Соңғы жыллары елимизде сырт ел жоқары окыў орынлары менен өз ара байланысларды жолға қойыў ҳәм академиялық тәжирийбе алмасыўға айрықша итибар каратылмақта. Усы жыл 6-декабрь күни М.Әўезов атындағы Қубла-Қазақстан университетиниң «Өнер» кафедрасы профессор-оқытыўшылары филиалда мийманда болды.

Дәслеп, филиал директоры А.Аяпов ҳәм мийманлардың қатнасыўында ушырасыў өткерилди. Ушырасыўда еки ел арасында дослық қатнасықлары беккемленип, илим-билимлендириў ҳәм көркем өнер тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыў бағдарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы атап өтилди.

Буннан соң, М.Әўезов атындағы Қубла-Қазақстан университети «Өнер» кафедрасы аға оқытыўшылары Б.Шикиртаев ҳәм Е.Жолдасовлар  «Драмалық театр режиссёрлығы», «Драмалық театр актёрлығы» ҳәм «Кино-телеоператорлық» тәлим бағдары 1-курс студент-жасларына шеберлик сабақларын өтти.

2019-жыл 14-майдағы еки тәреплеме келисилген меморандум бойынша бул тәжирийбе алмасыў илим-билимлендириў ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўда жаңа инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм өз-ара байланысларды беккемлеўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли болып табылады.

Мағлыўмат ушын атап өтиўимиз тийис, 2020-жыл филиалдан еки профессор-окытыўшы М.Әўезов атындағы Қубла-Қазақстан университетинде мастер-класс өтип қайтқан болса, 3 студент усы университетте шөлкемлестирилген академиялық тәжирийбе алмасыӯ бағдарламасына қатнасып қайтты. Сондай-ақ, 2019-жыл декабрь айында М.Әўезов атындағы Қазақстан мәмлекетлик университети «Өнер» кафедрасының профессор-оқытыўшылары да филиалда болған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги