Президент Шавкат Мирзиёев 11-декабрь күни Ташкент қаласы Мырза Улығбек районында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар менен танысты, халық пенен сәўбетлести.

Шавкат Мирзиёев дәслеп райондағы Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық паркин барып көрди.

Мәмлекетимиз басшысы усы заманагөй комплекстиң қурылысына 2019-жыл 20-ноябрьде тырнақ тасын қойған еди. Бул ретки сапар етиўде дөретиўшилик жумыслардың барысы көзден өткерилди.

Бүгинги күнде 20-25 қабатлы 6 офис имараты бой тиклеген. Конференция залының қурылысы жуўмақлаўшы басқышқа кирген.

Бул жерде жәми 17 имарат қурылады.

Технологиялық паркте IT-шөлкемлер, университет, конференция залы, коворкинг орайы өз-ара тығыз жумыс алып барады. Комплекс аймағында хызмет үйлери, мийманхана, кафе ҳәм ресторанлар, дүканлар, спорт майданы, дем алыс орынлары да болады. Жер астында 3 қабатлы автомобиль туратуғын орынлар қурылады.

Президентимизге бул объектлерде болатуғын шараятлар, тараўдағы нәтийжелер ҳаққында мағлыўмат берилди.

Заманагөй шараятлар жаратылып, жетик қәнигелер таярланып атырғаны нәтийжесинде кейинги бес жылда мәлимлеме технологиялары тараўында экспорт көлеми 50 еседен зыят өскени атап өтилди.

– Ҳәзирги заманда хызметлердиң үлкен бөлеги мәлимлеме технологиялары  арқалы көрсетилип атыр. Басқа тараўлардың да нәтийжелилиги усыған байланыслы. Соның ушын бул жердеги шараятларды кеңейтип, заманагөй IT-хабқа айландырыў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм оның системасындағы төменги шөлкемлерди усы жерге көширип, банк ҳәм 85-компанияларды тартып, технопаркти тутас комплекс тәризинде раўажландырыў, тараў ўәкиллери ушын қолайлы орталық жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиз басшысы усы жерде IT тараўында жумыс алып барып атырған қәнигелер ҳәм исбилерменлер менен сәўбетлести, сондай-ақ, Мырза Улығбек районындағы мәҳәллелердиң басшылары ҳәм район ҳәкиминиң мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилери менен сәўбетлести.

Президентимиз 2020-жыл 31-январь күни Геология илимлери университетиниң қурылысына тырнақ тасын қойып, геологиялық изертлеўлер экономиканың барлық тараўлары ушын керек екенлиги, диагнозсыз наўқасты операция етиў имканияты болмаған сыяқлы геологиясыз санаатты раўажландырып болмайтуғынын айрықша атап өткен еди.

Кейинги жылларда геология тараўына үлкен қаржылар ажыратылып, ең алдынғы технологиялар алып келинди. Жер асты байлықларының резерви де, прогноз ресурслары да көбейди. Оларды қазып, қосымша баҳалы өнимлер ислеп шығарыў ушын маман қадрлар да зәрүр.

Сол себепли Президентимиздиң басламасы менен өткен жылы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети системасында Геология илимлери университети шөлкемлестирген еди.

Сапар етиў ўақтында мәмлекетимиз басшысы жаңа университетте жаратылған шараятларды көзден өткерди.

– Геология экономикаға суў ҳәм ҳаўадай зәрүр. Соңғы жылларда илимий мектеплерди тиклеп, кадрлар таярлаўға итибар қаратып атырмыз, ең алдынғы илимий методикаларды енгизип, лаборатория үскенелерин орнатып, заманагөй шараятлар жаратпақтамыз. Енди нәтийжеге ислеў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Ҳәзирги күнде университетте бакалавриат бойынша 7 ҳәм магистратура бойынша 6 бағдарда улыўма 700 ден аслам студент билим алмақта. Бул бағдар ҳәм қәнигеликлерди тараўдың талабына қарап кеңейтиў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, 5 жыллық тәжирийбеге ийе, геология тараўында ислеп киятырған хызметкерлер ушын билимлендириўдиң сыртқы түри шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысы усы жерде студентлер, профессор ҳәм оқытыўшылар  менен сәўбетлести.

Жойбардың биринши басқышында оқыў имараты, жатақхана ҳәм 2 илимий институт, китапхана, лаборатория ҳәм геология музейи имаратлары қурылды.

Екинши басқышта 7 қабатлы лаборатория, 5 қабатлы Мәмлекетлик геология комитетиниң ҳәкимшилик имараты, 7 қабатлы геология фонды ҳәм Өзбек геологиялық излеў имараты ҳәм спорт комплекси қурылады.

Президентимиз қурылысты сапалы жуўмақлаў бойынша тийисли көрсетпелер берди.

Университет қурамында Ҳ.М.Абдуллаев атындағы Геология ҳәм геофизика институты, Минерал ресурслар институты, Гидрогеология ҳәм инженерлик геологиясы институты, Нефть-газ кәнлери геологиясы ҳәм излеў институты, Геология тараўы кадрларының маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў институты, Геоинновациялық технологиялар орайы ҳәм Мәмлекетлик геология музейи жумыс алып барады.

Буннан кейин Президент Шавкат Мирзиёев райондағы мийнет тәлимине қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде болды.

Бул мәкеме 1976-жылы қурылған болып, 1 мың 178 орынға мөлшерленген. Бирақ бүгинги күнде оқыўшылардың саны оған салыстырғанда көп. Имарат ҳәм үсекенелер де гөнерген.

Мәмлекетимиз басшысы класслар, спорт залы ҳәм асхананы көзден өткерди. Мектеп ушын жаңа имарат қурыў, жасларға өнер үйретиў, әмелият сабақларын кәрханаларда шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берди.

– Ҳәмме жерде заманагөй кәрханалар ашылып, инвестициялық жойбарлар әмелге асырылып атыр. Оларды жүргизетуғын потенциаллы кадрлар керек бизлерге. Соның ушын да муғаллим ҳәм мектеплерге, билимлендириўдиң сапасын жақсылаўға айрықша итибар қаратып атырмыз. Потенциаллы кадрлар бәсекини пайда етеди. Қайсы жерде бәсеки болса, сол жерде раўажланыў болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы усы жерде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен де сәўбетлести.

Сөйлесиўде медицина ҳәм мектеп билимлендириўин раўажландырыўға қаратылып атырған тийкарғы итибар, ҳәким жәрдемшилери жумысының мазмун-мәниси, олар ўақыт өткеннен кейин, төмендеги машқалаларды өзиниң басынан өткерген, потенциаллы кадрға айланыўы, сол арқалы үлкен кадрлар резервиниң қәлиплестирилиўи ҳаққында сөз болды.

Президент Шавкат Мирзиёев райондағы 7-шаңарақлық поликлиниканың жумысы менен танысты.

Бул мәкеме соңғы рет 1991-жылы капитал, 2018-жылы болса ағымда оңланған. Оның қуўатлылығы 250 қатнаўға мөлшерленген болып, аймақтағы 8 мәҳәлледе жасаўшы 41 мың халыққа хызмет көрсетип келмекте. Жәрдемши бөлимлерден физиотерапия, функционаллық диагностика, эндоскопия, орайлық клиникалық лаборатория, рентген, ултьрасес диагностикасы ҳәм күндизги емлеўхананың жумысы жолға қойылған.

Ҳәзирги ўақытқа шекем аймақтағы халықтың 93 проценти толық хатлаўдан өткерилип, 5 мың 518 пуқара ушын саламатландырыў илажлары белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы поликлиниканы заманагөй тәризде капитал оңлаў, халыққа ҳәр тәреплеме қолайлықлар жаратыў бойынша тапсырмалар берди. Диагностика үскенелери пүткиллей ескиргени себепли жаңаларына алмастырыў керек екенлиги атап өтилди.

– Амбулатор ҳәм стационар медициналық хызметти өзинде жәмлеген жаңа тәжирийбени әмелиятқа енгизиў керек. Шаңарақлық поликлиникаларға бириктирилген халыққа сапалы ҳәм арзан хызмет көрсетиў системасына өтиў арқалы аймақтағы емлеўханалар менен саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў керек, – деди Президент.

Усы жерде Мырза Улығбек районындағы медицина мәкемелериниң жумысы ҳаққында мағлыўмат берилди.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Авазбек ХУДОЙҚУЛОВ,

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршылары