1992-жыл 8-декабрь күни мазмуны ҳәм әҳмийетин ҳеш нәрсе менен өлшеп болмайтуғын, улыўма жетик болған тарийхый ҳүжжет – Конституциямыздың қабыл етилиўи менен жаңа мәмлекет ҳәм жәмийет қурыў жолы ҳәм имканиятлары ашылды. Сол күннен баслап елимизде еркин базар қатнасықларына тийкарланған ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетин қурыўда, халқымыздың турмысын абат етиўде ҳәм ҳалықаралық майданда өзимизге мүнәсип орын ийелеўде Конституциямыз беккем тийкар болып келмекте.

Ҳәр бир халық өз келешегин ҳәм раўажланыў жолын белгилегенинде, оны өзиниң Ең баслы нызамы, яғный, Конституциясында беккемлеп алады. Толық исеним менен айтыў мүмкин, Өзбекстан Республикасының Конституциясы халқымыздың сиясий-ҳуқықый санасының жемиси. Ол еркин ҳәм азат, тыныш ҳәм абадан турмыс кешириўде, базар қатнасықларына тийкарланған ҳуқықый демократиялық мәмлекет, күшли пуқаралық жәмийет қурыўда беккем таяныш болып келмекте.

Конституция халқымыз тарийхында дәслепки рет шахстың еркин жасаў, мүлкке ийе болыў, билим алыў, мийнет етиў, сайлаў ҳәм сайланыў сыяқлы ҳуқықларын, сөз ҳәм исеним еркинликлерин жоқары қәдирият дәрежесине көтерди. Fәрезизлигимиздиң дәслепки дәўирлеринде қабыл етилген Конституциямыз шахс, жәмийет ҳәм мәмлекет арасындағы қатнасықларда өз-ара ҳуқық ҳәм миннетлемелер ҳәм де олардың кепилликлерин анық  белгилеп берди.

Баслы Нызамымыз жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўына қарамастан елимиз пуқаралары теңлигиниң кепиллениўин көрсетип берди ҳәм заманагөй демократиялық раўажланыў ушын шараят жаратты.

Мине сол себепли, Конституциямызды хүрмет пенен қәдирлеўимиз, ҳәр тәреплеме үйрениўимиз, оған системалы түрде әмел етиўимиз, Конституциямызда қәлиплескен ата-бабаларымыздың уллы мийрасы ҳәм улыўмаинсаний қәдириятларды жасларымыз қәлбине сиңдириўимиз керек.

Соны айрықша түрде айтып өтиў керек, Баслы Нызамымызда жәмийетимиздиң барлық қатламлары сыяқлы жаслардың да ҳуқықлары менен еркинликлери кепилленип қойылған. Конституциямызда белгилеп берилген барлық ҳуқық ҳәм еркинликлер тийкарынан жаслар ҳәм ер жетпегенлер ушын, жас аўладты социаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаў, оларды билимли етип тәрбиялаў, саламатлығын қорғаў, қәўипсиз ҳәм қолайлы мийнет шараятларын жаратыў мәмлекетимиздиң алдына қойған жоқарғы ўазыйпалардан бири есапланады.

Тийкарғы Нызамымыздың 41, 42, 64, 65-статьялары жаслардың ҳуқықларының конституциялық кепилликлерин беккемлеп, оларға тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди тәртипке салады. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 41-статьясында билим алыў ҳуқықы беккемленип қойылған. Оған муўапық, ҳәрким билим алыў ҳуқықына ийе. Бийпул билим алыў мәмлекет тәрепинен кепилленеди.

Шахстың билим алыўға болған ҳуқықы Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 23-сентябрьде қабыл етилген «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамында белгиленип қойылған. Жаслар өз потенциалынан еркин пайдаланыўға, өз талант ҳәм уқыпларын толық көрсетиўге ҳақлы. Республикамыз Конституциясының 42-статьясына муўапық, ҳәр кимге илимий ҳәм техникалық дөретиўшилик еркинлиги, мәденият жетискенликлеринен пайдаланыў ҳуқықы кепилленеди. Мәмлекет жәмийеттиң мәдений, илимий ҳәм техникалық раўажланыўына ғамхорлық етеди.

Сондай-ақ, Конституциямыздың 64-статясына тийкар, ата-аналар өз перзентлерин ер жеткенге шекем сақлаў ҳәм тәрбиялаўға мәжбүр. Мәмлекет ҳәм жәмийет жетим балаларды ҳәм ата-аналардың қәўендерлигинен айырылған балаларды бағыў, тәрбиялаў ҳәм оқытыўды тәмийинлейди. Балаларға арналған қайырқомлық фондларын қоллап-қуўатлайды. Сол қатарда, Конституциямыздың 65-статьясында, перзентлер ата-аналарының нәсилине ҳәм пуқаралық жағдайына қарамастан нызам алдында тең. Аналық ҳәм балалық мәмлекет тәрепинен қорғалады.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасының «Жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы Нызамында жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаттың ҳуқықый тийкарлары ҳәм субъектлери, жасларды ҳуқықый ҳәм социаллық қорғаў, талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў мәселелери беккемленген болса, «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамда бала ҳуқықларын қорғаў бойынша мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының бала ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша ўәкилликлери, социаллық қорғаўға мүтәж балалар ҳуқықларының қосымша кепилликлери ҳәм де тараўға тийисли басқа жәмийетлик қатнасықлар тәртипке салынған.

Өзбекстан Республикасының «Жәмийетлик бирлеспелер ҳаққында»ғы Нызамына муўапық, мәмлекет жаслар ҳәм балалар шөлкемлерине материллық ҳәм руўхый жәрдем береди, оларға жеңиллетилген салық сиясатының өткерилиўин тәмийинлейди.

Конституциямызда жаслардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң кең көлемде көрсетилиўи мәмлекетимиздиң жас аўладқа жаратып берген үлкен имканиятларының дәлийли. Өз гезегинде жаслар да өз ҳуқық ҳәм еркинликлеринен утымлы ҳәм толық түрде пайдаланған ҳалда Ўатанымыздың еле де раўажланып, дүнья жүзилик шеңберде өзиниң айрықша статусына ийе болыўында хеш қашан изге шегинбей мийнет етиўи лазым.

 

А. Жуманов,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Инсан ҳуқықлары, мәмлекетлик ҳуқық ҳәм басқарыў» кафедрасының  баслығы.                  

Д. Лепесбаев, ҚМУ дың юридика факультети 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги