АҚШтың Өзбекстандағы елшиханасы ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети арасындағы бирге ислесиў шеңберинде Америка ресурс орайы ашылды. Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры, профессор Ахмед Реймов ҳәм Халықаралық билимлендириў бойынша Америка кеңесиниң Өзбекстандағы директоры Уильям О´Рурк Мырза еки тәреплеме бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алды.
Ушырасыўға шет тиллер факультети «Аўдарма теориясы ҳәм әмелияты» кафедрасының профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери қатнасты.
Америка ресурс орайы студентлерге хақыйқый инглис тили орталығында билим ҳәм санасын кеңейтиў ушын әжайып имканият жаратады. Шет тиллер факультетиниң студентлери Университет басшылығы ҳәм орай шөлкемлестириўшилерине өзлериниң терең миннетдаршылығын билдирмекте.
Бекпулатова Дарья,
ҚМУдың 2-курс студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги