийкарғы үстинликлерден келип шыққан ҳалда ислеп шығыў усыныс етилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстанның инсан капиталы ҳәм тәбийғый ресурслары Корея Республикасының перспективалы технологиялары ҳәм билимлери менен бирлессе, жәҳән базарында талап жоқары болған өним ислеп шығарыўды раўажландырыў ушын жақсы тийкар жаратыў мүмкин екенлигин айрықша атап өтти. Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз басшысы Экономикалық раўажланыўға жәрдемлесиў фондын (EDCF) тартқан ҳалда Ташкент ўәлаятында ярымөткизгиш ҳәм электроника өндириси бойынша Өзбекстан – Корея кластерин шөлкемлестиў усынысын билдирди. Оның аймағында илим-билимлендириў мәкемелери, алдынғы технологиялар тараўындағы изертлеўлер менен қолланбалар орайларын жайластырыў мүмкин болады.

Тәреплер атап өткениндей, мәмлекетимизде биргеликте шөлкемлестирилген Тоқымашылық технопарки ҳәм Аўыл хожалығы машина қурылысы орайының жумысын ҳәр тәреплеме хошаметлеў ҳәм раўажландырыў даўам еттириледи.

Өзбекстан Кореяның санлы экономика, жасалма интеллект, «ақыллы қалалар», аутсорсинг, байланыстың жаңа әўлады ҳәм интернет-технологиялар бағдарындағы жетискенликлеринен өз әмелиятында пайдаланыўдан мәпдар.

Мәмлекетлеримиз денсаўлықты сақлаў, мектепке шекемги ҳәм жоқары билимлендириў тараўларында исенимли бирге ислеспекте. Медицинада әмелге асырылған дәслепки ири биргеликтеги жойбарлардың нәтийжесинде өткен жылдан берли Ташкент қаласында Балалар көп тармақлы клиникасы жумыс алып бармақта.

Корея билимлендириў модели дүнья жүзиндеги ең үлгили тәжирийбелерден бири болып есапланады. Әне, сол себепли елимиздиң мектепке шекемги билимлендириў системасы Кореядағы бирге ислесиўшилердиң алдынғы тәжирийбеси ҳәм билимлери тийкарында толық реформаланды.

Өзбекстан Президенти университетлер арасындағы инновациялық бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенин атап өтип, олардың турақлы қарым-қатнасы ушын турақлы майдан жаратыў, келеси жылы еки мәмлекеттиң жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлар форумын өткериўди усыныс етти.

Сөйлесиўлер ўақтында пандемиядан кейинги дәўирде туризм тараўы экономикалық өсиў локомотивлеринен болыўы мүмкин екенлиги атап өтилди. Өзбекстан Корея компанияларының мийманханалар ҳәм инфраструктуралық объектлердиң қурылысына байланыслы жойбарлардағы қатнасыўын қоллап-қуўатлаўға таяр.

Келеси жылы мәмлекетлеримиз дипломатиялық қатнасықлар орнатылыўының 30 жыллығы ҳәм корейс диаспорасы Өзбекстанда жасап атырғанының 85 жыллығын белгилейди.

Мәмлекетимиз басшысы 2022-жылды «Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы арасындағы өз-ара алмасыўлар жылы» деп жәриялаўды, Ташкентте Корейслер тарийхы музейи ҳәм Корейс мәденият ҳәм көркем өнер үйи жанында китапхана шөлкемлестириўди усыныс етти.

Сондай-ақ, глобаллық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысылды.

Өзбекстан ҳәм Кореяның көплеген мәселелер бойынша көзқараслары уқсас болып есапланады. Мәмлекетлеримиз халықаралық майданда бир-бирине жәрдемлеспекте. Корея Республикасы Өзбекстанның БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесине сайланыўын, сондай-ақ, 2023-жылы Жәҳән туризм шөлкеми Бас ассамблеясының 25-сессиясын өткериў орны сыпатында Самарқандтың кандидатурасын мақуллады. Өзбекстан, өз гезегинде, Кореяның 2024-2025-жылларда БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң ўақытша ағзасы болыў нийетин қоллап-қуўатлайды.

Президент Шавкат Мирзиёев «Корея Республикасы – Орайлық Азия» форумының регионымыздың турақлы раўажланыўына жәрдемлесиўдеги орны күшейип атырғанын жоқары баҳалады.

Өзбекстан жетекшиси өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң перспективалы жойбарлары менен бағдарламаларын алға қойыў мақсетинде парламентлер ҳәм ҳүкиметлер дәрежесиндеги сөйлесиўдиң жаңа нәтийжели механизмлерин енгизиўди усыныс етти.

Өзбекстан Президентиниң мәмлекетлик сапар етиўи, оның шеңберинде қабыл етилген қарарлар ҳәм ерисилген келисимлердиң әҳмийети бойынша, айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да жоқары дәрежеге алып шығыў ушын беккем тийкар жаратыўшы тарийхый ўақыя болды.

Мәмлекет басшыларының нәтийжели сөйлесиўлерден кейин еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Мун Чжэ Ин Өзбекстан Республикасы менен Корея Республикасы арасындағы айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын тереңлестириў ҳаққындағы биргеликтеги баянатты қабыл етти.

Бул ҳүжжетте өз-ара пайдалы бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, дипломатиялық қатнасықлар орнатылыўының 30 жыллығын кеңнен белгилеў, еки халық арасындағы дослық қатнасықларын беккемлеў мақсетлери орын алған. Санластырыў, «жасыл» экономика ҳәм күшли социаллық сиясат тараўлары айрықша стратегиялық шерикликтиң үш әҳмийетли бағдар сыпатында белгиленген.

Еки мәмлекет басшылары жанында Денсаўлықты сақлаў тараўында ҳүкиметлераралық келисим, Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги менен 2022-2024-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы, Сыртқы ислер министрликлери арасында 2022-2024-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы, сондай-ақ, энергетика тараўында өз-ара қарым-қатнас қоры арқалы қаржыландырыў, сийрек ушырасатуғын металлар, мыс ҳәм олардың бирикпелерине байланыслы меморандумларға қол қойылды.

Сондай-ақ, сапар етиў шеңберинде мәлимлеме технологиялары, «ақыллы» аўыл хожалығы тараўларына байланыслы меморандумлар ҳәм Экономикалық раўажланыў қоры менен биргеликте медициналық үскенелер жеткерип бериў ҳаққында келисимге қол қойылды.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Сеул қаласында Корея Республикасы Миллий Ассамблеясының Спикери Пак Бён Сок пенен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиўде Өзбекстан Республикасы ҳәм Корея Республикасы арасындағы айрықша стратегиялық шериклик қатнасықлары ҳәр тәреплеме раўажланып атырғаны, Президентимиздиң бул мәмлекетлик сапар етиўи оларға жаңа пәт бағышлағаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ҳәр қыйлы дәрежелерде, соның ишинде, парламентлераралық бирге ислесиў бағдарында нәтийжели сиясий сөйлесиў ҳәм байланыслар жедел даўам еттирилмекте.

Өзбекстан – Корея қатнасықларын беккемлеўде парламентлераралық «дослық топарлары» әҳмийетли орын ийелейди. Усы жылы июнь айында олардың онлайн ушырасыўы болып өтти. Мәмлекетлик басқарыўды реформалаў, пуқаралық жәмийет, гендер мәселелери, билимлендириў ҳәм аймақларды раўажландырыўға байланыслы нызам дөретиўшилиги шеңберинде тәжирийбе алмасылмақта.

Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириў бойынша кең түрде пикир алысылды.

Миллий Ассамблея Спикери Кореяның тәжирийбе алмасыўын кеңейтиўге, соның ишинде, Өзбекстанда электрон парламент механизмлерин енгизиўге жәрдемлесиўге таяр екенин билдирди.

Корея парламентиниң ўәкиллери келеси жылы Ташкент қаласында өткерилетуғын Жәҳән мәмлекетлери парламентлериниң ҳаял-қызлар спикерлери саммитинде қатнасыўын тастыйықлады.

Сондай-ақ, биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыўдың жаңа институционаллық механизмлерин енгизиў басламасы қоллап-қуўатланды.

Тәреплер «Корея Республикасы – Орайлық Азия» бирге ислесиў форумы шеңбериндеги тығыз қарым-қатнасты даўам еттириўден мәпдар екенин тастыйықлады.

Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўы үстинен нәтийжели парламентлик қадағалаўды тәмийинлеў әҳмийетли екени атап өтилди. Еки мәмлекет парламентлериниң ўәкиллери бул бағдарда бар күш ҳәм имканиятларын иске қосатуғынын атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев Сеулдеги миллий қойымшылыққа барып, марҳумлардың естелигине ҳүрмет көрсетти.

Бул жерде Корея ғәрезсизлиги ушын гүрескен ҳәм урысларда набыт болған инсанлар, мәмлекеттиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер жерленген. Сол себепли ол теберик зыярат етиў орны сыпатында ҳүрметленеди. Сырт мәмлекетлер басшыларының бул жерге келиўи корейс халқына ҳүрметтиң бир көриниси болып есапланады.

Шавкат Мирзиёев зайыбы менен биргеликте усы қойымшылықтағы естеликке гүл қойды ҳәм естелик жазыў қалдырылды. Бул жазыў комплекс музейинен орын алады.

Мәмлекетимиз басшысы Ҳүрметли мийманлардың китабына дәсхат жазды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Корея Республикасына мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

ӨзА