Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў орайы республикамызда усы кеселликтиң профилактикасы ҳәм оған қарсы гүресиў менен шуғылланады. Орай ВИЧ инфекциясының ҳәм соған уқсас кеселликлердиң тарқалыўына жол қоймаў мақсетинде диагностикалық, профилактикалық илажлар алып барып, эпидемиялық кеселликлерге қарсы гүресип, емлеў илажларын әмелге асырады. Сойдай-ақ, иммунитет жетиспеўшилик вирусының интенсив жуғыўына тәсир етиўши факторлардың изертлениўлерине тийкарланған жағдайларды анализлейди.

Орай қәнигелери турақлы түрде жаңаланып туратуғын қәлиплескен мағлыўматлар базасына ийе болып, өзлериниң жумысларында сырт ел тәжирийбелерин ҳәм жетискенликлерин қолланып барады. Шыпакерлер адамлардағы иммунитет жетиспеўшилик вирусының тарқалыўына тосқынлық етиўши мәселелерди үйрениў мақсетинде турақлы түрде медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў курсларында тәжирийбе арттырып бармақта.

Мағлыўмат ушын: арттырылған иммунитет жетиспеўшилик синдромы вирус арқалы жуққаннан кейин әсте-ақырын раўажланады. Бир неше жыл даўамында, әдетте 2 жылдан 15 жылға шекем, адам өзиниң кесел екенлигин билмей жасаўы мүмкин.

Кеселлик жуқтырып алған пуқараларды өз ўақтында анықлаў ҳәм медициналық жәрдем көрсетиў – бул келешекте олардың денсаўлығын беккемлеў ҳәм жумысқа жарамлылығын сақлаўға хызмет етеди. Жеке  меншик клиникалар ҳәм орайлар лабораториялық изертлеўлерди төлемли әмелге асырса, Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў орайында аноним тапсырылған анализлер төлемсиз өткериледи. (Қосымша мағлыўматнама талап етилетуғын жағдайда пуллы хызмет көрсетиледи)

Вирустың организмге енгенлигиниң соңғы басқышы ҳәм усы дәўирге туўра келетуғын кеселликлердиң белгилери сезилгеннен кейин шыпакерлер жәрдем бере алмай қалыўы мүмкин. Сонлықтан, денсаўлығымызға итибарлы болайық.

 

Эльмира Гүлимбетова,

Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайының

аноним кабинети шыпакери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги