Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-декабрь күни «Уралхим» компаниясы директорлар кеңесиниң ағзасы, бас директоры Дмитрий Мазепинди қабыллады.

Россияның ең ири минерал төгинлер ислеп шығарыўшысы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Тийисли ресурс базасын өзлестирген ҳалда азот, фосфор ҳәм қурамалы төгинлер ислеп шығарыў бойынша перспективалы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Илимий-техникалық қолланбалар ҳәм маман кадрлар таярлаў тараўларында бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша келисимге ерисилди.

ӨзА