Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 24-ноябрь күни мийўе-овощ жетистириў ҳәм дийқан хожалықларын раўажландырыў илажларын додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимизде аўыл хожалығы кластер системасы тийкарында раўажландырылмақта. Пахта-тоқымашылық, ғәллешилик, мийўе-овощ жетистириў, жүзимгершилик кластерлери сапа ҳәм дәрамат жағынан избе-из өспекте.

Мийўе-овощ жетистириўде де көплеген кластерлер шөлкемлестирилген. Бирақ нәтийжели ағымдағы потенциал дәрежесинде емес. Мәселен, бул тармақта экспорт муғдарын ҳәзирги 1 миллиард 200 мың доллардан 5 миллиард долларға көбейтиў мүмкин екенлиги есап-санақ етилген. Соның ишинде, бүгинги күнде Асака, Ангор, Денов, Жамбай, Самарқанд, Алтыарық, Қува, Жоқары Шыршық, Янгиқорған районларындағы мийўе-овощ жетистириў класстерлери 20-25 миллион долларлық өним экспорт етпекте.

Мәжилисте бул бағдардағы имканиятлар ҳәм машқалалар, өнимдарлық ҳәм бәнтликти арттырыў илажлары додаланды.

– Алдын пахта жетистириўде тек шийки зат сататуғын едик. Котировка ең жақсы болған жылда дәрамат  1 миллиард доллар әтирапында болатуғын еди. Мине, ҳәзир пахтаны өзимизде қайта ислеп,  3 миллиард долларға шықтық. Бул тек ғана экспорттың көрсеткиши. Бул тараўда еле қанша жумыс орны, айлық, салық бар. Жумысты дурыс шөлкемлестирип, мийўе-овощ жетистириўде де усындай нәтийже ислеў мүмкин. «Аяғымыздың астында» имканият турыпты, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Сонлықтан мийўе-овощ жетистириў кластерлери, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер жетистириўди раўажландырыў, оларды қаржыландырыў, агрохызметлердиң көлемин кеңейтиў бойынша жаңа система енгизилетуғыны атап өтилди.

Усыған бола, усы жыл 1-декабрьден баслап, Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры тәрепинен мийўе-овощ жетистириўшилерди жеңилликли кредитлеў жолға қойылады. Оның ушын кластер, фермер ҳәм банк арасында үш тәреплеме шәртнама дүзиледи. Кредитлер бир жылға,  6 айлық жеңилликли дәўир менен, 14 процент ставкада ажыратылады.

Кластерлерге халықтан өним сатып алыўға айланыс қаржы ушын 12 айлық «револьвер» кредитлер де бериледи. Яғный, кластер қашан зәрүр болса, қаржы алады ҳәм процентин кредиттен пайдаланған дәўир ушын төлейди. Бул мақсетлер ушын улыўма 2 триллион сум бағдарланады.

Киши интенсив бағ, жүзимзар ҳәм мийўе-овощ жетистириўди раўажландырыў ушын 14 процентлик жеңилликли ставкада 100 миллион сумға шекем кепилликсиз кредит бериледи. Оған халықаралық финанс шөлкемлериниң 100 миллион доллар қаржысы қаратылады.

Және бир қоллаў-экспорт шәртнамасы болған мийўе-овощ өнимин қәўип-қәтерден қамсызландырыў қәрежетлериниң 50 проценти бюджеттен қаплап бериледи.

Жуўапкер министрликлерге усы системаны жолға қойыў бойынша көрсетпелер берилди.

Быйылғы жылдың 23-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мийўе-овощ жетистириў ҳәм жүзимгершиликте шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, аўыл хожалығы өнидирисинде дийқан хожалықларының үлесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул қарарда келеси жылы пахта ҳәм ғәлледен қысқартылатуғын 80 мың гектар жер халыққа дийқан хожалығын шөлкемлестириў ушын берилетуғыны белгиленди.

Бул майданлар ашық электрон таңлаў өткериў арқалы, 10 сотыхтан 1 гектарға шекем өлшемде, 10  жыл мүддетке ижараға бериледи.

Мәмлекетимиз басшысы бунда ажыратылатуғын жумыс орны ҳәм дийқаншылық тәжирийбеси тийкарғы норма болыўын, мүтәж халыққа айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Бундай хожалықлар ушын шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде 6 айлық жеңилликли дәўир менен 2 жылға шекем кредит те бериледи. Бирақ жерден ақылға урғас пайдаланылмаса, ижара шәртнамасы суд арқалы мүддетинен алдын бийкар етилиўи мүмкин.

Жуўапкерлерге бул тәртип тийкарында жетлерли ашық таңлаўға шығарыў, кадастр дизиминен өткериў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте қыйтақ жер хожалықларынан нәтийжели пайдаланыў мәселеси де тоқтап өтилди. Елимизде халықтың ықтыярында 500  мың гектар әтирапында қыйтақ жер бар. Оларда өним жетистириўге жәрдем бериў ушын келеси жылы 100 миллион доллар бағдарлаў режелестирилген. Бул қаржы шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы тийкарында, жеңилликли шәртлерде бериледи.

Қыйтақ жер хызмети кәрханаларына да 300 миллион сумға шекем кепилликсиз кредит бериледи. Нәтийжели ислеп атырған усындай кәрханалар негизинде тамарқа хызмети кластерлери шөлкемлестириледи. Оларда нәл жетистириў ыссыханасы, киши техника парки, суўытқыш қоймахана, кептириў, таңлаў ҳәм комплектлеў сыяқлы хызметлер жәмленеди.

Қыйтақ жерде жетистирген өнимлерди сатып алыў мақсетинде ҳәр бир районда кооперациялар шөлкемлестирилип, оларға субсидия бериледи.

Егинлерди суў менен тәмийинлеў де әҳмийетли мәселе. Сонлықтан суў барыўы қыйын қыйтақ жерлер ҳәм пайдаланыўдан шыққан майданларды суўғарыў қәрежетлериниң бир бөлегин бюджеттен қаплаў тәртиби 2026-жыл 1-январьға шекем созылатуғын болды.

Шаңарақта таўық, қоян ҳәм шарўа бағыў – тоқшылық дәреги. Бундай шаңарақта ең зәрүр күнделикли өнимлер бәрқулла болады. Сонлықтан мәжилисте үй қуслары нәсилшилигин раўажландырыў, ҳәр бир районда ветеринария хызмети ҳәм киши инкубаторлар шөлкемлестириў, от-жем жеткерип бериў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Районларда мийўе-овощ ҳәм жүзимгершиликти раўажландырыў бойынша жойбарлаў офислары шөлкемлестирилиўи белгиленди.

Мәжилисте додаланған мәселе бойынша Бас министрдиң орынбасарлары, тармақ ҳәм аймақ басшылары шығып сөйледи.

 

ӨзА