«Ташкент қаласында Италияның Пиза университетиниң филиалын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди, деп жазады xs.uz.
Пәрманға муўапық, Ташкентте Италияның Пиза университетиниң филиалы шөлкемлестирилди.
Филиалда геология бойынша жоқары маманлықтағы қәнигелер таярланады, геология тараўында илимий изертлеўлер алып барылады ҳәм олардың нәтийжелери әмелиятқа енгизиледи.
Филиалда оқыў 2022-2023- оқыў жылынан баслап күндизги бөлимде өзбек, инглис ҳәм рус тиллеринде шәртнама тийкарында алып барылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги