Қәдирли ўатанласлар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды қутлы байрам – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 29 жыллығы менен шын жүрегимнен қутлықлайман.

Пүткил дүньядағы сыяқлы елимизде де даўам етип атырған коронавирус пандемиясы себепли быйылғы жыл да Конституция күнине бағышланған салтанатлы  мәресимлерди кең көлемде өткериўдиң, тилекке қарсы, имканы болмай атыр. Бирақ, бул байрам жүреклеримизге қуўаныш ҳәм жақсы кейпият бағышлап, шаңарақларымызда,  мийнет топарлары, билимлендириў орайлары, мәҳәллелерде кеўил-хошлық пенен белгиленбекте.

Ҳүрметли дослар!

Турмысымыз нызамы болған Конституциямыз ғәрезсизлик жылларында ерискен барлық жетискенликлер ҳәм шеклеримиздиң беккем ҳуқықый тийкары болып киятырғанын ҳәммемиз жақсы билемиз ҳәм жоқары қәдирлеймиз.

Усы Конституциямызға сүйенип, биз буннан бес жыл алдын мәмлекетимизде Ҳәрекетлер стратегиясын қабыл еттик ҳәм Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша кең көлемли реформаларды  басладық. Өткен қысқа дәўирде жәмийетимиздиң сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық, мәдений-ағартыўшылық орталығы пүткиллей өзгерди. Еркинлик ҳәм ашық-айдынлық, нызам үстинлиги, жәҳән жәмийетшилиги менен өз-ара пайдалы  бирге ислесиў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарына айланды.

Биз конституциямызда таңбаланып қойылған ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийетти қурыў идеясына садық қалып, усы жылы кең көлемли үлкен жумысларды әмелге асырдық, үлкен билим ҳәм тәжирийбе топладық.

Бәринен бурын, «Халық мәмлекетлик жәмийетшиликтиң бирден-бир дәреги болып есапланады» деген конституциялық қағыйдадан келип шығып, халық  пенен турақлы сөйлесиў жумысымыз өлшеми етип белгиленди, мәмлекетлик уйымлардың басшылары пуқаралар алдында есабат беретуғын нәтийжели система жолға қойылды.

Мәмлекетлик уйымлардың жумысында ашық-айдынлық барған сайын кеңейип бармақта. Сенатор ҳәм депутатлар, министрлер ҳәм ҳәкимлер, барлық мәпдар шахслар төменги буўынға мәҳәлле дәрежесине түсип, халық пенен тиккелей ушырасып, олардың машқалаларын орнында шешпекте.

Әҳмийетли қарар ҳәм нызамлардың жойбарларын, бюджет қаржыларынан ақылға уғрас пайдаланыў, мәмлекетлик сатып алыўлар мәселелерин додалаў барысында  бүгин пуқараларымыз белсене қатнаспақта. Усы тийкарда мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм пуқаралық институтлар арасындағы бирге ислесиў ҳәм жәмийетлик қадағалаў жаңа басқышқа көтерилмекте.

Ўатанласларымыз ушын мәмлекеттиң қәлеген аймағында емин-еркин жасаў, турақ жай ҳәм көшпес мүлк сатып алыў, пуқаралыққа ийе болыў, билим алыў, мийнет етиў, исбилерменлик пенен шуғылланып, дәрамат табыў, түрли мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўға байланыслы кең имканиятлар жаратылмақта. Ең әҳмийетлиси, бундай өзгерислерди ҳәр бир инсан күнделикли турмысында  көрмекте, сезбекте.

Әсиресе, мәмлекет тәрепинен Өзбекстан пуқараларының ҳуқық ҳәм еркинликлерин сырт еллерде де тәмийинлеў бойынша баслаған ислеримиз сырт елде жасап атырған ўатанласларымыздың Ўатанымызға болған меҳри ҳәм исенимин арттырыўға хызмет етпекте.

Бундай нәтийжелерге ерисиўде Конституция ҳәм нызамларымыз талапларынан келип шығып, экономика ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, халықты турақ жай менен тәмийинлеў, медицина ҳәм билимлендириў тараўларындағы машқалалар, мәжбүрий мийнет, атап айтқанда, балалар мийнети, жумыссызлық, кәмбағаллық, коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери  кең жәмийетшилигимиздиң қатнасыўында шешилип атырғаны әҳмийетли роль ойнамақта.

Мәмлекетимизде социаллық машқалаларды сапластырыў мақсетинде енгизилген «темир дәптер», «ҳаял-қызлар дәптери», «жаслар дәптери», «мәҳәлле кесиминде» ҳәм «шаңарақ кесиминде» ислесиў системалары дәслепки унамлы нәтийжесин берип атырғанын атап өтиў зәрүр. Әсиресе, ҳүрметли нуранийларымыз, ҳаял-қызлар, жаслар, халықтың жәрдемге мүтәж қатламларының ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Жергиликли  кеңеслердиң жумысы да жанланбақта. Усы жылдың өзинде бул струтктуралар арқалы пуқаралардың  29 мыңнан аслам машқалалары унамлы шешилгени, өз ўазыйпасын жуўапкершилик пенен орынламай атырған басшыларға тийисли нызамлы илажлар көрилип атырғаны да соннан дәрек береди.

Инсан ҳуқықларын қорғаўда әҳмийетли орын тутатуғын суд системасында түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, қадағалаў инстанциясы бийкар етилип, пуқаралар ҳәм адвокатлардың шағымлары да,  тап прокурор протести сыяқлы, тиккелей көрилетуғын тәртип орнатылды.

Биринши мәрте лаўазымлы шахсларды нызамсыз ҳәрекетлерден тыйып туратуғын ҳәкимшилик судлар жумысы жолға қойылып, олар арқалы быйылғы  жылдың өзинде 6,5 мыңнан аслам пуқара ҳәм исбилерменниң ҳуқықлары тикленди. Экономикалық ҳәм пуқаралық судларда прокурордың  қатнасыўы шекленди, жынаят ислерин тийкарсыз түрде судтан шақырып алыў менен  байланыслы әмелият сапластырылды.  Сырт ел инвесторлары ҳуқықларының қорғалыўын күшейтиў мақсетинде Халықаралық коммерциялық арбитраж жумысы жолға қойылды.

Адвокатлардың ўәкилликлери кеңейтилмекте, Олий Мажлис жанындағы Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил – Омбудсман тәрепинен шөлкемлестирилген жәмийетшилик топарлар өз ўазыйпасын нәтийжели әмелге асырыў ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта.

Быйыл 4 мыңнан  аслам шахс суд залынан азат етилип, 8 мыңға шамалас пуқараға тийкарсыз қойылған статьялар айыплаўдан шығарылғаны, 859 шахс ақланғаны суд-тергеў тараўындағы реформаларымыздың ең әҳмийетли нәтийжеси болып есапланады.

Халқымызға тән кеширимлилик, кеңпейиллик принциплерине әмел еткен  ҳалда, билип-билмей жынаятқа қол урған, қылмысына шын жүректен пушайман болып, дүзелиў жолына исенимли өткен шахсларға әпиў етиў институты турақлы қолланбақта. Сол бағдардағы ислеримиздиң даўамы сыпатында Конституция күни алдында және бир пәрманға қол қойдым. Оған бола, усы категорияға тийисли 182 шахс мүддетинен алдын азат етилип, еркин турмысқа қайтарылмақта.

Мәмлекетимизде сөз ҳәм ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларын жәмийетшилик пикирин көрсететуғын «төртинши ҳәкимият»қа айландырыў бағдарында әҳмийетли қәдемлер қойылмақта.

Түрли миллет ҳәм диний конфессиялар ўәкиллериниң өз тили, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин раўажландырыў ушын зәрүр шараят ҳәм имканиятлар жаратылмақта.

Ҳәзирги ўақытта биз Конституциямыз нормаларын турмысқа толық енгизиў, жәмийетте нызам ҳәм әдиллик үстинлигин, инсан ҳуқықлары менен мәплери, оның қәдир-қымбатын және де нәтийжели тәмийинлеў бағдарында еле көп  жумыс ислеўимиз керек екенлигин жақсы билемиз. Алдымызда  турған  ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын Жаңа Өзбекстан  раўажланыў стратегиясы  шеңберинде  кең көлемли реформаларымызды избе-из даўам  еттиремиз.

Бәринен бурын, Стратегияда белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпаларды турмысқа енгизиўдиң шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарларын жаратып, демократиялық жаңаланыўларды күшейтиўге айрықша итибар қаратамыз. Парламентлик ҳәм жергиликли кеңеслердиң ўәкилликлерин және де кеңейтиў, атқарыў уйымлары үстинен ўәкиллик қадағалаўын күшейтиў, сиясий партиялар ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен  бирге ислесиўди жетилистириў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылады. Әсиресе, аймақларды раўажландырыўда жергиликли кеңеслердиң ролин арттырыў, пуқаралық жәмийети институтларының нәтийжели жумысы ушын зәрүр шараятлар жаратыў  итибарымыз орайында болады.

Ҳәкимшилик реформалардың бағдарламаларын әмелге асырыў бағдарында мәмлекетлик уйымлардың ҳуқықый статусын анық белгилеў, ықшам басқарыў аппаратын қәлиплестириў ҳәм жумыс жүргизиўди санластырыўға айрықша әҳмийет қаратылады.

Және бир әҳмийетли ўазыйпа әмелдеги жынаят нызамшылығын қайта көрип шығыўдан ибарат.

Ҳәзирги күнде колониялардағы жазаны өтеўшилердиң дерлик 80 проценти мийнетке тартылған болса да, олардың ислеген жыллары улыўма мийнет стажына қосып есапланбайды ҳәм пенсия тайынлаўда  инабатқа алынбайды. Социаллық әдиллик принципине туўры келмейтуғын бундай шеклеўдиң  бийкар етилиўи қамақтағылар тәрепинен  финанслық мүтәжлик себепли қайта жынаятқа қол урыўдың алдын алыўға хызмет еткен болар еди. Сондай-ақ,  жазаны өтеп болған пуқаралардың жәмийетте өз орнын табыўға жәрдем бериў ушын «дәслепки жәрдем пакети» системасы енгизиледи. Атап айтқанда,  өзиниң анық исбилерменлик жойбарын усыныс етип,  еркин жумысын басламақшы болған бурынғы қамақта болғанларға Пробация хызметин раўажландырыў қорынан  10 миллион сумға шекем бир мәртелик материаллық жәрдем бериледи.

Раўажланыўымыз кедерги болған коррупцияға қарсы гүресиў, жәмийетте оның ҳәр қандай көринисине маўасасызлық орталығын қәлиплестириўге қаратылған сиясатты избе-из даўам еттиремиз. Бул бағдарда мәмлекетлик уйымлар менен бирге, кең жәмийетшилик, әсиресе, пуқаралық жәмийети институтларының күш ҳәм потенциалынан нәтийжели пайдаланыўға әҳмийетли итибар қаратамыз.

Әзиз дослар!

Раўажланыў  стратегиясында өз көринисин таўып атырған, әдил ҳәм халықшыл мәмлекет қурыўда үлкен әҳмийет көрсететуғын ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын, бәринен бурын, жаңа конституциялық  мәкан ҳәм және де беккем нызамшылық база керек болыўын, ҳәммемиз жақсы түсинемиз, деп ойлайман. Усы мәнисте, Тийкарғы нызамымызды жәмийеттеги бүгинги реал ўақыялыққа , жедел реформаларымыздың логикасына ийкемлестириў, Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясы ушын беккем ҳуқықый негиз жаратыў әҳмийетли ўазыйпаға айланбақта.

Усы жыл Президент сайлаўы алдынан болып өткен ушырасыўларда пуқараларымыз, кең жәмийетшилик, сиясий партиялардың ўәкиллери тәрепинен билдирилген усынысларда әне усы мәселе айрықша атап өтилгени конституциялық реформаларды объектив зәрүрлик сыпатында күн тәртибине қоймақта.

Бул, әсиресе, төмендеги жағдайларда айқын көринбекте.

Бириншиден,  алдын әмел етип келген «мәмлекет – жәмийет – инсан» принципин «инсан – жәмийет – мәмлекет» деп өзгертиў, оын миллий нызамшылығымыз ҳәм ҳуқықый әмелиятымызда беккемлеў зәрүр.

Екиншиден,  экономикалық реформалар процесинде инсан мәплерин тәмийинлеў бас норма болыўы керек. Бул – халықшыл мәмлекет қурыўдың ең әҳмийетли шәрти болып есапланады.

Үшиншиден, «Жәмийет – реформалар интакери»  деген ийгиликли идея шеңберинде  Тийкарғы нызамымызда пуқаралық жәмийети институтларының орны ҳәм  статусын  конституциялық жақтан  беккемлеў  де дәўир талабы  болып есапланады.

Төртиншиден, Тийкарғы нызамымызда шаңарақ институтын раўажландырыў,  ийгиликли инсаныйлық қәдириятларымызды келешектеги әўладларға қәстерлеп жеткериў, миллетлераралық татыўлықты және де беккемлеў бойынша конституциялық тийкарларды белгилеп қойыўымыз зәрүр.

Бесиншиден, перзентлеримиз Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери сыпатында майданға шығып атырған бүгинги күнде Конституциямызда жаслардың ҳуқық ҳәм мәплерин толық тәмийинлеў мақсетинде жаслар тараўындағы мәмлекетлик сиясат, ул-қызларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәселеси, олардың ҳуқық ҳәм миннетлемелерин конституциялық дәрежеде өз сәўлесин табыўы керек.

Алтыншыдан, ҳәзирги күнде Өзбекстан социаллық мәмлекет ҳәм әдил жәмийет қурыўға қарай исенимли бармақта. Сонлықтан «Жаңа Өзбекстан – социаллық мәмлекет» деген принципти конституциялық қағыйда сыпатында мөрлеўдиң ўақты-сәти жетти, деп ойлайман.

Жетиншиден, инсан ҳуқықаларын қорғаў бойынша әмелдеги системаның нәтийжесин арттырыў мақсетинде Конституциямызда балалар мийнетине жол қоймаў, майыплар, кексе әўлад ўәкиллериниң ҳуқықларын исенимли қорғаў мәселелери өз көринисин табыўы зәрүр.

Сегизиншиден, ҳәзирги ўақытта көплеген раўажланған мәмлекетлер, тәбияттағы глобал өзгерислерди есапқа алып, өз конституциясына экологияға байланыслы арнаўлы баплар киргизбекте. Өзбекстан Конституциясында да усы әҳмийетли мәселеге байланыслы ҳуқықый нормалар тийкарғы орын ийелеўи керек.

Тоғызыншыдан, Үшинши Ренессанстың төрт тығыз шынжыры болған бақша, мектеп, жоқары билимлендириў ҳәм илим тараўларын раўажландырыў мәселелерин конституциялық дәрежеде беккемлеп қойыў да мақсетке муўапық болып есапланады.

Әлбетте, Конституцияны жаңалаў сыяқлы оғада әҳмийетли, стратегиялық ўазыйпаны шешиўде бизлер жети мәрте емес, жетпис мәрте ойлап, халқымыз бенен ҳәр тәреплеме мәсләҳәтлескен ҳалда, елимиз ҳәм дүнья жүзиндеги алдынғы тәжирийбелерди терең үйренип, анық қарар қабыл етиўимиз зәрүр.

Олий Мажлис палаталары, ҳүрметли депутат ҳәм сенаторларымыз, ҳүрметли нуранийлер, ҳаял-қызлар, жаслар жәмийетшилиги, ҳуқықтаныўшы ҳәм сиясаттаныўшы илимпазларымыз, илим – билим ғайраткерлери, дөретиўши зыялыларымыз, пүткил халқымыз бул мәселеде өзиниң анық пикир ҳәм көзқарасларын билдиреди, деп исенемен.

Белгили мәмлекетлик ҳәм сиясат ғайраткери Уинстон Черчильдиң «Жақсы болыў ушын – өзгериў керек, жақсылардың жақсысы болыў ушын болса және де көбирек өзгериў керек», деген сөзлеринде, терең турмыслық мәнис жәмленген, деп ойлайман.

Ҳақыйқатында да, бүгинги жедел пәт пенен раўажланып атырған дәўир бизлерден заманға сәйкес ҳәрекет ҳәм өзгерислерди талап етпекте. Мине усындай талапқа жуўап беретуғын жетилискен Конституцияға ийе болыў ушын Тийкарғы нызамымыздың жаңа жойбарын таярлаўымыз, оны улыўмахалықлық додалаўына қойып, билдирилген усыныслар тийкарында жетилистириў, усы әҳмийетли сиясий ҳүжжетти 2022-жыл Өзбекстан Республикасы Конституциясының 30 жыллық байрамы белгиленетуғын күнлерде қабыл етиў,  ойлаўымша миллий мәмлекетшилик дәстүрлеримизге, халқымыздың мәплерине мүнәсип жумыс болады.

Әзиз ҳәм қәдирли ўатанласлар!

Мине усы уллы байрамда халқымыздың кеўлиндеги бир пикирин және бир мәрте атап өтпекшимен: Жаңа Өзбекстандағы реформалар енди ҳеш қашан артқа қайтпайды.

Жаңа Өзбекстан идеясы елимиздиң үлкен умтылыс ҳәм ерк-ықрары менен улыўмахалықлық ҳәрекетке айланбақта. Бәршемиз мине усы уллы мақсет жолында және де бирлесип, күш-ғайрат ҳәм жуўапкершилик және пидәкерлик пенен мийнет етсек, гөзленген жоқары шыңларымызға әлбетте, жетемиз.

Арадан жыллар, әсирлер өтеди, бирақ оғада қыйын, аўыр сынақлы жылларда Жаңа Өзбекстанды қурыўға мүнәсип үлес қосқан инсанларды келешек әўладлар миннетдаршылық пенен еслейди.

Бәршемизге, мине усындай, уллы бахыт ҳәм мәртебе яр болсын!

Жанажан Өзбекстанымыз бәрқулла гүллеп-жаснасын!

Барлық ийгиликли жумысларымызда Жаратқанның өзи мәдет болсын!

Сиз, әзиз ўатанласларымды Конституция күни менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға тынышлық-аўызбиршилик, берекет тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти