Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-декабрь күни Жоқары Евразия экономикалық кеңесиниң видеоконференция тәризинде өткерилетуғын гезектеги мәжилисинде қатнасады.

Илаж Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында өтеди. Оған Россия, Беларусь, Қырғызстан ҳәм Армения, сондай-ақ, шөлкем жанындағы бақлаўшы мәмлекет – Куба жетекшилериниң қатнасыўы режелестирилген.

Саммит күн тәртибине муўапық, ЕАЭА шеңбериндеги интеграция процесслерин кеңейтиў ҳәм усы көп тәреплеме структураның жумысын жетилистириўдиң әҳмийетле мәселелери көрип шығылады.

Усы орында өткен жыл декабрь айынан берли Өзбекстан Евразия экономикалық аўқамында бақлаўшы есапланатуғынын атап өтиў керек.

 

ӨзА