Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында  10-декабрь күни эндокринология хызметин жетилистириў ҳәм қамтып алыўын арттырыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Эндокринология инсан саламатлығын, турмыс сапасын тәмийинлеўде ең әҳмийетли тараўлардан бири. Соңғы жылларда эндокринология тараўын жетилистириўге қаратылған өз алдына бағдарлама әмелге асырылды.

Республикалық қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медицина орайының  14 филиалының материаллық-техникалық базасы беккемленди. Бул филиалларда арнаўлы бөлимлер шөлкемлестирилгени себепли республикалық орайға мүрәжатлар 2 есеге азайды. Яғный, дерлик  5 мың пуқараның әўерегершилиги ҳәм артықша қәрежетлериниң алды алынды. Ҳәр жылы  80 мың наўқас инсулин менен бийпул тәмийинленбекте.

Бизге белгили, Өзбекстан халқы йод жетиспейтуғын аймақта жасайды. Ақыбетинде, кегирдек без кеселлиги көп ушырасады. Соңғы бес жылда эндокрин кеселликлер  20 процентке артып, жаслар арасында  да көбейген.

Улыўма, өткерилген хатлаўлардың нәтийжесине бола, елимиз бойынша 2 миллион халықтың 6 процентинде бул сыяқлы кеселликлер анықланған. Районларда қанды анализлеўге шараят ҳәм қәнигелердиң жетиспеўшилиги ақыбетинде кеселликтиң  аўыр белгилери болған көз, бүйрек ҳәм тобық кеселликлери бойынша пайтахтқа мүрәжатлар артқан.

Сонлықтан мәжилисте тараўдағы машқалаларды шешиў, эндокрин кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеў, әсиресе,  басланғыш буўынды жақсылаў мәселелери додаланды.

– Эндокрин кеселликлерди басланғыш буўында ерте анықлаў ушын қурамалы  үскенелер сатып алыў шәрт емес. Лабораторияларды үскенелеў, зәрүр реактивлер менен тәмийинлеў ҳәм тек эндокринолог емес, ал шаңарақлық шыпакерлерди де таярлаў үлкен нәтийже береди, – деди Президент.

Мәмлекетимиз  басшысы бул бағдарда жаңа система енгизиў зәрүр екенлигин атап өтти. Эндокрин кеселликлерин ўақтында анықлаў, олардың алдын алыў ҳәм емлеў бойынша айрықша бағдарлама қабыл етиледи.

Оған бола, бәринен бурын, шаңарақлық ҳәм эндокрин шыпакерлер арасында бирге ислесиў жолға қойылады. Буның ушын орынларда шөлкемлестирилген медицина бригадалары, мийирбийке тексериў ханалары ҳәм Саламатлық мектеплериниң роли күшейтиледи.

Мәселен, басланғыш шыпакер тексериўи процесинде  10 түрдеги тексериўди жолға қойыў арқалы ўәлаятлық орайларға мүрәжатларды 50 процентке  қысқартыў мүмкин екенлиги айтылды.

Сондай-ақ, эндокрин кеселликлерди ерте анықлаў мақсетинде келеси жылдан  40 жастан артқан халық жылына кеминде бир мәрте мәнзилли скринингтен өткериледи. Эндокрин кеселлик анықланған халықтың бирден-бир  электрон реестри иске қосылады. Ҳәр бир медицина бригадасы экспресс-тестлер өткериў ушын глюкометр менен тәмийинленеди.

Келеси жылы 1-июльден ҳәмиледар ҳәм бала емизиўши ҳаял-қызлар, 3-15 жастағы балаларға бийпул йод препараты бериледи. Қантлы диабет ушын метформин дәрилери  200 мыңнан аслам мүтәж халыққа бийпул тарқатылады. Мәҳәлледеги наўқаслар ҳәм диабет кесселиги бар халыққа кеселликти басқарыў үйретиледи.

Жуўапкерлерге бул системаны енгизиў бойынша көрсетпелер берилди. Басланғыш буўын ушын зәрүр қәнигелерди  таярлаў, дәрилер ислеп шығарыў ҳәм шаңарақлық поликлиникалар арқалы бөлистириў илажлары белгиленди.

Мәжилисте медицина мәкемелеринде лабораториялық хызметлерди көрсетиўди жаңа тийкарда жолға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Соның ишинде, районларда ең зәрүр лабораториялық тексериўлерди жолға қойыў арқалы көрсетилетуғын хызметлерди 5 тен 17 ге жеткериў ҳәм республикаға мүрәжатларды 20 процентке азайтыўға ерисиў мүмкин.

Усы мүнәсибет пенен лабораториялық анализлердиң нормативлерин халықаралық тәжирийбе тийкарында толық қайта көрип шығыў ҳәм жаңалаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Районларда шаңарақлық ҳәм орайлық поликлиника, орайлық емлеўхана және қыстаўлы медициналық жәрдем бөлиминиң лабораториялары оптималластырылып, күни-түни ислейтуғын орайлық лабораториялар шөлкемлестриледи. Олар шаңарақлық поликлиника ҳәм шыпакерлик пунтклерден материалларды жыйнап алыў ушын транспорт қураллары менен тәмийинленеди.

Келеси жыл даўамында лабораториялардағы 1 мыңнан аслам шыпакерлер ҳәм 3 мыңнан  аслам орта медицина хызметкерлериниң  маманлығы арттырылады.

Эндокринология орайының районлараралық бөлимлериниң саны ҳәзирги 29 дан  50 ге жеткерилетуғыны белгиленди. Аймақлардағы филиаллар жаңа медициналық  үскенелер менен тәмийнленеди ҳәм көрсетилетуғын хызмелердиң саны  15тен  40 қа жеткериледи.

Тараўдағы ең тийкарғы емлеў орайы бул, әлбетте, Республикалық қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медицина орайы болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысы бул орайды Ташкент медицина академиясының  клиникасы аймағындағы жаңа имаратларға көширип, жумысын көп тармақлы тийкарда шөлкемлестириў бойынша таспырмалар берди.

Атап өтилгениндей, орайда гормонал ҳәм минерал бузылыўлар, репродуктология ҳәм эндокринология, онко-эндокринология, кардио-диабет ҳәм  интервенциялық хирургия сыяқлы бағдарлар шөлкемлестириледи. Сондай-ақ,  20 дан аслам жоқары технологиялық жаңа әмелиятлар жолға қойылады.

Оның ушын Эндокринология орайы илимий-инновациялық мәкемеге айландырылады, илимий-изертлеў жумысларына сырт елден қәнигелер тартылады, докторантураға квоталар 2 есеге көбейтиледи. Орай шыпакерлериниң сырт елде тәжирийбе арттырыўы тәмийинленеди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди, шыпакерлер өз пикир-усынысларын билдирди.

 

ӨзА