Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 24-ноябрьдеги «Бажыхана ҳәкимшилигин жетилистириў ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, товар ҳәм транспорт қуралларына қарата бажыхана бақлаўы ҳәм рәсмийлестириўин әмелге асырыў процессинде «сары», «қызыл», «жасыл» ҳәм «көк» коридорларды қоллаўды нәзерде тутатуғын «қәўипти басқарыў системасы» әмелиятқа толық енгизилген еди.

Нәтийжеде, бүгинги күнде «әдетдеги» бажыхана бақлаўын өткериўден ўаз кешкен ҳалда, қәўип профиллери ямаса автоматикалық тәризде таңлаў тийкарында товар ҳәм транспорт қуралларының бажыхана бақлаўы жоқарыдағы коридорлардың бирине жиберилген ҳалда әмелге асырылып атыр.

Усы процесслер менен журналистлерди, блогерлерди ҳәм FХҚ ўәкиллерин тиккелей таныстырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының «Нөкис» сыртқы экономикалық байланыс бажыхана постында пресс-тур өткерилди.

Пресс-тур қатнасыўшылары бажыхана постының жумыс процеси, яғный, товар ҳәм транспорт қуралларына қарата әмелге асырылатуғын бажыхана операциялары менен жақыннан танысты.

Пресс-турда атап өтилгениндей, усы пост хызметкерлери тәрепинен 2021-жылдың 11 айы даўамында 4817 бажыхана жүк декларациялары  рәсмийлестирилген болса, өткен жылдың усы дәўиринде 4465 бажыхана жүк декларациялары  рәсмийлестирилген. Усы рәсмийлестирилген бажыхана жүк декларацияларының 1202си «жасыл», 2716сы «сары» ҳәм 899ы «қызыл» коридорларға туўра келеди. (2021-жылдың 11 айы даўамында 735 и «жасыл», 1745и «сары», 1985 и «қызыл»).

  • Бүгинги пресс-турдан гөзленген тийкарғы мақсет – соңғы жылларда бажыхана уйымларында әмелге асырылып атырған реформалар, жаңаланыўлар, өзгерислер нәтийжесинде исбилерменлик субъектлерине жаратылып атырған мүмкиншиликлер, қолайлықлар менен журналист, блогерди ҳәм FХҚ ўәкиллерин жақыннан таныстырыўдан ибарат. Информациялық-коммуникациялық технологияларды қоллаған ҳалда системаға енгизилген «санлы бажыхана»ның қәлиплесиўи, орынларда товар ҳәм транспорт қуралларына қарата бажыхана бақлаўы ҳәм рәсмийлестириўин әмелге асырыў процесслеринде инсан факторының кескин қысқарыўы арқалы коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўге хызмет етеди. Атап айтқанда, 2021-жыл басынан бүгинги күнге шекем коррупцияға қарсы гүресиў тараўында жеке қурам арасында, исбилерменлик субъектлери ҳәм хызметкерлердиң ата-аналары менен бир қатар жыйналыслар өткерилди.

Сондай-ақ, басқармада өткерилип атырған ашық түрдеги ҳәм қупыя тексериўлер бүгин өз нәтийжесин берип, тараў хызметкерлери өз хызмет ўазыйпаларын белгиленген тәртипте ҳадал ҳәм шын кеўилден орынлаўға ерисилип келинбекте,-дейди басқарманың Нөкис сыртқы экономикалық байланыс бажыхана посты аға инспекторы И.Әширбеков.

Соның менен бирге, усы пост хызметкерлери тәрепинен 2021-жылдың
11 айы даўамында мәмлекет бюджетине 104 млрд. сум муғдарында бажыхана төлемлери өндирилген.

Усы пост хызметкерлери тәрепинен есабат дәўиринде 53 жағдайда бажыхана нызамшылығының бузылыў жағдайлары анықланып, жәми 101 млн. сумлық товар материаллық байлықлар мәмлекет пайдасына өткерилген болса, анықланған ҳуқықбузарлық жағдайлары нәтийжесинде 9 млрд. 869 млн. сумлық қосымша бажыхана төлемлери есапланып, мәмлекет бюджетине өткерилиўи тәмийинленди.

  • Бизлер Ташкент қаласынан келдик. Мойнақ районына барып, Арал теңизинен жыйнап алынған артемия цисталарын Қытайға экспотқа шығарыў ушын таярладық. Ҳүжжетлеримиз «Нөкис» сыртқы экономикалық байланыс бажыхана посты, «қызыл» коридор арқалы өтти. Рәсмийлестириўде ҳеш қандай қыйыншылыққа ушырамадық. Нәтийжеде, қысқа мүддетте, жәми 51 тонналық, баҳасы 408 мың АҚШ долларлық өнимди экспортқа шығардық,-дейди «VISHE KRISHE TASHKENT» ЖШЖ ҚК директоры С.Расулов.

Пресс-турда қатнасыўшылар посттағы хызметкерлердиң жумыс процеси менен таныстырылып, ол жердеги хызмет ийетлеринен, техника жетискенликлеринен пайдаланыўы бойынша көргизбелерди тамашалады.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери