Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигинде Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күнине бағышланып өткерилип атырған коррупцияға қарсы гүресиў ҳәптелиги шеңберинде  «Ашық есиклер күни» илажы болып өтти.

Илаж қатнасыўшылары менен болған ушырасыўда атап өтилгениндей, министрлик тәрепинен коррупция менен байланыслы жағдайлардың алдын алыў, оған жол қоймаў және бундай унамсыз иллетке қарсы нәтийжели гүрес алып барыўда айтарлықтай жумыслар алып барылмақта. Өткен жылдың 21-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң «Коррупцияға қарсы гүресиў» бойынша буйрығы шығарылып, бул бойынша бағдарлама қабыл етилди.

Министрлик тәрепинен «Комплаенс қадағалаў» системасы түсиниги, оның мақсети, қатнасыўшылары ҳәм тәртипке салыў тийкарлары, сондай-ақ, «коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелилигин арттырыў» темасында аралық оқыў курслары шөлкемлестирилди ҳәм тыңлаўшыларға тийисли сертификатлар тапсырылды.

Министрлик системасында өткен жылдың ноябрь айынан баслап «Комплаенс қадағалаў» хызмети шөлкемлестирилип, тараў хызметкерлери бәршеси биргеликте гүрес алып барса ғана унамлы нәтийжеге ерисилетуғынлығы түсиндирилди. Быйылғы жылдың басынан бери «Коррупцияға қарсы гүресиў» бойынша бес мәрте видеоселектор өткерилип, онда тараўда 2020-2021-жыллар даўамында жүз берген коррупцияға байланыслы жағдайлар додаланды.

Илаж қатнасыўшылары министрлик тәрепинен бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан таныстырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги