Өзбекстан Республикасы Конституциясы мәмлекетимизде ең жоқары юридикалық күшке ийе болған ҳуқықый ҳүжжет, ҳәр бир елдиң конституциясы сол мәмлекеттиң айнасы есапланады.

Тийкарғы нызамымызда Өзбекстан Республикасы суверен демократиялық Республика екенлиги, яғный мәмлекет ѳзиниң ишки ҳәм сыртқы сиясатын еркин белгилейтуғынлығы, демократия болса улыӯмаинсаныйлық принциплерге тийкарланыӯы, оған көре инсан, оның өмири, еркинлиги, абырайы ҳәм басқа ажыралмас ҳуқықлары ең жоқары байлық екенлиги кѳрсетилген. Соның менен бир катарда, пуқаралардың тийкарғы ҳуқықлары менен еркинликлери, олардың мәмлекет тәрепинен кепиллениӯи, ҳәкимшилик аймақлық дүзилис мәселелери, мәмлекетлик ҳәкимиятты шѳлкемлестириӯ ҳәмде конституцияға ѳзгерис ҳәм қосымшалар киргизиӯ сыяқлы қатнасықлар тәртипке салынған.

Бул қағыйдаларды турмысқа енгизиӯ ҳәм олардың орынланыӯын тәмийинлеӯ мақсетинде нызамлар ҳәм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер  қабыл етиледи.

Мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын қорғаӯ, олардың нызам ҳүжжетлеринде көрсетилген ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеӯ, әсиресе социаллық қорғаўға мүтәж болған шахсларды қоллап-қуўатлаў бойынша жаңадан нызамшылық ҳүжжетлери қабыл етилди.

Атап айтқанда быйылғы жылы Олий Мажлистиң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили – Балалар Омбудсманы институты енгизилди, жас өспиримлерге социаллық-ҳуқықый жәрдем көрсетиўди жетилистириў, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары белгиленди.

Сондай-ақ, жаслар сиясаты  мәмлекетлик сиясаттың ең баслы бағдарларынан бири екенлигин инабатқа лаып, бул саладағы жумысларды жаңа басқышқа көтериўде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 18-январьдағы Қарары менен “Өзбекстанда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты
2025-жылға шекем раўажландырыў Концепция”сы тастыйықланды.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 41-статьясында ҳәр ким билим алыў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленген.

Бүгинги күнде бәршемиз пуқаралардың  конституциялық ҳуқықын тәмийинлеў бағдарында мектепке шекемги билимлендириўден баслап тәлимниң барлық бағдарларында түпкиликли өзгерислердиң гүўасы болмақтамыз.

Атап айтқанда, жасларымызды жоқары оқыў орынларына қамтып алыў дәрежесин асырыў, ЖОО оқып атырған, илимий-изертлеў жумыслары менен шуғылланып атырған инталы жасларды қоллап-қуўатлаў, “Темир дәптер”ге киргизилген шаңарақлардың мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында оқып атырған перзентлерине биринши оқыў жылы ушын контракт пулларының төлеп берилиўи сыяқлы көплеген мысалларды келтириўимиз мүмкин.

2021-жылда «Янги Ўзбекистон» университети, Ташкент қаласында Италияның Пиза университети, С.А.Герасимов атындағы Пүткил Россия мәмлекетлик Кинематография институти федерал мәмлекетлик бюджети жоқары оқыў орны, Н.И.Пирогов атындағы Россия миллий изертлеў медицина институты,  «Санкт-Петербург мәмлекетлик университети» Федерал мәмлекетлик бюджети жоқары оқыў орны филиаллары шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 70-75-статьялары Қарақалпақстан Республикасына байланыслы қатнасықларды белгилеп береди.

Бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын раӯажландырыӯға байланыслы қабыл етилип атырған ҳүжжетлери, республикамызға сапары даӯамында белгилеп берген ӯазыйпалары тийкарында тек ғана пайтахт Нѳкис қаласында емес, ал ең шетки район ҳәм аӯыллардың келбети, онда жасаӯшы пуқаралардың турмыс тәризи өзгермекте.

Бул бағдардағы реформалар 2021-жылда да даўам етип, “2021-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласындағы шараяты аўыр мәҳәллелерде социал-экономикалық, турмыслық ҳәм инфраструктура жағдайы менен байланыслы машқалаларды шешиў илажлары ҳаққында”ғы, “Қарақалпақстан Республикасында мәденият ҳәм көркем-өнер тараўын жәнеде раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы, “Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы нызамшылық ҳүжжетлери қабыл етилди.

Жуӯмақлап айтканымызда, ѳткен жыллар даӯамында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың барлығы Конституциямызда белгилеп берилген нормалар тийкарында әмелге асырылып, халық мәпи ушын хызмет етпекте.

Ҳәммеңизди Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 29 жыллық байрамы, сондай-ақ Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниң 32 жыллығы менен қызғын қутлықлаймыз.

 

С.Мамбеткадыров,

Қарақалпақстан Республикасы

әдиллик министри.

Қарақалпақстан хабар агентлиги