3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен орынларда жәрдемге мүтәж жалғыз баслы кекселер ҳәм майыплығы болған инсанларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде, олардың жағдайынан хабар алынып, оларға материаллық жәрдемлер көрсетиў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Депутатлар да сәне мүнәсибети менен өткерилип атырған илажларға қатнаспақта.

Кегейли районындағы «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынында жасайтуғын, I  топар майыплығы бар Рысгүл Қошанова да 2011-жылдан берли автоавария себепли майыплар арбашасынан пайдаланатуғын еди.

Сәне мүнәсибети менен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутаты Байрам Искендеров тийисли шөлкем ўәкиллери менен бирге Р.Қошанованың жағдайынан хабар алып, оған керекли дәри-дәрмақ ҳәм азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

Сәўбетлесиў өткерилип, оны қыйнап атырған машқалалар бойынша мүрәжатлери, пикир-усыныслары тыңланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги