Илимлер Академиясының усынысына муўапық, Бухара қәнигелестирилген «Жайран» питомнигинен улыўма 17 бас түркмен қуланы «Судочье-Ақбеткей» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасының Судочье бөлимине алып келинди. Бул ҳаққында ҚР Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баспасөз хызмети хабар берди.

Еслетип өтемиз, алдын 13 бас түркмен қуланын «Сайгачий» комплексли (ландшафт) буйыртпа қорықханасының Жийдели бөлимине көшириў жумыслары әмелге асырылған еди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң бийлигине муўапық, Бухара қәнигелестирилген «Жайран» питомнигинен 175 бас түркмен қуланларын «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағы ҳәм «Сайгачий» комплексли (ландшафт) буйыртпа қорықханасына көшириў және усы сийрек гезлесетуғын ҳайўанлардың тарийхый ареаллары болған аймақларда олардың бас санын тиклеў бойынша тапсырмалар белгиленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.