8-декабрь Өзбекстан Республикасы конституциясы байрамы республикамыздыӊ барлық орынларында болғаны сыяқлы Кегейли районында да салтанатлы түрде белгилеп өтилди.

Район орайында жайласқан 11-санлы Балалар Музыка ҳәм көркем өнер мектебинде өткерилген илажға Кегейли районы басшылары ҳәм кеӊ жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Онда район ҳәкими  Д.Утемуратов байрам мүнәсибети менен барлық кегейлишилерди қызғын қутлықлап, олардыӊ жумысларына табыслар тиледи.

Буннан соӊ кешеде  район прокуроры Қ.Бекмуратов   ҳәм Жынаят ислери бойынша Кегейли районлық суды баслығы А.Аметов   Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ халқымыз турмысында тутқан орны ҳәм әҳмийети, Бас нызамымызға киргизилип атырған соӊғы өзгерис ҳәм қосымшалар туўралы жыйналғанларға кеӊ түрде түсиниклер берди.

Соӊынан район халық хожалығыныӊ ҳәр қыйлы тараўларында нәтийжели жумыс ислеп атырған бир қатар белсендилерге шөлкемлестириўшилердиӊ Ҳүрмет Жарлықлары ҳәм естелик саўғалары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

 

Кеше даўамында илаж қатнасыўшыларына районлық мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм 11-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби тәрбияланыўшылары тәрпинен концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы