Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасында 25-ноябрь – Халықаралық ҳаял-қызларға зорабанлық ислеўге қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Дөгерек сәўбетинде, соңғы жылларда елимиздеги ҳаял-қызларға қаратылып итибар, мәмлекет ҳәм жәмийетте олардың орны ҳәм қәдир-қымбаты, гендер теңлигин тәмийинлеў бағдарында исленип атырған жумыслар додаланды.

Басқарма баслығының орынбасары, ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Т.Қарлыбаева, усы мәселелерге байланыслы ҳәзирги жағдай, ҳаял-қызлардың қатнасыўында жүз берген ҳуқықбузарлықлар ҳәм оның алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар туўралы мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызларды басым өткериў ҳәм зорабанлықтан қорғаў ҳаққында»ғы нызамында көрсетилгениндей, ҳаял-қызлардың турмысы, денсаўлығы ушын пайда болған қәўип-қәтерлерди сапластырыў, оператив илажларды талап ететуғын жағдайларда олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жәбирлениўшиге басым өткерген ҳәм зорабанлық еткен шахстың қайтадан усындай нызамсыз ҳәрекетлерге жол қоймаўы ушын экономикалық, социаллық, ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик, психологиялық ҳәм басқа да кешиктирип болмайтуғын илажлар әмелге асырылмақта.

Быйылғы жылы усы күнге шекем республикамызда аўыр ҳәм жеңил түрдеги жынаятларға қол урған ҳаял-қызлардың саны 183 ке жеткен болса, соның ишинде, биреўин 18 жасқа толмаған, 63ин 30 жасқа шекемги ҳаял-қызлар қурамақта.

Сәне мүнәсибети менен, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен усы министрликте көп жыллардан берли хызмет етип киятырған бир қатар ҳаял-қызларға миннетдаршылық хатлары тапсырылды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги