Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың мирәти бойынша 5-6-декабрь күнлери мәмлекетлик сапар менен Қазақстанда болды.

Өзбекстан ғәрезсизлигиниң дәслепки күнлеринен Орайлық Азия мәмлекетлери, соның ишинде, Қазақстан менен өз-ара исеним ҳәм жақсы қонсышылыққа тийкарланған қатнасықларды раўажландырыў жолынан барды. Халықларымыз тек ғана жақсы қоңсы емес, ал туўысқан сыпатында көп қырлы бирге ислесиўдиң барлық мәселелери бойынша әзелден бир-бирлерин түсинип, қоллап-қуўатлап келген. Өткен жыллар даўамында бул байланыслар буннан былай да беккемленди, мәмлекетлеримиз жақсы қоңсы ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўши сыпатында раўажланыў жолынан ийинлес болып бармақта.

Сапар етиўдиң тийкарғы илажлары 6-декабрь күни болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев сол күни Нур-Султан қаласындағы «Отан қорғаушылар» («Ўатан қорғаўшылары») монументине гүл қойды.

Ақорда резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Өзбекстан ҳәм Қазақстан мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Қасым-Жомарт Тоқаев ҳүрметли қараўыл алдынан өтип, рәсмий делегациялардың ағзаларын бир-бирине таныстырды.

Буннан кейин мәмлекет басшыларының тар шеңбердеги сөйлесиўлери болып өтти.

Қызғын ҳәм исеним руўхында өткен ушырасыўда жетекшилер көп қырлы Өзбекстан – Қазақстан шериклигине байланыслы кең көлемли мәселелерди, соның ишинде, сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди көрип шықты, халықаралық ҳәм регион күн тәртиби бойынша пикир алысты.

Қазақстан Президенти мәмлекетимиз басшысын сапар етиўи менен қутлықлап, Президентлик сайлаўда исенимли жеңиске ерискени менен және бир мәрте қутлықлады ҳәм алдағы жумысларында табыслар тиледи, бул ушырасыўдың әҳмийетине айрықша атап өтти.

– Сиз Қазақстанға мәмлекетлик сапар менен келгенинизден оғада қуўанышлымыз. Бирге ислесиўди жаңа дәрежеге алып шығыўда бул ўақыя оғада әҳмийетли. Бүгин қол қойылатуғын ҳүжжетлер шериклигимизге қосымша пәт бағышлайды. Мәмлекетлеримиз ҳүкиметлерине белгиленген мақсетлерге ерисиў ушын ҳәрекетлерди жеделлестириў тапсырмасын бердик. Мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар пүткил Орайлық Азия регионында турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы болып хызмет етеди, – деди Қасым-Жомарт Тоқаев.

Президентимиз мирәт ушын миннетдаршылық билдирип, бул ушырасыў Қазақстан ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы алдынан өтип атырғанын атап өтти ҳәм Өзбекстан халқы атынан дос қазақ халқын бул қутлы сәне менен қызғын қутлықлады, тынышлық-парахатшылық, раўажланыў ҳәм жаңа табыслар тиледи.

Биринши Президент – Елбасы Нурсултан Назарбаев баслаған үлкен дөретиўшилик жумыслары бүгинги күнде Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында даўам еттирилип атырғаны ҳәм Қазақстан турақлы раўажланыў жолынан анық барып атырғанын атап өтти.

Өзбекстан жетекшиси еки дос мәмлекет арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларының раўажланыў пәтин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

– Өзбекстан ҳәм Қазақстан – тәбийғый экономикалық бирге ислесиўшилер. Экономикаларымыз бәсекилеспейди, бир-бирин толықтырып турады. Өз-ара саўда артпақта. Усы жылы товар алмасыў рекорд дәреже – 4 миллиард долларға жетиўи күтилмекте. Автомобильде ҳәм темир жоллары арқалы жүк тасыў көлемлери артпақта. Авиақатнаўлар толық қайта тикленди, жаңа жөнелислер ашылмақта. Жетекши кәрханаларымыз кооперациясын табыслы кеңейтпекте. Соңғы жылларда экономиканың дерлик барлық тармақларында қоспа кәрхана ҳәм жойбарлардың саны 6 есеге артты, – деди Шавкат Мирзиёев.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў раўажланып атырғаны, онда мәмлекетлеримиз аймақлары ҳәм исбилерменлери арасындағы тиккелей байланыслар әҳмийетли орын ийелеп атырғаны айрықша атап өтилди.

Өзбекстан Президентиниң сапары етиўи алдынан Түркстан қаласында Бас министрлердиң басшылығында Ҳүкиметлераралық комиссиясының мәжилиси ҳәм Аймақлар форумы өтти. Күни кеше Қазақстан пайтахтында қоспа бизнес-форум табыслы өткерилди. Бул илажлар нәтийжесинде жәми 6 миллиард доллар муғдарында келисим ҳәм шәртнамаларға қол қойылды.

Соңғы жылларда қоспа кәрханалар саны 6 есеге артты. Қостанайда автомобиль, автобус ҳәм аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыў жолға қойылды. Түркстан ҳәм Шымкентте заманагөй тоқымашылық ҳәм турмыслық техника кәрханалары иске қосылды. Өзбекстанда қазақстанлы шериклер менен биргеликте энергетика, санаат, химия, азық-аўқат тармақлары, қурылыс тараўында бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта.

Пандемия дәўиринде дос халықларымыз бир-бирине жәрдем берип келди.

Гуманитар тараўда бирге ислесиў жедел раўажланбақта. Қайта тикленген Ташкент халықаралық кинофестивали шеңберинде Қазақ кино күнлери табыслы өткерилди. Усы ҳәпте Қазақстан пайтахтында Өзбек кино күнлери болып өтеди.

Регион мәмлекетлери басшыларының турақлы мәсләҳәт ушырасыўлары өз нәтийжесин көрсетти. Ашық ҳәм исенимли қарым-қатнас ушын сийрек ушырасатуғын майдан қәлиплести.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан БМШ, ҒМДА, ШБШ, ЭБШ, Түркий тиллес мәмлекетлер шөлкеми ҳәм басқа да структуралар шеңберинде де жедел бирге ислеспекте.

– Бүгин еки тәреплеме стратегиялық шериклигимизди аўқамласлық қатнасықлары дәрежесине көтериў ҳаққында тарийхый қарар қабыл етемиз. Бул тек ғана мәмлекетлеримиз емес, ал пүткил регионның избе-из раўажланыўы, турақлылығы ҳәм раўажланыўы ушын айрықша әҳмийетке ийе болады, – деди Өзбекстан Президенти.

Жетекшилер регион ҳәм халықаралық күн тәртибиниң тәреплерди қызықтырған әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысты.

Ушырасыўда мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў бағдарындағы умтылысы исенимли екенин және бир мәрте тастыйықлады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың сөйлесиўлери еки мәмлекет рәсмий делегацияларының қатнасыўында даўам етти.

Мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Қазақстан стратегиялық шериклиги ҳәм көп қырлы бирге ислесиўин буннан былай да беккемлеўдиң перспективаларын ҳәр тәреплеме додалады. Саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, өз-ара товар алмасыўды көбейтиў, қоспа кооперация жойбарларын әмелге асырыў, транзит ҳәм логистика, энергетика, суў ҳәм аўыл хожалығы тараўларындағы қоспа ис-ҳәрекетлерди жеделлестириў мәселелерине тийкарғы әҳмийет қаратылды. Аймақлараралық ҳәм мәдений гуманитарлық алмасыўларды жеделлестириў илажлары көрип шығылды.

Сондай-ақ, глобаллық ҳәм регионаллық күн тәртибинде турған ҳәм халықаралық структуралар шеңбериндеги бирге ислесиў бойынша пикир алысылды.

Президентимиз Өзбекстан халықларымыз арасындағы қызғын дос қатнасықларды жоқары қәдирлейтуғынын атап өтти.

– Бүгин тарийхый қарар қабыл етип атырмыз, бирге ислесиўимизди аўқамласлық қатнасықлары дәрежесине көтерип атырмыз. Көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық, өз-ара исеним ҳәм кең көлемли шерикликти буннан былай да беккемлеў жолындағы умтылысымыз исенимли. Буның ушын барлық имканият ҳәм ресурсларды иске қосамыз. Мақсетимиз – дос халықларымыздың көп қырлы бирге ислесиўин анық мазмун менен байытыў, – деди Шавкат Мирзиёев.

Еки мәмлекет жетекшилери стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасының Мәмлекетлераралық Жоқары Кеңеси, Парламентлераралық бирге ислесиў кеңеси ҳәм Сыртқы ислер министрлер кеңесин шөлкемлестириўге келисип алды.

Сөйлесиўлер ўақтында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң жаңа «өсиў ноқатлары», тийкарғы бағдарлар ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар белиглеп алынды.

Үшинши мәмлекетлерден импорт етилип атырған өнимлердиң орнын басыў арқалы зәрүр өнимлерди өз-ара жеткерип бериў номенклатурасы ҳәм көлемин салмақлы дәрежеде кеңейтиў ушын үлкен потенциал бар. Товар алмасыў муғдары жедел пәт пенен артып атырғаны да бунын тастыйығы болып есапланады.

Тәреплер экономикның түрли тараўларында жаңа қоспа кәрханалар шөлкемлестириў арқалы өз-ара пайдалы шерикликти раўажландырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Инвестицияларды тартыў, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика, энергетика, фармацевтика, қурылыс тараўлары тийкарғы бағдарлар сыпатында белгиленди.

Санаат кооперациясы бойынша анық жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди. Машина қурылысы, энергетика, электротехника, химия, тоқымашылық ҳәм басқа да тармақларда табыслы жойбарлар көп. Буннан былай қурылыс, аўыл хожалығы, фармацевтика ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда жаңа ири жойбарлар ислеп шығылмақта.

Атап айтқанда, күни кеше исбилермен топарлардың қатнасыўында өткерилген илажларда улыўма баҳасы еки миллиард доллардан аслам перспективалы инвестициялық жойбарлар таярланды.

Бул бағдардағы ис-ҳәрекетлерге қосымша пәт бағышлаў мақсетинде санаат кооперациясы бойынша қоспа халықаралық орай шөлкемлестириледи.

Аймақлараралық байланыслар бирге ислесиўди кеңейтиўде драйвер болып хызмет етпекте. Соның ишинде, жақында өткен Аймақлар форумы нәтийжесинде бир қатар келисим ҳәм саўда шәртнамаларына қол қойылды.

Еки мәмлекеттиң шегара алды аймақларына өз-ара өним жеткерип бериў ҳәм жаңа кооперация жойбарларын ислеп шығыўда және де жақыннан бирге ислесиўге тапсырма берилди.

Транспорт тараўы әҳмийетли бағдар сыпатында белгилеп алынды. Автомобильде ҳәм темир жол арқалы жүк тасыў көлеми артып бармақта. Мәмлекетлер арасындағы авиақатнаўлар толық тикленди, жаңа жөнелислер ашылды.

Өзбекстан Президенти мәмлекетлеримиз ҳәм үшинши мәмлекетлер базарларына шығыўын тәмийинлейтуғын жаңа коридорларды қәлиплестириў әҳмийетли екенин атап өтти. Жетекшилер «Үшқудық – Қызылорда» темир ҳәм автомобиль жолын ҳәм «Түркстан – Шымкент – Ташкент» темир жоқары тезликте ҳәрекетлениўге мөлшерленген темир жол қурылысы жойбарларын жеделлестириўге келисип алды.

Суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелерине де тоқтап өтилди. Усы мақсетте өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң турақлы, узақ мүддетли механизмлерди ислеп шығыў ҳәм еки мәмлекет арасында суў қатнасықларының барлық бағдарларына байланыслы усыныслар таярлаў бойынша Жумысшы топардың жумысын даўам еттириўге келисип алынды. Суўды үнемлейтуғын жаңа технологияларды жедел енгизиў бойынша биргеликте әмелий жумыс ислеў, Аралбойында терекликлер жаратыў бағдарында қоспа илажларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Тәреплер Орайлық Азияда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде өз-ара мәплер ҳәм регионаллық жақынласыў идеяларын алға қойған ҳалда сыртқы сиясат тараўында жақыннан бирге ислесиў тилегин билдирди. Президентлер Орайлық Азия мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары форматын қатнасыўшы мәмлекетлердиң мәплерине исенимли ҳүрмет тийкарында бар потенциалдан максимал дәрежеде толық пайдаланыў мақсетинде жетилистириў жолында жумыс алып барыўға келисип алды.

Гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў, билимлендириў, илим, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм көркем өнер, туризм ҳәм спорт тараўларындағы бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери де додаланды.

Қазақстан Президенти халықларымыздың руўхый жақынлығы ҳәм көп әсирлик дослық белгиси сыпатында Нур-Султан қаласында Әлийшер Наўайы естелигиниң орнатылыўын атап өтти.

Нәтийжели сөйлесиўлерден кейин ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Қасым-Жомарт Тоқаев Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы арасында аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы декларацияға қол қойды. Ҳүжжетте туўысқан халықларымыздың турмыслық әҳмийетли ҳәм узақ мүддетли миллий мәплери, көп қырлы шериклик потенциалын толық әмелге асырыў мақсети өз көринисин тапқан.

Мәресимде қол қойылған және бир әҳмийетли ҳүжжет жақын 5 жылда Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы товар алмасыўды 10 миллиардқа жеткериў бойынша Әмелий ҳәрекетлер режеси болып есапланады. Онда еки мәмлекет тармақлары ҳәм аймақлары ушын қолайлы шараятлар жаратыў нәзерде тутылған.

Мәмлекет басшылары жанында ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық ҳүжжетлерге қол қойылды. Бажыхана, айрықша жағдайлардын алдын алыў ҳәм сапластырыў, фазалық жерди изертлеў ҳәм оннан тыныш мақсетлерде пайдаланыў тараўына байланыслы ҳәм «Орайлық Азия» санаат кооперациясы халықаралық орайын шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимлер усыларға киреди. Сондай-ақ, саўда, инвестициялар, энергетика, транспорт коммуникациялары, суд-экспертлик жумысы, қорғаныў, бәнтлик ҳәм илим тараўларында бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бойынша тийисли ҳүжжетлерге қол қойылды.

Ташкент ҳәм Түркстан ўәлаятлары, Ташкент ҳәм Нур-Султан қалалары, Наўайы ҳәм Қызылорда ўәлаятларының ҳәкимликлери арасында бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша  2022-2023-жылларға мөлшерленген «жол карта»лары қабыл етилди.

Улыўма, көп қырлы Өзбекстан -Қазақстан бирге ислесиўиниң дерлик барлық бағдарларын қамтып алған 22 ҳүжжетке қол қойылды.

Мәмлекетлик сапардың тийкарғы илажларынан соң ҒХҚ ўәкиллери ушын брифинг өткерилди.

Президентлер ҳәр қашанғыдай ашық, исенимли ҳәм исшең орталықта өткен сөйлесиўлердиң нәтийжелеринен қанаатланарлы екенлигин билдирди.

Атап айтқанда, сөйлесиўлерде Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы көп қырлы, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди еки тәреплеме ҳәм регион күн тәртибиндеги барлық бағдарларда және де раўажландырыў мәселелери толық көрип шығылды.

Шавкат Мирзиёев өзиниң шығып сөйлеген сөзиниң басында Қазақстан халқын ғәрезсизликтиң 30 жыллығы менен және бир мәрте қутлықлады.

Кейинги жылларда дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шерикликке тийкарланған Өзбекстан – Қазақстан қатнасықларында үлкен өзгерислер  жүз берип атырғаны  атап өтилди.

Өзбекстан жетекшиси бүгин тарийхый қарар қабыл етилип, еки тәреплеме бирге ислесиў аўқамласлық қатнасықлары дәрежесине көтерилгени, бул дос халықларымыздың узақ мүддетли мәплеринен келип шығып, оларға  толық мас екенин атап өтти.

– Өзбекстан ҳәм Қазақстан бирге ислесиўи тийкарында бир-биримизди толықтырып турыў бағдарындағы үлкен потенциалдан пайдаланыўға умтылыў да бар. Биз ис-ҳәрекетлеримизди бирлестириў ҳәм жаңа өсиў ноқатларын  излеў нийетиндемиз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Еки тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдары – саўда-экономикалық  бирге ислесиўде ерисилип атырған нәтийжелер қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериўди кеңейтиў мақсетинде тәреплер агрокластерлер, көтере саўда- бөлистириў ҳәм логистика орайларын  шөлкемлестириўге, «Агроэкспресс» жойбарын алға қойыўға келисип алғаны көрсетип өтилди.

Өзбекстанда санаат, химия, қурылыс, банк ҳәм басқа да тараўларда биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта. Сапар шеңберинде өткерилген исбилерменлик илажлары жуўмағында баҳасы 6 миллиард долларға шамалас жаңа инвестиция ҳәм саўда  келисимлерине қол қойылды.

– Бундай көрсеткишлер алдын болмаған. Қалаберди, ҳәммеси исенимли келисимлер, олар перспективаға жақсы тийкар жаратады, – деди  Шавкат Мирзиёев.

Тәреплер «жасыл» энергетика жойбарларын белсене алға қойыўға, ең жаңа суў үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, Аралбойында тереклик  жаратыў бағдарында биргеликте ислеў ҳәм халықаралық донорлар менен бирге ислесиўге келисип алды.

Брифингте мәденият, илим, денсаўлықты сақлаў ҳәм туризм тараўларында ерисилген келисимлер де атап өтилди.

– Бүгинги қурамалы ҳәм жедел заманда адамлардың санасы ҳәм жүрегине, әсиресе, жас әўладқа унамлы тәсир көрсететуғын мәденият ҳәм мәнаўияттың әҳмийети артып бармақта, – деди Шавкат Мирзиёев.

Усы мүнәсибет пенен сөйлесиўлерде Қазақстанда Өзбекстан жылы ҳәм Өзбекстанда Қазақстан жылы илажларын турақлы түрде өткерип барыў бойынша келисимге ерисилди. Келеси жылы елимизде биринши Жаслар конгресси және Дөретиўшилик ҳәм илимий зыялылар форумы шөлкемлестирилетуғын болды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстанда сегиз жүз мыңнан аслам қазақ миллетиндеги пуқаралар жасамақта. Олар миллий мәденияты, тили ҳәм дәстүрлерин раўажландырыўы ушын барлық шараят жаратылған. Төрт жүзге шамалас мектепте оқыў қазақ тилинде алып барылмақта.

Мине отыз жылдан бери, Өзбекстанда Қазақ миллий мәденият ҳәм оның сегиз аймақлық бөлимлери турақлы ислеп турыпты.

– Қазақ ўатаналасларымыз арасында Өзбекстан Қаҳарманы жоқары атағына ҳәм басқа да мәмлекетлик сыйлықларына ийе болғанлар, сенатор ҳәм депутатлар, министр ҳәм генераллар, ири кәрханалардың басшылары бар екенлигинен мақтанамыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының отыз жыллығын келеси жылы кеңнен белгилеў мақсетинде тийисли бағдарлама қабыл етиўге келисип алды.

Регионаллық ҳәм халықаралық майдандағы бирге ислесиў мәселелерине тоқтап, Өзбекстан жетекшиси Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт  ушырасыўындай нәтийжели платформаны жаратыўға ерискенин, оның шеңберинде улыўма ойымызды комплексли раўажландырыў жоллары белгиленип атырғанын айрықша атап өтти.

Сөйлесиўлерде регионымызда қәўипсизлик ҳәм турақлылыққа байланыслы  қарама-қарсылықларға, бәринен бурын, қоңсы Аўғанстандағы жағдайдан келип шыққан ҳалда қарсы гүресиў  мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда Өзбекстан ҳәм Қазақстан позициялары толық сәйкес екени тастыйықланды.

Мәмлекетимиз Қазақстанның Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес және Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамына басшылығы шеңбериндеги басламаларды қоллап-қуўатлайды. Қазақстан болса Өзбекстанның Шанхай бирге ислесиў  шөлкеми ҳәм Экономикалық бирге ислесиў шөлкемине басшылығы шеңбериндеги жумысын қоллап-қуўатлайды.

– Бул сапар шеңберинде салмақлы ҳүжжетлер топламына қол қойдық. Исенимимиз ҳәм шериклигимиз оғада жоқары дәрежеге шыққанынан, биргеликте ҳәрекет етип, ҳәр тәреплеме жәрдемши болыўға таяр екенимизден дәрек беретуғын Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы декларация олар  арасында ең әҳмийетлиси. Биз еки туўысқан халықлардың раўажланыўы жолында көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм кең көлемли бирге ислесиўди беккемлеўдиң исенимли тәрепдарымыз, – деди Өзбекстан Президенти.

Президент Қасым-Жомарт Тоқаев да кең көлемдеги мәселелер бойынша пикирлескен сөйлесиўлердиң жуўмағынан қанаатланыўшылық билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президентин өзине қолайлы ўақытта сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерден соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасының Биринши Президенти  – Елбасы Нурсултан Назарбаев пенен ушырасты.

Сәўбетлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Елбасыны ғәрезсиз Қазақстан тийкар салыўшысының үлкен хызметлериниң дәлили сыпатында декабрь айының биринши сәнесинде белгиленетуғын байрам – Биринши Президент күни менен қызғын қутлықлады.

Мәмлекетимиз жетекшиси Нурсултан Назарбаевтың терең ойланған сиясаты себепли дос Қазақстан халқы жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық турмыстың барлық тараўларында жоқары табысларға ерисилгенин атап өтти.

Президентимиз Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы стратегиялық шерикликтиң раўажланыўына Елбасының жеке үлесин жоқары баҳалады. Бүгин Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы декларацияға қол қойылғаны қатнасықларды жеделлестириў процесиниң логикалық даўамы болды.

Ушырасыўда еки тәреплеме ҳәм регионаллық бирге ислесиў мәселелери додаланды. Орайлық Азия мәканында сиясий қатнасық жеделлескени,  Мәсләҳәт ушырасыўлары механизми жолға қойылғаны, дослық ҳәм исеним орталығы қәлиплескени атап өтилди.

Нурсултан Назарбаев гезектеги мәмлекетлик сапар мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлықты беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Соң Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасының Биринши Президентиниң музейине барды.

Бул жерде Назарбаевтиң жумыс ханалары сол турысында сақлап қалынған. Мәжилислер ҳәм  журналистлер менен ушырасыўлар өткерилген мәжилислер залында заманагөй Қазақстанның раўажланыў жолына бағышланған экспозиция жайласқан. Көплеген экспонатлар  Қазақстанның сырт елли шериклер менен сыртқы сиясий қатнасықларынан баян етеди.

Мәмлекетимиз басшысы музей менен танысып, Ҳүрметли мийманлар китабында дәсхат жазып қалдырды.

Өзбекстан Президентиниң мәмлекетлик сапары шеңберинде Нур-Султан қаласында мәмлекетимиз елшиханасы жаңа имаратының ашылыў мәресими болды.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Қасым-Жомарт Тоқаев рәмзий лентани кесип, жаңа имаратты салтанатлы түрде ашты.

Еки мәмлекеттиң мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Президентлер елшиханада жаратылған шапаятлар менен танысты.

Заманагөй имарат елимиз қурыўшылары тәрепинен қурылған. Ханалар миллий  усылда безетилген.

Дипломатиялық ўәкилхана аймағында тийкарғы имарат, консуллық бөлими, балалар ҳәм спорт майданлары жайласқан.

Сөйлесиў ханалары,  әнжуманлар залында барлық шараят бар. Елшихананың өз китапханасы да бар.

Жумыс процеслерин нәтийжели шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылған, мәлимлеме технологиялары кеңнен енгизилген. Бул жердеги интерактивлик үскенелер сөйлесиўлерди онлайн тәризде өткериў имканиятын береди. Консуллық жумысы ушын «электрон наўбет» системасы орнатылған, бул жерге келиўшилер мағлыўматларды интерактив түрде алыў  имканиятына ийе.

Айрықша мүтәж адамлар ушын да зәрүр шараятлар жаратылған.

Бир сөз бенен айтқанда, жаңа елшихана имаратында  барлығы жумыс сапасы ҳәм нәтийжеси жоқары болыўына, туўысқан мәмлекет пенен шерикликти және де кеңейтиўге қаратылған.

Шавкат Мирзиәев ҳәм Қасым-Жомарт Тоқаев елшихананың Ҳүрметли мийманлар китабында дәсхат жазып қалдырды.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Бас министри Асқар Мамин менен биргеликте Нур-Султан қаласындағы EXPO исбилерменлик орайында  жайласқан Санлы ҳүкимет офисине барды.

Бул мәкеме быйылғы жыл сентябрь айында ашылған. Оның қурамына Миллий  аналитика орайы, Санлы трансформация орайы ҳәм Миллий жойбар офиси киргизилди.

Мәмлекетимиз басшысы ситуациялық орай имканиятлары менен де танысты. Орай барлық мағлыўматлар базаларына жалғанады ҳәм аймақлар менен жақыннан бирге ислеседи, бул болса реал жағдайды онлайн түрде көриў, мәселен,  мәмлекетте шаншыў пәтлери ҳаққындағы  мағлыўматларды бақлап барыў имканиятын береди.

Ишки ҳәм сыртқы саўда бойынша  аналитикалық платформа имканиятлары көрсетилди. Оның жәрдеминде азық-аўқат баҳаларын онлайн түрде мониторинг етиў ҳәм баҳаның прогнозлаў көрсеткишлерин қәлиплестириў мүмкин. Буннан тысқары, офис негизинде инновациялар ҳәм аэрокосмослық санаат тараўларындағы жойбарлар иске қосылады.

Офис басшысы Өзбекстанда инсан капиталын раўажландырыў, IT-парклер шөлкемлестириў, программистлер таярлаў, мәмлекетлик хызметлерди онлайн көрсетиў бойынша   исленип атырған  жумысларды тән алып,  Қазақстан  да усы жолдан баратырғанын атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы бул тараўда тәжирийбе алмасыў, мәмлекетлик хызметлер тараўына жасалма интеллект технологияларын кеңнен енгизиў, ҳәр бир турмыслық жағдайды таллап, адамларға қолайлылық жаратыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстанға мәмлекетлик сапары  жуўмақланды.

ӨзА