Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Халықтың турақ жай шараятын жақсылаў, аймақларда заманагөй қала қурылысы талаплары тийкарында көп қабатлы турақ жайлар, социаллық  тараў ҳәм инфраструктура объектлери және инженерлик-коммуникация тармақларының қурылысын жеделлестириў, жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм елатлы пунктлердиң урбанизация  процесслерин раўажландырыў мақсетинде:

  1. Қурылыс министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў минитсрлиги және Қаржы минитсрлигиниң район (қала) орайларына жақын ҳәм турақ жайға талап жоқары болған аймақларда Ферғана ўәлаяты Бағдад районында қурылған «Мүриўбет» массиви үлгиси тийкарында «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

2022-жылы қурылатуғын «Жаңа Өзбекстан» массивлериниң мәнзилли дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. «Жаңа Өзбекстан» массивлеринде көп қабатлы турақ жайлар, инженерлик-транспорт коммуникациясы, социаллық тараў, өндирис, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери комплексли тәризде қурылады. Онда:

көп қабатлы турақ жайлардың  қурылыстан келип шығатуғын  жер участкалары исбилерменлик субъектлерине  электрон онлайн-аукцион  арқалы  ижара ҳуқықы  тийкарында реализацияланатуғыны;

көп қабатлы турақ жайларға  тутас жер участкалары  турақ жай қурып питкерилгенинен  кейин жергиликли атқарыў ҳәкимлик уйымының тийисли қарары менен көп қабатлы турақ жай мүлк ийелерине турақлы пайдаланыў  ҳуқықы  тийкарында ажыратып берилетуғыны;

массивлерде шөлкемлестирилетуғын өндирислик, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин қурыў ушын жер участкалары исбилерменлик субъектлерине белгиленген тәртипте  электрон онлайн-аукцион арқалы мүлк ҳәм ижара ҳуқықлары тийкарында реализацияланатуғыны;

электрон онлайн-аукционда жеңимпаз  деп табылған исбилерменлик субъектлеринде көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы ушын «ССС»  ҳәм оннан жоқары рейтингке  ийе болған қурылыс шөлкемлерин тартыўға руқсат етилетуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 21-апрельдеги ПҚ-5087-санлы қарарына муўапық халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслерине алыс ҳәм шетки аймақларда жайласқан жер участкаларына болған мүлк ҳуқықы ҳәм ижара ҳуқықын электрон онлайн-аукционға қойыўда жер участкасының  басланғыш баҳасын  50 процентке шекем азайтыў  ўәкиллиги берилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. «Жаңа Өзбекстан» массивлеринде сыртқы инженерлик-транспорт коммуникациялары және социаллық тараў объектлерин қурыўда төмендегилер:

а) буйыртпашы етип:

массивлердиң қурылыс жойбарларын ислеп шығыў, аймақларды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын орынлаў, сондай-ақ, социаллық тараў объектлерин қурыў  бойынша – тийислилигине бола Қарақалпақстан Республикасы Минитсрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанындағы «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг  компаниялары және «Жаңа Әндижан» қаласында объектлерди қурыў ҳәм олардан пайдаланыў дирекциясы» МУК;

автомобиль жолларын  қурыў бойынша – Автомобиль жоллары комитети;

ысытыў қазанханалары ҳәм ыссылық тармақларын  қурыў бойынша – Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги;

ишимлик ҳәм ақаба суў  тәмийнаты тармақларын қурыў бойынша – «Өзсуўтәмийнат» АЖ;

электр ҳәм газ тәмийнаты тармақларын қурыў бойыша – «Аймақлық электр тармақлары» АЖ ҳәм «Аймақгазтәмийнат» АЖ;

байланыс  тармақларын қурыў бойынша – «Өзбектелеком» АЖ белгиленсин;

б) массивлерди  қурыў жойбарларын  ислеп шығыў бойынша бас жойбарлаўшы етип «Қишлоққурилишлойиҳа» ЖШЖ, «ЎзшаҳарсозликЛИТИ» МУК, «ТошуйжойЛИТИ» АЖ ҳәм «ТашкентбошпланЛИТИ» МУК белгиленсин;

в) сыртқы инженерлик-транспорт коммуникациялары және социаллық тараў объектлериниң қурылысын әмелге асыратуғын бөлип алып ислеўши шөлкемлери мәмлекетлик  сатып алыўлары ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық анықлансын.

  1. «Жаңа Өзбекстан» массивлеринде төмендеги жумыслар:

массивлерди қурыў жойбарларын ислеп шығыў, сыртқы автомобиль жоллары, ишимлик ҳәм ақаба суў тәмийнаты тармақларын қурыў – Мәмлекетлик бюджет қаржылары, аймақларда шөлкемлестирилетуғын исбилерменлик  инфраструктурасын раўажландырыў қорлары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан;

сыртқы электр ҳәм газ тәмийнаты тармақларын  қурыў – «Аймақлық  электр  тармақлары» АЖ ҳәм «Аймақгазтәмийнат» АЖлардың өз қаржылары және тийкарланған есап-санақларға бола Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын  қысқа мүддетли процентли  ссудалар есабынан;

көп қабатлы турақ жайларды  қурыў – исбилерменлик  субъектлериниң өз қаржылары, коммерциялық банклердиң кредитлери ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген  басқа дәреклер есабынан;

аймақларды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў  жумысларын орынлаў – жергиликли бюджет қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан;

социалллық тараў объектлери (мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, улыўма билимлендириў  мектеплери, медициналық пунктлер, ысытыў қазанханалары ҳәм басқалар)ин қурыў – Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар есабынан әмелге асырылады. Онда, социаллық тараў объектлери  мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында қурылғанда, бул жумыслар мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимге муўапық орынланады.

  1. Қаржы министрлиги (Ишметов) 2021-жылы Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде өзлестирилмеген 300 миллиард сум муғдарындағы қаржыларды тең үлеслерде Қаржы министрлиги жанындағы Суў тәмийнаты ҳәм канализация системаларын раўажландырыў қоры және Автомобиль жолларын раўажландырыў мақсетли қорының есап бетине өткерсин.
  2. Усы пәрманның 2-қосымшасында көрсетилген аўыл хожалығына мөлшерленген төмен рентабелли 489 гектар жер майданлары «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ушын аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер категориясынан тийислисинше  елатлы пунктлердиң жерлери және санаат мақсетлерине мөлшерленген жерлер категориясына өткерилсин.

Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын усы Пәрманға муўапық алып қойыў себепли аўыл хожалығы ҳәм  тоғай хожалығы өндирисиниң набыт болыўының орнын қаплаў бойынша компенсация төлемлери өндирилемейтуғыны;

бул жер участкаларынан мақсетли пайдаланыўы ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери жеке  жуўапкер есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери  аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары қысқарып кетиўиниң  алдын алыў мақсетинде 2023-жыл 1-январьға шекем усы пәрман менен категориясы өзгерип атырған суўғарылатуғын жер участкалары майданының  бес  есеси  муғдарында жаңа  жерлер өзлестирилиўин тәмийинлесин. Онда, аўыл хожалығына мөлшерленген жаңа жер  участкалары Кадастр агентлиги тәрепинен белгиленген тәртипте есапқа алынғаннан соң  өзлестирилген есапланады.

Кадастр агентлиги (Умаров) Аўыл хожалығы министрлиги (Ходжаев) менен биргеликте  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери тәрепинен аўыл хожалығына мөлшерленген жаңа жер участкалары өз  ўақтында ҳәм белгиленген муғдарда өзлестирилиўин қатаң қадағаласын.

  1. Қурылыс министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң «Жаңа Өзбекстан» массивлери менен биргеликте алдынғы жылларда қурылған массивлердиң бос турған жер участкаларында да турақ жайларды қурыўды даўам еттириў ҳаққындағы усыныс мақуллансын.

Министрлер Кабинети Қурылыс министрлиги (Зокиров), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Бобоев), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң бос турған жер участкаларында ҳәм турақ жайға талап жоқары болған басқа аймақларда қурылатуғын турақ жайлардың  мәнзилли дизимин ҳәм қурылыс параметрлерин тастыйықласын.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тастыйықланған мәнзилли дизим тийкарында турақ жай қурыў ушын жер участкаларының белгиленген тәртипте электрон онлайн-аукционға  шығарылыўын тәмийинлесин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери бир ай мүддетте «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў жойбарларын ислеп шығыў ҳәм оларда қурылыс жумысларын шөлкемлестириўге «Аўыл қурылыс инвест» ИК ЖШЖ және «Өзқала қурылыс инвест» ИК ЖШЖлерди тартыў бойынша  усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Воитов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери менен биргеликте еки ай мүддетте 2022-жылы «Жаңа Өзбекстан» массивлерине тутас ҳәм жақын аймақларда шөлкемлестирилетуғын киши санаат зоналары ҳәм технопарклердиң дизимин тастыйықласын.
  3. Қурылыс министрлиги (Закиров):

а) 2022-жыл 1-июньге шекем 2023-2026-жылларда қурылатуғын «Жаңа Өзбекстан» массивлериниң мәнзилли дизимин қәлиплестирсин ҳәм Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.

б)  бир ай мүддетте:

«Жаңа Өзбекстан» массивлеринде қурыў ушын усыныс етилетуғын көп қабатлы турақ жайлардың үлги жойбарларын ислеп шықсын ҳәм жойбар шешимлерин өзиниң рәсмий веб-сайтында жайластырсын;

Көп қабатлы турақ жайлардың қурылысында энергия үнемлеўши материаллардан  пайдаланыўды нәзерде тутатуғын талапларды ислеп шықсын ҳәм олардың қала қурылысы нормалары менен қағыйдаларына киргизилиўин тәмийинлесин;

қала қурылысы нормалары менен қағыйдаларына көп қабатлы турақ жайлардың подвалларын пайдалы майдан сыпатында ислетиў бойынша өзгерислер киргизилиўин тәмийинлесин;

в)  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери менен биргеликте көп қабатлы турақ жайларды жойбарлаў ҳәм қурыўда  белгиленген қурылыс нормалары менен қағыйдаларына, қурылыс-монтажлаў ҳәм пардозлаў жумысларын орынлаў сапасына  қатаң әмел етилиўи бойынша шөлкемлестириў-техникалық илажлар  әмелге асырылыўы үстинен системалы қадағалаў орнатсын.

г) исбилерменлик субъектлери тәрепинен көп қабатлы турақ жайларды қурыў бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлери нызамшылықта белгиленген мүддетлерде таярланыўы, келисилиўи ҳәм қурылыс жумыслары басланыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (Хаджаев) ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (Кўчимов) Қаржы министрлиги (Ишметов), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Бобоев), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери менен биргеликте усы пәрманның мазмун ҳәм мәниси ғалаба хабар қураллары арқалы кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
  2. Қурылыс министрлиги (Закиров) Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Воитов) менен биргеликте бир ай мүддетте турақ жай қурылыс кластерлерин шөлкемлестириў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. Бас прокуратура (Юлдашев) «Жаңа Өзбекстан» массивлериниң қурылысында баҳалардың тийкарсыз арттырылыўы, бәсеки ҳаққындағы нызамшылықтың бузылыўы және тастыйықланған жойбарлардың өзбасымшалық пенен өзгертилиўине жол қоймаў үстинен тәсиршең қадағалаў орнатсын.
  4. Қурылыс министриниң биринши орынбасары Д.К.Адиловқа «Жаңа Өзбекстан» массивлеринде қурылыс-монтажлаў жумысларын өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў, оларда жергиликли заманагөй қурылыс материаллары ҳәм үскнелерин кеңнен қолланыў арқалы турақ жайлардың баҳасын төменлетиў және қурыўшы шөлкемлер ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша жуўапкершилик жүкленсин.
  5. Усы пәрманның орынланыўын шөлкемлестириўге жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары А.Ж.Раматов ҳәм Ж.А.Қўчқоров, Қаржы министри Т.А.Ишметов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясына ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша мәлимлеме берип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 9-декабрь