Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Инниң мирәт етиўине бола 16-18-декабрь күнлери мәмлекетлик сапар менен Қубла Кореяда болды.

Мәмлекетимиз басшысы сапар шеңберинде Сеул қаласында Корея Республикасының жетекши компаниялары ҳәм финанслық структураларының басшылары менен ушырасыў өткерди.

Илажда Корея Республикасы саўда, санаат ҳәм энергетика министри Мун Син Ук, Корея халықаралық саўда аўқамының баслығы Кристофер Ку, Корея Эксимбанки, Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA), «SK Ecoplant», «Posco», «Samsung», «SK Nexilis», «Youngone», «KIA Motors», «K-water», «KT-Net»  ҳәм көплеген басқа да компаниялардың басшылары қатнасты.

Сырт елге сапарлар ўақтында бундай ушырасыўлар өткериў жақсы дәстүрге айланған. Атап айтқанда, Өзбекстан Президенти 2017-жылы Корея Республикасына әмелге асырған мәмлекетлик сапары шеңберинде ири бизнес-форум өткерилген еди. 2019-жылы болса мәмлекет басшылары Ташкенттеги қоспа бизнес-форумда қатнасты. Усы илажлардың нәтийжесинде исбилерменлер арасында исеним күшейди, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шериклик жеделлести. Нәтийжеде көплеген жойбарлар иске қосылды. Мәмлекетимиз экономикасының барлық тараўларына базар механизмлерин енгизиў бағдарындағы сезилерли жаңаланыўлар әмелге асырылып атырғаны да бирге ислесиўдиң кеңейиўине хызмет етпекте. Биргеликте бизнес алып барыўға кесент еткен тосқынлықлар сапластырылды.

– Елимизде басланған өзгерислер артқа қайтпайды,-деди Шавкат Мирзиёев. – Жаңа Өзбекстан стратегиясында  мәмлекетимизде исбилерменлер ушын ең қолайлы шараятлар жаратыў, сырт ел бизнес искерлигин кеңейтиў жумысларын даўам еттириў нәзерде тутылған. Өзбекстанның исенимли досты ҳәм айрықша стратегиялық шериги – Корея Республикасы менен турақлы, исенимге тийкарланған ҳәм жедел раўажланып баратырған бирге ислесиўди қәдирлеймиз.

Еки мәмлекет арасында, соның ишинде, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда системалы байланыслар жолға қойылған. Арнаўлы жумысшы топар жумыс алып бармақта. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигинде Корея Республикасы менен еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў ушын жуўапкер өз алдына департамент дүзилген.

Бундай итибар ҳәм системалы жумыслар нәтийжесинде еки мәмлекет арасындағы қатнасықлар мисли көрилмеген жоқары дәрежеге көтерилди. Товар алмасыў еки есеге артып, 2,2 миллиард долларды қурады. Өзбекстан экономикасында Кореядан қаратылған тиккелей инвестициялар көлеми 7 миллиард доллардан артты. Кейинги бес жылда елимизде Корея инвестициясының қатнасыўындағы кәрханалар саны еки есеге көбейди. Бүгин олар мыңнан артық. Кореялы компаниялар менен бирге Өзбекстанда улыўма баҳасы 9 миллиард доллардан аслам 52 инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы Корея компанияларын биргеликте жаңа, кең көлемли басламаларды ислеп шығыўға шақырды.

Қубла Корея исбилермен шеңберлериниң ўәкиллери Өзбекстанда жедел исбилерменлик ушын жаратылған шараятларды жоқары баҳалады ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыўға үлкен қызығыўшылық билдирди.

Ушырасыўда Корея компаниялары менен биргеликте санластырыў, «жасыл» энергетика, машина қурылысы, аўыл хожалығы, тоқымашылық санааты, фармацевтика, геология тараўлары ҳәм басқа да көплеген бағдарларда улыўма баҳасы 5 миллиард доллардан артық 40 жаңа жойбарды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Президент Шавкат Мирзиёев бул режелерди мақуллап, жуўапкерлерге анық мүддетлерин белгилеген ҳалда тийисли «Жол картасы»н ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў бойынша тапсырма берди.

– Бас мақсетимиз – Корея бизнеси Өзбекстанда қолайлы орталықты сезип жумыс ислесин,-деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз Корея компанияларының басшыларын Өзбекстанға келиў ҳәм ол жерде сырт ел инвесторлары ушын жаратылған қолайлы шараятлардан пайдаланыўға мирәт етти.

Соның менен Өзбекстан Президентиниң Корея Республикасына мәмлекетлик сапары жуўмақланды.

ӨзА