Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажландырыў бағдарламасы, Глобал Экология қоры ҳәм Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги тәрепинен 2017-2023-жылларға мөлшерленген «Аўыллық жерлерде энергия үнемлеўши турақ жай имаратларын қурылысына көмеклесиў» биргеликтеги жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған ислер аўыллық жерлерде энергия үнемлеўши ҳәм кем углеводлы турақ жайлардың қурылысын жеделлестириўге хызмет етпекте.

 Жойбар жасыл ипотека кредитлеў механизмин ислеп шығыў, оны сынап көриў, кең көлемде ен жайдырыў арқалы елимизде тез пәтлер менен раўажланып баратырған аўыллық жерлерде турақ жайлар қурылысы секторын буннан былай да  турақлы ҳәм пәс углеводлы турақ жайларды қурыў жолына өткериўге бағдарланған. Бул болса, аўыллық жерлерде жасаўшы халықтың пәс углеводлы турақ жайларға болған талабының артыўына хызмет етеди.

Әмиўдәрья районы «Гүлзар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 2020-жылы қурылған 4 этажлы 24 квартиралы 2,3 бөлмели 3 көп қабатлы турақ жайға биргеликтеги жойбар шеңберинде « Solar Nature» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қуяш батареялары орнатылып, бүгинги күни турғынлар тәрепинен пайдаланып келинбекте.

-Усы қуяш батареялары бир 24 квартиралы көп қабатлы турақ жайға 48 қуяш панели орнатылған болып, ҳәр бир квартираға еки панельден туўра келеди,-дейди Әмиўдәрья районы қурылыс бөлиминиң баслығы Батыр Атабиллаев.-Ҳәр бир панел 300 ватттан 600 ваттқа шекем 12 волт қуўатлылық пенен тәмийинлейди.  Қуяш панелинен ислеп шығарылған 600 ватт 12 волтлық қуўатлылық квартираның ишине орнатылған инвенторға (токты бөлистирип бериўши үскенеге) жеткерип бериледи, инвентор болса 12 волтлық қуўатлылықты 220 волт қуўатлылыққа айландырып береди.

Ислеп шығарылған 220 волт (600 ватт) токтан 10 ваттқа шекемги қуўатқа ийе 4-6 дана L3D электр жарытқышы, 1 дана телевизор, 1 дана музлатқыш және киши қуўатлылықтағы қурылмадан пайдаланыў ушын мөлшерленген. Улыўма пайдаланыў қуўаты 600 ватттан аспаслығы керек. Қуяш батареялары квартираларда тәбийғый электр энергиясына болған талаптың азайыўына, үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлениўге және дәраматтың үнемлениўине имканият жаратады.

-Бул үскенелердиң орнатылыўы халық ушын көп қолайлық жаратпақта,-дейди турғынлардан бири Зафар Атамуратов. -Әсиресе, электр энергиясынан үзилис болған ўақытта қуяш батареяларынан пайдаланамыз. Буннан турақ жай ийелери оғада қуўанышлы.

Бул жерде жасаўшы халықтың қайсы бири менен сөйлессекте, олар жаңа системаның абзаллығы туўралы айтып, бундай имканият жаратып берген Президентимизге өз миннетдаршылығын билдирди.

Ҳақыйқатында да, елимизде, әсиресе, аўыллық жерлерде бундай жойбарлардың әмелге асырылыўы экономикамыздың, жәмийетимиздиң ҳәм қоршаған орталықтың турақлылығына, ең баслысы, халықтың абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери