Бүгин пайтахтымызда өткерилген халықаралық әнжуман «Турақлы раўажландырыў мақсетлери ҳәи ресурсларын жумсаў ушын жаңа қураллар» темасына бағышланды.

БМШтың «Өзбекстанда комплексли миллий қаржыландырыў стратегиясын жаратыў» биргеликтеги жойбары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қаржы және Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрликлери менен биргеликте шөлкемлестирилген әнжуманда жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелери, жуўапкерлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Қаржы министриниң орынбасары Одилбек Исоқов, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары Илҳам Норқулов БМШРБның Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска ҳәм басқалар мәмлекеттеги машқалаларды шешиў ушын Турақлы раўажландырыў мақсетлерин әмелий қуралға айландырыў процесинде көрсеткишлер ҳәм мағлыўматлардың шешиўши әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Қаржы министриниң орынбасары Одилбек Исоқовтың атап өтиўинше, мектепке шекемги билимлендириў, денсаўлықты сақлаў системалары, сондай-ақ, халқымыздың абаданлығы ушын көрилип атырған барлық социаллық инфраструктура объектлери Турақлы раўажландырыў мақсетлери тийкарындағы жумыслар болып есапланады.

– Бүгинги мәжилисимиздиң тийкарғы бағдары Турақлы раўажландырыў мақсетлерине қаратылып атырған қаржылар ҳәм жойбарлар соның менен бирге усы қаржыларды тартыў ушын халықаралық облигациялар базары ҳаққында пикир жүргизиўге қаратылған, – деди Қаржы министриниң орынбасары Одилбек Исоқов. – Хабарыңыз бар, 2019-жыл февраль айынан берли Өзбекстан Республикасы халықаралық облигацияларды турақлы түрде шығарып, жайластырып ҳәм қаржыларды бюджет жетиспеўшилиги ушын пайдаланыўды жолға қойған. 2020-жылдан болса өзбек сумы, яғный миллий валютада халықаралық облигацияларды Лондонда жайластырып киятырмыз. Бирақ өзгешелиги сонда, сумда жайластырған облигацияларымызды турақлы раўажландырыў мақсетлери ушын жойбарларды қаржыландырыў, деп шығарып атырмыз. Бул дегени, халықаралық инвесторлар алдында биз өзимизге миннетлеме алып атырмыз. Яғный, Өзбекстанға алып келинип атырған ҳәр бир доллар бул Турақлы раўажландырыў мақсетлериниң жойбарларына жумсалады. Бундай жойбарлар биз ушын табыслы болды. Көплеген халықаралық инвесторлар елимиздеги реформаларда еркинлестириў, экономикалық өсиў, экономикалық турақлылық ҳәм бир қанша әҳмийетли индикаторларға исеним менен қарамақта. Өз гезегинде, олар Турақлы раўажландырыў мақсетлерине қаржылардың жумсалыўы ушын облигацияларды сатып алмақта. Қәнигелер биледи, ишки ҳәм сыртқы базарда облигацияларды шығарыў ҳәм инвесторларды тартыў аңсат емес. Сол себепли, облигациялар көбирек қаржы тартыў, ашық-айдын түрде қаржының жумсалыўы ҳәм оның нәтийжелилигин көрсетиў ушын хызмет етеди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан ҳүкимети Турақлы раўажландырыў мақсетлерине ерисиў мәселесине қатаң қатнаста болған. 2018-жылы 16 миллий ТРМ ҳәм оларға тийисли 125 ўазыйпа қабыл етилген.

Бул баслама БМШРБ тәрепинен халықаралық айрықша жағдай балалар қоры, пүткил жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми сыяқлы шөлкемлер менен биргеликте басқарылатуғын БМШтың «Өзбекстанда комплексли миллий қаржыландырыў стратегиясын жаратыў» биргеликтеги жойбары шеңберинде әмелге асырылмақта. Жойбар әмелдеги реформалардың раўажланыўға тәсирин имканият барынша арттырыў ушын Комплексли миллий қаржыландырыў стратегиясын жаратыўда жәрдем етиўге қаратылған.

Әнжуманда Өзбекстанның ТРМға ерисиў тараўындағы жетискенликлериниң қай дәрежеде ҳәм қосымша ресруслардың жумсалыўы бул процессти тезлестириўге қандай жәрдем бериўи мүмкин сыяқлы мәселелер додаланды.

Онда экспертлер мәмлекет ТРМ индекси рейтингинде нешинши орынды ийелегени және жасыл, турақлы ҳәм социаллық облигациялар глобал дәрежеде ТРМға ерисиўди қалай тезлестириўи бойынша мағлыўматларды усынды.

– Бүгинги әнжуман шөлкемлестириўшилериниң ҳәрекетлери ҳәм БМШРБ менен бирге ислескени ушын өз миннетдаршылығымды билдиремен, – деди БМШРБның Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска. – Бизиң ўазыйпаларымыздың бири мине усы Турақлы раўажландырыў мақсетлери бағдарлары болып есапланады. 2015-жылы Өзбекстан Республикасы дүньядағы бир қатар еллер менен биргеликте 2030-жылға шекем күн тәртибине өз режелерин қабыл етти. Ҳәм бул бойынша, бир қатар жумыслар орынланды. Турақлы раўажландырыў мақсетлерине ерисиў ҳәм алып барылып атырған социаллық-экономикалық сиясатты үнлес түрде жаратылыўы ҳаққындағы жумыслардан хабарымыз бар. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева да бир қатар бағдарларды айтып өтти. Әлбетте, алып барылып атырған жумыслар ҳәм ҳәрекетлер Өзбекстанның исенимли және жоқары дәрежедеги итибарынан дәрек. 2020-жылы биз БМШ Раўажланыў бағдарламасы шеңберинде Өзбекстанға раўажланыў ушын қаржыландырыў мүтәжликлери ҳәм бул жердеги бағдарларды баҳалаў ушын жумыс алып бардық. Таллаўымызға бола, ҳәр жылы 6 миллиард доллар муғдарында инвестиция зәрүрлиги бойынша жуўмаққа келинген. Оны Халықаралық валюта фонды тәрепинен алып барған таллаў да тастыйықлады. Олардың пикиринше қосымша түрде 4 миллиард доллар керек болатуғыны айтылды. Өткен ҳәптеде биз бул бағдарда пикир алысқан едик. Мине бүгин де тиккелей усы темада сөз болды. Өзбекстан дүньяда екинши мәмлекет болып, Турақлы раўажландырыў облигацияларын шөлкемлестирди ҳәм шығарды. Бул Өзбекстанның мақсетлери исенимли екенин көрсетпекте.

Әнжуманда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева онлайн шығып сөйледи.

 

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы