Шымбай районы «Гүжимли» мәкан пуқаралары жыйынының  жаңа имараты қысқа ўақыт ишинде қурылысшылар тәрепинен қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.

Үлги жойбарлар тийкарында қурылыс жумыслары алып барылған мәҳәлле имаратының ашылыў салтанатында Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов, район ҳәкими А.Тажетдинов, аймақ белсендилери ҳәм турғынлары, кексе нураныйларымыз тәрепинен жақсы нийетлер билдирилди.

Ашылыў салтанаты мүнәсибети менен Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен «Гүжимли» МПЖ ҳәм «Таза жол» АПЖ ларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде заман талапларына жуўап беретуғын компьютер топламы, сондай-ақ, октябрь айының дәслепки ҳәптеси «Кекселер ҳәптелиги» шеңберинде өткерилген илажларда белсендилик көрсеткенлиги ушын районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимине компьютер топламы салтанатлы түрде тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги