Нөкис қаласында Мәмлекетлик салық уйымлары хызметкерлери ҳәм кадастр тараўы хызметкерлеринен дүзилген 24 команда арасында «Закаўат» интеллектуал ойыны өткерилди.

Қатнасыўшылар ойын даўамында тарийх, географиялық атамалар ҳәм басқа да қызықлы бир қатар сораўларға жуўап берип, жеңимпазлар анықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының сайланды командасы биринши, Шоманай районы  мәмлекетлик салық инспекциясының командасы екинши, Кадастр агентлигиниң командасы үшинши орынды ийеледи.

– Усындай интеллектуаллық ойынларды өткериўден мақсет – ҳәр қыйлы тараўларда жумыс ислеп атырған қәнигелердиң, әсиресе, жаслардың тек өз тараўларына байланыслы емес, ал басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша билимелерин арттырыў болып есапланады. Ойын барысында салық тараўы хызметкерлериниң тараўға байланыслы билимлерине қосымша көплеген қызықлы сораўларға жуўап бериўи, олардың ҳәр тәреплеме билимлерге ийе екенлигин көрсетти,-дейди басқарма хызметкери Д.Айымбетова. – Ойынға салық тараўында жумыс ислеўши хызметкерлерден дүзилген 20 команда қатнасты ҳәм берилген сораўларға мүнәсип түрде жуўап берип барды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги