Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары К.Тарихов, жынаят ислери бойынша Қоңырат районы судының баслығы Д.Разов, Қоңырат районлар аралық экономикалық судының баслығы А.Аяпов Қоңырат районы мәмлекетлик хызметлер орайында Әдиллик бөлими, Юридикалық хызмет орайының басшылары менен хызметкерлери, исбилерменлик субъектлериниң қатнасында «Бир айна» системасын енгизиў жойбарының әҳмийети туўралы түсиндириў жумысларын алып барды.

Атап өтилгениндей, Президентимиз өзиниң сайлаўалды бағдарламасында суд-ҳуқық тараўындағы реформалардың тийкарғы бағдарларына тоқтап, судлардың жумысында «Бир айна» тәртибин енгизиў бойынша басламаны илгери сүрген еди.  Атап айтқанда, буннан былай ис пуқаралық, экономикалық ямаса ҳәкимшилик судқа байланыслы болыўына қарамастан, арзалар «Бир айна» тийкарында қабыл етилиўи, бул болса, пуқаралар менен исбилерменлердиң есикпе-есик әўере болыўына шек қойылыўы атап өтилди.

Өз гезегинде Жоқарғы суд тәрепинен әйне усы мәселеге байланыслы жойбар ислеп шығылып, судьялар, адвокатлар ҳәм кең жәмийетшиликке жеткериў, жойбар бойынша пикир-усынысларды улыўмаластырыў процесслери алып барылмақта.

Орынларда басланған ушырасыўларда жаңаша тәртиптиң қолайлық  ҳәм абзаллықлары туўралы қатнасыўшылар өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги