Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Кегейли районлық бөлими тәрепинен өткерилген оператив илажда пуқара М.Б. пуқара Р.ның исенимине кирип, таныслары арқалы оны Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы системасына жумысқа киргизиў ушын 5 000 АҚШ долларын алған ўақтында усланған. Оның көрсетпелери бойынша даўам еткен илажда шериги А.Қ. 5 000 АҚШ долларын алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланған.

Департамент мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық) ҳәм 28-, 211-статьясы (пара бериў) тийкарында жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.