Нөкисте Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети, Европа Аўқамы ҳәм Халықаралық саўда орайы тәрепинен шөлкемлестирилген “Ready4Trade Central Asia (R4TCA)” жойбары шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлеринде регионлараралық ҳәм халықаралық саўданы раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша «Гендерлик машқалаларды инабатқа алған ҳалда саўда-сатық тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў» атамасында оқыў-семинар өткерилди.

Семинарға исбилермен ҳаял-қызлар ҳәм бажыхана басқармасында хызмет етип атырған ҳаял-қызлар қатнасты.

Семинарда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша басланғыш шөлкеминиң баслығы У.Пирмухамедова, Бажыхана институты аға оқытыўшысы Н.Ахмедова, жойбар мәсләҳәтшиси А.Азимов, «Исбилермен ҳаял» Өзбекстан исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы З.Қалиева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде гендерлик теңликти тәмийинлеўдиң нызамшылық ҳәм институционаллық тийкарларын беккемлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берди.

Атап өтилгениндей,  ҳәзирги глобалласыў дәўиринде мәмлекетлердиң раўажланыў дәрежесине баҳа бериўде гендерлик теңликти тәмийинлеў бағдарында ерисилип атырған нәтийжелерге айрықша итибар қаратылмақта.

Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған реформалар барысында усы бағдардағы әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўына қаратылған турақлы итибар инсан ҳуқықларын қорғаўда, ҳаял-қызлардың шаңарақтағы ҳәм жәмийеттеги белсендилигин арттырыўда өзиниң жақсы нәтийжесин бермекте.

Елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға қаратылған 24 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, атап айтқанда 2 нызам, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 6 пәрманы ҳәм қарарлары, Министрлер Кабинетиниң 16 қарары қабыл етилип, турмысқа енгизилди.

Бул бағдарда мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларында да бир қатар системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Семинарда регионлараралық ҳәм халықаралық саўданы раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаўда исбилермен ҳаял-қызлардың жумыслары атап өтилип, ҳаял-қызларға жеңилликлер жаратыў, гендерлик теңликти тәмийинлеў ҳәм басқа да семинарда атап өтилген машқалалар ҳәм көрилген мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Семинар қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги