ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы аймақлық партия шөлкеминиң «Жаслар қанаты» бөлими тәрепинен «Исбилерменликке дәслепки қәдем!» сүрени астында жаслардың саяхаты шөлкемлестирилди.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң физика факультети студентлери партия белсендилери менен биргеликте саяхат даўамында «Нөкисэлектроаппарат» ЖШЖ қоспа кәрханасы менен танысты.

Бул саяхатты шөлкемлестириўден мақсет – жаслардың исбилерменлик бағдарындағы билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, исбилерменлик пенен шуғылланыўды ойлап жүрген жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў болып есапланады.

Кәрхана директорының өндирислик мәселелер бойынша орынбасары Ж.Джаббаров жасларға кәрхананың жумыслары, ислеп шығарып атырған өнимлериниң сапасы ҳәм қарыйдарбаплығы ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди.

Атап өтилгениндей, кәрхана жылына буйыртпа тийкарында үш мыңнан аслам толық  транспорт подстанциясын ислеп шығарады. Ҳәзирги ўақытта 200 ден аслам адам жумыс пенен тәмийинленген болса, олардың 80 проценттен асламын жаслар қурайды.

Сондай-ақ, мәмлекетимизде жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат, оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған илажлар, әсиресе, келешекте исбилермен боламан деген жасларға исбилерменлик жумысын баслаўда нелерге итибар қаратыў кереклиги, жас исбилерменлерге берилип атырған жеңилликлер ҳәм имканиятлар туўралы мағлыўматлар берилди.

Илажда студент-жаслар кәрханадағы жумыс процесслерин көрип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги