Ҳәр жылы жаңа жылдың кирип келиўи алдынан оны күтип алыўға таярлықлар күшейип, соның ишинде, байрамды кеўилли өткериўде пайдаланылатуғын пиротехникалық қуралларды сатыў да көбейип кетеди. Бирақ, көпшилик жағдайларда балалардың бул нәрселерден пайдаланыўы жаман ақыбетлерге себепши болады.

Сонлықтан, ҳәр жылы усы дәўирде ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен пиротехникалық қураллардың нызамсыз айланысының алдын алыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылады. Быйыл да, декабрь айы басланыўы менен бул бағдардағы жумыслар баслап жиберилди.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими хызметкерлери тәрепинен тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте пиротехникалық қураллардың нызамсыз айланысының алдын алыў мақсетинде Қоңырат районында оператив илаж өткерилди.

Илаж даўамында пуқара Ф.У. 100 қутыда, баҳасы 1 миллион 300 мың сумлық 6000 дана «Трения» атлы пиротехникалық қуралларды нызамсыз түрде сатып атырған ўақтында қолға алынды.

Усы бөлимниң хызметкерлери тәрепинен Хожели районында да соған уқсас оператив илаж өткерилди. Илаж даўамында пуқара Ж.С.ға тийисли сумкада 20 қутыда, баҳасы 400 мың сумлық, жәми 1200 дана пиротехникалық қураллардың бар екенлиги анықланды.

Ҳәзирги ўақытта анықланған усы фактлер бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги