Елимиздиң ҳәр бир аймағында билимли жасларды анықлаў мақсетинде Президент мектеплери шөлкемлестирилген. Президент мектебинде жасларға анық пәнлер ҳәм шет-тиллерин тереңнен үйретиў менен бирге, олардың көркем өнер үлгилерин өзлестириўине де айрықша итибар қаратылған.

Нөкис қаласындағы  Президент мектеп оқыўшыларының көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў ҳәм оларда көнликпелерди пайда етиўде 2021-жыл Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы ҳәм Президент мектеби арасында меморандум дүзилген.

Бүгинги күнде Президент мектебинде драма ҳәм қуўыршақ театры дөгереклери жолға қойылған болып, филиал профессор-оқытыўшылары менен тығыз бирге ислесип келмекте.

Меморандум бойынша «Режиссура ҳәм актёрлық шеберлик» кафедрасы аға оқытыўшысы Н.Примбетова ҳәм Президент мектебиниң ана тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы Ҳ.Абдижаббаровалардың авторлығында «Мектепте куўыршақ театры» атамасында методикалық қолланба жаратылды.

Әлбетте, бул оқыўлық жаслардың көркем өнер сырларын тереңнен үйрениўинде хызмет етеди деп ойлаймыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги