Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм МҚХның Төрткүл районлық бөлимлери тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын қорғаў бойынша өткерилген оператив илажда пуқара У.С. алдаўшылық жолы менен нызамға қайшы дәрамат арттырыў мақсетинде пуқара С.ға таныслары арқалы дүкан қурыўы ушын жер майданын алып бериўин ўәде етип, оған район аймағынан «Эко базар» қурылысы ушын 75 квадрат метр жер майданы ажыратылғаны ҳаққындағы район ҳәкиминиң жалған бийлигин берип, оның есесине 7 000 АҚШ долларын алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланған.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық), 28-, 211-статьясы (пара бериў) ҳәм 228-статьясы (ҳүжжетлер, штамплар, мөрлер, бланкалар таярлаў, оларды қәлбекилестириў, сатыў ямаса олардан пайдаланыў) тийкарында жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.