Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 29 жыл толыўы мүнәсибети менен Самарқанд ветеринария медицинасы институтының Нөкис филиалында «Конституция еркинлик ҳәм раўажланыў кепиллиги» темасында ушырасыў өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзЛиДеП фракциясының баслығы Ш.Өтемисов, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим баслығы О.Худайбергенов, Ҳәкимшилик судының судьясы Ж.Аймағанбетова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, байрам менен қызғын қутлықлап, Конституция ҳәм оның мәмлекетимиздиң раўажланыўында, халқымыз турмысында тутқан орны туўралы мағлыўматлар берип, әҳмийетине кең түрде тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Конституциямызға тийкарланып мәмлекетимизде миллий нызамшылық системасы, мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийети институтлары қәлиплесип, бүгинги күнде барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Әсиресе, социаллық-экономикалық, сиясий ҳәм әскерий қүдиретимиз жоқарылап, пуқараларымыздың дүньятанымы өсип бармақта. Булардың барлығы, ең дәслеп, бас нызамымыздың күш-қүдиретинен дәрек береди.

Илажда студент-жасларға 6 бөлим, 26 бап, 128 статьяны өз ишине алған бас нызамымыздың «Инсан қәдири ушын» деген әҳмийетли принципин толық әмелге асырыўда нызамшылығымыздың тийкары болып хызмет етип атырғанлығы, ол арқалы  пуқараларымыздың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеп киятырғанлығы мысаллар менен түсиндирилди.

Жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги