Ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич!

Ҳүрметли Нурсултан Абишевич!

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Жоқары Евразия экономикалық кеңесиниң гезектеги мәжилисиниң барлық қатнасыўшыларын қутлықлаўдан оғада қуўанышлыман.

Кәсиплеслеримиздиң сөзлерине қосылған ҳалда, Қазақстан Республикасының Евразия экономикалық аўқамындағы табысы басшылығын атап өтпекшимен.

Қазақстанлы шериклеримиздиң басламасы менен Бирлеспе шеңбериндеги көп қырлы шерикликти кеңейтиўге хызмет еткен әҳмийетли қарарлар қабыл етилди.

Өзбекстан ҳәм Евразия экономикалық аўқамы арасындағы конструктивлик бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған қоспа илажлардың қоллап-қуўатланғаны ушын айрықша миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Өзбекстан Республикасы Евразия экономикалық кеңесине бақлаўшы сыпатында қосылғанына саррас бир жыл болды.

Өткен дәўирде биз узақ мүддетли қатнасықларды ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын беккем тийкар жараттық.

Евразия экономикалық комиссиясы менен системалы ҳәм нәтийжели жумыс жолға қойылды.

Меморандум ҳәм үш жыллық анық Илажлар режеси әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Евразия экономикалық аўқамының басқа уйымларының жумысында да белсене қатнаспақта.

Биз миллий нызамшылықты Евразия экономикалық аўқамының нормалары менен, биринши гезекте, стандартластырыў ҳәм сыртқы саўданы тарифлик емес тәртипке салыў илажлары тараўында жақынластырыў мәселесинде избе-из ҳәрекет етпектемиз.

Елимиз «COVIDсиз саяхат етемен»  санлы платформасына жалғанды.

Өзбекстанның Евразия раўажланыў банкине қосылыў процеси басланды.

Ҳәзирги дәўирдиң қыйыншылықларына қарамастан, қыйын шараятларға бейимлестириў ҳәм жаңа «өсиў ноқатлары»н излеп табыўға миясар болып атырмыз.

Атап айтқанда, Өзбекстанның Евразия экономикалық аўқамы мәмлекетлери менен сыртқы саўда айланысы усы жылдың 11 айында 30 процентке артты.

Ҳәзирги ўақытта, пандемиядан алдынғы 2019-жыл менен салыстырғанда, бирлепе мәмлекетлери менен өз-ара саўдамыз 11 процентке артты.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Өзбекстан Шөлкемимизге ағза мәмлекетлер менен саўда-экономикалық байланысларда унамлы пәтти сақлап қалыў ҳәм оларды турақлы раўажландырыў бойынша өз-ара келисилген илажлардың ислеп шығылыўының тәрепдарымыз.

Усы мүнәсибет пенен биргеликтеги қарарлар қабыл етиўди талап етип атырған ең әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтпекшимен.

Биринши.  Өз-ара саўдадағы тосқынлық ҳәм шеклеўлерди сапластырыўды даўам еттириў зәрүр, деп есаплаймыз.

Евразия экономикалық аўқамы мәмлекетлери менен товар алмасыўды көбейтиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бағдарындағы қатнаслар менен механизмлерди биргеликтеги ислеп шығыўға таярмыз.

Техникалық тәртипке салыў нормалары, санитариялық, фитосанитариялық ҳәм ветеринариялық талапларды үйлестириў жумысларын даўам етпектемиз.

Бул бойынша Евразия экономикалық комиссиясы менен биргеликте айрықша «Жол картасы»н келисиў процесин жуўмақлап атырмыз.

Екинши. Бурынғы саммитте санаат кооперациясын тереңлестириў әҳмийетли екени ҳаққында әдеўир сөз болды.

Бүгин бул бағдардағы жумысларымыз қатнасыўшы мәмлекетлер менен көбирек еки тәреплеме тийкарда алып барылмақта.

Биз Россия, Қазақстан, Беларусь ҳәм Қырғызстан менен санаат кооперациясын беккемлеў бойынша «жол карта»ларын қабыл еткенбиз ҳәм избе-из әмелге асырмақтамыз.

Бирлеспе менен тийисли бирге ислесиўди системалы тийкарда шөлкемлестириўди мақсетке муўапық деп есаплаймыз.

Соның ишинде, Евразия экономикалық кеңесиниң Индустриялластырыў онлайн картасын жаратыўда қатнасыўға таярмыз.

Үшинши.  Жаңа транспорт жолларын қурыў жойбарларын әмелге асырыў мәмлекетлеримиздиң транзит потенциалын арттырыў бағдарындағы биргеликтеги жумысларымызға қосымша жеделлик бағышлайды.

Өзбекстанның бүгин қол қойылып атырған келисимге муўапық әмелге асырылатуғын жүк тасыўларды бақлаў ушын навигация тамғаларын енгизиў бойынша бағдарламаға қосылыў имканиятын көрип шықпақтамыз.

Евразия экономикалық аўқамының Логистика шынжырларын раўажландырыўдың санлы экосистемасын жаратыў ҳаққындағы жаңа баслама да бизде қызығыўшылық оятпақта.

Төртинши. Глобал климат күн тәртибин есапқа алып, ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлердиң «жасыл» энергетика жойбарларын әмелге асырыў бағдарындағы ҳәрекетлерин бирлестириў зәрүр.

Усы мүнәсибет пенен, ҳәзир ғана Владимир Владимирович айтқан Жоқары дәрежедеги жумысшы топарға қосылыўға таярмыз және оның шеңберинде «жасыл» раўажланыў тараўындағы биргеликтеги Илажлар режесин тастыйықлаўды усыныс етемиз.

Бесинши. Санлы экономикаға өтиў, инновациялар ҳәм алдынғы IT -шешимлерди кеңнен енгизиў мәмлекетлеримиздиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыўда шешиўши әҳмийетке ийе.

Бул бойынша билим, тәжирийбе ҳәм алдынғы технологиялар алмасыў, мәмлекетлеримиз IT-парклери ҳәм орайлары арасында системалы бирге ислесиўди раўажландырыў, тараўда исбилерменлердиң шериклигин кеңейтиў мақсетинде гезектеги Евразия санлы форумын Өзбекстанда өткериўди усыныс етемиз.

Алтыншы. Евразия мәканындағы әҳмийетли исбилерменлик басламалары ҳәм бағдарламаларын әмелге асырыўға бақлаўшы мәмлекетлерди және де белсене тартыў бойынша өз-ара келисилген усыныслар таярлаў, илимий-техникалық ҳәм гуманитарлық алмасыўды хошаметлеў мақсетинде Евразия экономикалық аўқамы Раўажланыў орайының имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў нийетиндемиз.

Оның ушын орай тийкарында мәмлекетлеримиз раўажланыў институтларының белсене қатнасыўында өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша бир қатар илажлар өткериўди усыныс етемиз.

Жетинши. Экономикалық интеграция мақсетлеринен келип шығып, бақлаўшы мәмлекетлердиң Евразия экономикалық комиссиясы Кеңеси ҳәм уйымларының жумысында қатнасыў имканиятларын кеңейтиўди қәледик.

Бул бирге ислесиў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қоспа қарарларды ислеп шығыўға хызмет етеди.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Өзбекстан Евразия экономикалық аўқамы мәмлекетлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди тереңлестириўдиң исенимли тәрепдары екенин және бир мәрте тастыйықлайман.

Сөзимниң соңында Евразия экономикалық аўқамына басшылық Қырғызстанға өткени мүнәсибети менен Қырғыз Республикасы Президенти, ҳүрметли Садир Нургожоевич Жапаровқа үлкен табыслар тилеймен.

Пурсаттан пайдаланып, ҳүрметли дослар, сизлерди жақсынласып киятырған Жаңа жыл байрамы менен қутлықлайман, беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм өз алдыңызға қойған мақсетлериңиздиң әмелге асыўын тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.